Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:21:46, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР — ШЕШИЎШИ КҮШ

«Бәршемизге жақсы мәлим, ўатансүйиўшилик ҳәр бир мәмлекет турмысының руўхый тийкары есапланады ҳәм жәмийетти ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша ең әҳмийетли мобилизациялаўшы күш сыпатында көзге тасланады».

Ш.МИРЗИЁЕВ.

Бүгинги күнде дүнья жеделлик пенен өзгерип бара­тырған, регионлар ҳәм мәмлекетлер арасында сиясий, экономикалық ҳәм идеологиялық гүреслер барған сайын кескинлесип атырған бир шараятта елимиз жасларын, соның ишинде армиядағы жас әўлад ўәкиллерин ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ислери биз ушын және де айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Солай екен, ана-журт тәғдири ушын жуўапкершилик сезимин беккемлеў, оларды өз кәсибине садық ҳәм ҳәр тәреплеме жетик кадрлар етип тәрбиялаў бойынша анық ис-илажлар режеси ислеп шығылып, билимлендириў мәкемелери, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде жәмлескен ҳәм жәмлеспеген жаслар ҳәм де миллий армиямыз қатарларындағы жас әўлад ўәкиллери менен әскерий-ўатансүйиўшилик бағдарындағы илажларды сис­темалы шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Жасларды әскерий-ўатан­сүйиўшилик руўхында тәр­биялаў ҳәм де Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери сис­темасындағы руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қабыл етилген концеп­цияларды әмелге асырыў шеңберинде ҳәр тәреплеме раўажланған, билимли, хал­қына, сондай-ақ, Ўатанға хызмет етиўге садық жасларды тәр­биялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, миллий қәдириятларға, халықлардың мәдениятына ҳәм өзлигине болған қәўиплер, жат идея­ларды сиңдириўге урыныўлар күшейип баратырған глобалласыў процесслери жедел раўажланып атырған шараятта жаслар ең әззи қатлам болып қалып атырғаны себепли бул бағдарда қосымша комп­лекс ис-илажлардың қабыл етилиўи әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып қалмақта.

Жоқары интеллектуал билимге, заманагөй пикирлеў ҳәм дүньяқарасқа ийе, елимиз мәплери менен суверенитетин пидайылық пенен қорғаўға таяр, ҳәр тәреплеме жетилискен, физикалық саламат ҳәм мәнаўий жетик жас әўладты тәр­биялаў системасын жаратыўға қаратылған мәмлекетлик сиясатты белсенди ҳәм избе-из әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде 2019-жыл 28-июнь күни Президентимиздиң «Жас өспиримлерди әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм де Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмет ушын кадрлар резервин таярлаў сис­темасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия қурамында принципиал жаңа «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейлери шөлкемлестирилди.

Жаңа «Темурбеклер мектеплери»ниң тийкарғы ўазыйпалары ­ халқымыздың даңқ­лы тарийхы ҳәм бай мәде­нияты, уллы бабаларымыздың, бәринен бурын Әмир Темурдың бийбаҳа мийрасы, Ўатан азатлығы ҳәм қаҳарманлығы тийкарында Өзбекстан хал­қына садық, белсенди пуқаралық позициясына ийе бол­ған оқыўшыларды тәрбиялаў, физикалық жақтан раўажланған, шыдамлы, мәрт ҳәм батыр Ўатан қорғаўшыларын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмет ушын кадрлар резервин қәлиплестириў мақсетинде республиканың жоқары, жоқары әскерий ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи ушын мүнәсип талабанларды таярлаўдан ибарат етип белгиленди.

Буннан тысқары, «Темурбеклер мектеби»н питкериўшилерге елимиздеги жоқары әскерий ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилетуғын тест сынақларында өзлери топлаған баллардың 30, республиканың басқа жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўде болса 15 проценти муғдарындағы қосымша баллар көринисинде жеңиллик ҳәм де әскерий академиялық лицейди жеңилликли диплом менен тамамлаған питкериўшилерге, қурамында «Темурбеклер мектеби» болған министрлик ҳәм ведомстволардың тийислилиги бойынша жоқары әскерий яки қәнигелестирилген оқыў орынларына тест сынақларысыз, әскерий-кәсиплик таңлап алыў илажларынан табыслы өтиў нәтийжелери бойынша кириў ҳуқықы берилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев усы жылдың 24-январь сәнесинде Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қойған екенбиз, буған тек жедел реформалар, илим-билимлендириў ҳәм инновация менен ерисе аламыз. Буның ушын, бәринен бурын, инталы реформашы болып ортаға шығатуғын, стратегиялық пикир жүргизетуғын, билимли ҳәм тәжирийбели жаңа әўлад кадр­ларын тәрбиялаўымыз зәрүр» деп атап өткени тосыннан емес.

Мүрәжатта Президентимиз елимиздеги түпкиликли өзгерислер, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты және де раўажландырыўды күн тәртибине қойып, жаслар менен ислесиўдиң нәтийжелилигин баҳалаў бойынша бирден-бир көрсеткишлер ислеп шығыў, жаслар сиясатын баҳалаўдың миллий индексин енгизиў кереклигин, Өзбекстан Жаслар аўқамы «Өзбекстан жаслары ­ 2025» концепциясын ислеп шығыўы, онда мәнаўий ҳәм физикалық бәркамал әўладты камалға келтириўдиң әмелий ис-илажларының белгилениўи зәрүрлигин билдирди.

Жасларды әскерий-ўатан­сүйиўшилик руўхында тәр­биялаўдан күтилип атырған нәтийже, бул ўатансүйиўшилик сезими жоқары, заманагөй билим, беккем ерк-ықрар ҳәм қатаң турмыслық позицияға ийе жаслардың жоқары билимлендириў, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи, миллий ар­мия­мыз қатарларында шәртнама бойынша әскерий хызметти өтеўи, мәмлекетлик уйымларда ҳәм исбилерменлик тараўларында жумыс ислеўине ерисиўден ибарат. Соның менен бирге, бул бағдарда алып барылған жумыслардың нәтийжесинде елимиздиң барлық тараўлары ушын ўатан­сүйиўши, өз кәсибине садық ҳәм ҳәр тәреплеме жетик кадр­лар резервин қәлиплестириў нәзерде тутылған.

Жуўмақластырып айтқанда, «Келешеги уллы мәмлекетти қурыўда жаслар шешиўши күш» деген қатаң принципке әмел етип, системалы жумысларды избе-из шөлкемлестирсек, бул жолда бар күш ҳәм имканиятларымыздан пайдалансақ, әлбетте, жоқары нәтийжелерге ерисетуғынымыз турған гәп.

Алишер ҚУРБАНОВ,

Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси, әдиллик майоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF