Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:14:42, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЗЛЕНИСЛЕР ИЗСИЗ  КЕТПЕЙДИ

Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ­ елимизде ҳаял-қызларға болған жоқары ҳүрмет, ғамқорлықтың айқын көриниси. Бул сыйлыққа жылдан-жылға қәбилетли, талантлы, талапшаң қызларымыз мүнәсип болмақта.

Быйыл усы мәмлекетлик сыйлық кимге несип етер екен, деп хал­қымыз үлкен толқынланыў менен күтти. 8-март ­ Халықаралық ҳаял-қызлар байрамында Журтбасшымыздың қолынан сыйлықты алыў пайтахтымыздағы абырайлы еки жоқары оқыў орнының әўметли, соның менен бирге, қәбилети менен танылған еки қызға несип етти.

Назокат Ибрагимова — Қарақалпақ мәм­лекетлик университети шет тиллер филология­сының инглис тили қәнигелиги магистранты. Ол өзиниң көплеген илимий мақалалары менен республикамыздағы ҳәм шет еллердеги илимий конференция, әнжуман­ларға қатнасып, қарақалпақ ҳаял-қызларының илимге болған жоқары талпынысын әмелде көрсетип келмекте. Бир неше жыллар алдын,  Стамбул қаласында халық­аралық симпозиумда «Шаңарақ ҳәм шаңарақ үрп-әдетлери» баянатын инглис тилинде таярлап, арнаўлы сертификат пенен сыйлықланды. Сондай-ақ, Россияның Тверь қаласында «Бес континенттиң ертеклери» атлы халық­аралық таңлаўында белсенди қатнасып қайтты. Ташкентте кореец тилинде өткерилген таңлаўларда Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Оның инглис, рус, кореец тиллерин жетик дәрежеде үйренип, заман менен тең қәдем таслаўы бүгинги күн жасларына ибрат етип көрсетиўге арзырлы. Сол қатары илим-билимге деген жоқары талпыныс нәтийжесинде Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендияны қолға киргизди. Назокат илимий жумыслар үстинде устазлары менен еле де тынымсыз изленбекте. Ҳәзирги ўақытта илимий басшысы Л.Ахмедова менен биргеликте шет тиллерин оқытыў методикасы бо­йынша илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта. Оның усындай салмақлы табысларға ерисиўинде шаңарақтағы орталық ҳәм устазы Л.Хванның да мийнетлери,  үгит-нәсиятлары айрықша болды.

— Усы оқыў орнына кирген дәўирден баслап, илимий мақалалар жазыўға, тил үйрениўге қатты ықлас қойдым. Инглис тилин терең үйрениўде тек китаплар оқыў менен шекленип қалмастан, сол тилде сөйлесиў ушын орталық жаратыў керек, деп ойлайман. Өзим тил мәселеси бойынша мақалалар жазыў, таллаў, аўдарыў ислерин әллеқашан күнделикли жумысыма айландырғанман. Адам ана тилиндеги киби шет тилинде ойлаўды басламағанша белгили нәтийжеге ерисиўи қыйын. Тил үйрениў де өзине тән сәният. Себеби тил тийкарғы байланыс қуралы. Биз мәмлекетимизди дүньяға танытыўды, раўажландырыўды қәлер екенбиз, бул ушын шет тиллерин жетик меңгериўимиз керек. Келешекте өзиме көрсетилген исенимди ақлаў ушын бар күш-жигеримди аямайман. Президентимиз қолынан сыйлықты қабыл етиў мен ҳәм шаңарағым, устазларым ушын үлкен қуўаныш болды. Сол қатары маған үлкен жуўапкершилик жүкледи, - дейди ол.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдары бойынша оқып атырған Динара Нуратдинова бәр­шемизге телеэкран арқалы жақсы таныс. Кишкенелигинен сахна оның ушын екинши үйине айланған. Бул талапшаң қыз, изленис изсиз кетпеслигин өз талпыныслары менен дәлиллеп, бүгин жақынларының мақтанышы, халқының үмитине айланды. Ол көркем өнердиң бирнеше түрлери, яғный, аяқ-ойын, шыңқобыз шертиў, қосық айтыў, қуўыршақ театрда рольлер атқарыўды үйренди. Динараның қолға киргизген жетискенликлери де талай ғана. Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде оқып жүргенде устазы Оралбай Өтәм­бетовтың мийнетлери арқасында дуўтар шертиўге ықласы және де бәлентледи. Қазақстан Республикасы Астана қаласында өткерилген  «Уллы дала ели» халық­аралық дәстан ат­қарыўшылар фестивалында арнаўлы диплом менен сыйлықланды. Өткен жылы Польша мәмлекетиниң Лодзь қаласында болып өткен  «Алтын қайық» халықаралық таңлаўында «Ашық-Нәжеп» дәстанын атқар­ғанда пүткил қатнасыўшылар оның сыңғырлаған ҳаўазына таңланып, «қарақалпақлар ҳақыйқатында да саҳра бүлбиллери» екенлигине тән берген еди. Нәтийжеде Динара бас сыйлық — Гран-приди жеңип алды. Ол Түркия, Қазақстан, Түркменстан мәмлекетлериниң қалаларында халықаралық таңлаўдың бақсышылық тараўында сыйлықлы орынларды қолға киргизди. Сондай-ақ, оның «Халық қосықларын атқарыўда студент-жаслардың тут­қан орны» атлы китабы жарық көрди. Китапта қарақалпақ халқының белгили бақсы-жыраўлары жырлаған дәстанларын атқарған студент-жаслар ҳаққында жақсы мағлыўматлар келтирилген. Бүгинги күнде жоқары оқыў орнындағы устазы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Айгүл Надырова менен бирге ислеспекте. 

— Бундай жетискенликке ерисиўимде устазларымнан тысқары, анам, әжағамның мийнетлери де айрықша, дейди ол. — Анам шыпакер болыўына қарамастан, көркем өнер шайдасы, бизлерди ҳәмийше қоллап-қуўатлайды. Устазларым да сахна — илаҳый орын, оған ҳеш қашан қыянет етпеў керек, деп нәсиятлайды. Бул таңлаған жолым қаншелли машақатлы болса да  ҳасла мийнеттен қашпайман, маған көрсетилген жоқары исенимди жоқары дәрежеде ақлаўға ҳәрекет етемен.

Мәмлекетлик сыйлыққа мүнәсип болған қызларымызды ерискен табыслары менен қызғын қутлықлап, оларға буннан да бәлент пәрўазлар тилеймиз.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ:  Н.Ибрагимова устазы менен, Д.Ну­­рат­динова.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF