Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:34:54, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НУРЗАДА БӘРШЕДЕН АЛЫҚ

Ўатанды сүйиў ҳәм қорғаў жолында  пидайылық көрсетиўде ҳаял-қызларымыз жигитлерден қалыспайды. Себеби, олар Тумаристей мәрт, батыр болыўға тырысады.

Жақында, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети системасында  жумыс ислеп атырған  әскерий ҳаял-қызлар арасында «Тумарис әўладлары» таңлаўы өткерилди.

Таңлаў 8-март — Ха­лық­аралық ҳаял-қызлар күнине бағышлап  өткерилип, онда миллий қәдириятларымыз, үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў, жәми­йетимиздиң тийкарғы негизи болған шаңарақ қорғанын қорғаў ҳәм де  әскерий ҳаял-қызлардың қәбилетлерин  жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Таңлаўдан  гөзленген мақсет — қәўипсизлик тараўында  хызмет етип атыр­ған талантлы, зийрек, әскерий таярлығы жоқары болған ҳаял-қызларды таңлап алыўға қаратыл­ған.

Еки басқыштан ибарат таңлаўда қатнасыўшылар 12 шәрт бойынша беллести.  Онда  қатнасыўшылардың уқыплылығы,  физикалық жақтан епшиллиги де сынақтан өткерилди.

Қуўанарлысы,  бул сынақларда қарсыласларынан әдеўир басым келген Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара  әскерлери Нөкис қаласындағы бөлиминиң әскерий хызметкери  Нурзада Утенова  Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпазлықты  қолға киргизди.

Жеңимпазлар арнаўлы диплом, баҳалы саў­ғалар ҳәм де кәсиплик хызметинде, перзентлери тәрбия­сында керекли болатуғын китаплар менен  сыйлықланды.

 

С.ТИЛЛАЕВ,

әскерий хызметкер.

СҮЎРЕТТЕ: жеңимпазларды сыйлықлаў пайытынан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF