Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:00:27, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АНАСАЙ»  МАГИСТРАЛ КАНАЛЫН  РЕКОНСТРУКЦИЯЛАЎ ЖУМЫСЛАРЫ  ҚЫЗҒЫН

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 4-октябрьдеги ЭДО-02-11-69-санлы мәжилиси баянламасына муўапық, Нөкис районындағы «Анасай» магистрал каналын реконструкциялаў жумыслары Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған техникалық тапсырма тийкарында «УзГИП» ЖШЖ жойбарлаў институтының Қарақалпақстан филиалы тәрепинен ислеп шығылып, 2018-жыл 20-февральда экспертиза жуўмақлары алынды.

Нөкис районындағы «Анасай» магистрал каналын реконструкциялаў жумыслары 2018-жылдан бүгинги күнге шекем «Бунёдкор мерос» ЖШЖниң қурылысшылары тәрепинен алып барылмақта. Узынлығы 13 километр 600 метр болған «бул каналды реконструкциялаў жумысларының қурылыс мүддети 38 ай етип белгиленген, оның басланғыш баҳасы 24280,431 млн. сум. «Бунёдкор мерос» ЖШЖниң қурылысшылары тәрепинен 2018-жылы 391,565 млн. сумлық, 2019-жылы 3,326 километрге 4150,211 млн. сумлық қурылыс ислери орынланды. Ал, быйыл­ғы жылы болса, 2,5 километрди реконструкциялаў ушын 4052,633 млн. сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнге шекем соның 2 километри реконс­трук­ция­ланып, 2416,4 млн. сумлық қурылыс ислери орынлан­ған.

Биз жақында усы қурылыстың басында болып, қурылысшыларға ҳармасын айтып, жумыслары менен жақыннан таныстық. «Бунёдкор мерос» ЖШЖниң баслығы Қ.Йулдашев биз бенен сәўбетте төмендегилерди айтып берди:

­ Түп сағасы Нөкис қаласы «Қызкеткен» елатындағы тарнаўдан басланатуғын «Анасай» магистрал каналының аяғы Нөкис, Кегейли ҳәм Бозатаў районларына барып тиреледи. Усы канал халқымыздың ағын суўға болған талабын қанаатландырып киятырған еди. Деген менен, көп жыллардан берли каналға ири оңлаў жумыслары жүргизилмей, ултаны қайыр теўип, сайыз болып қалды. Еки жағасы болса ўақыт өтиўи менен кеңейип кетти. Бул болса, ағын суўдың халқымыз­ға, егислик жерлерге өз ўақтында тез ҳәм бир тегис жетип барыўында бир қатар машқалаларды пайда еткенин жасырыўдың кереги жоқ. Сонлықтан да, 2018-жылдан берли каналды реконструкциялаў жумыслары қолға алынды ҳәм исленип атыр. Енди тийкарғы жумысларымызға келсек, узынлығы 13 километр 600 метр болған «Анасай» магис­трал каналының ултанын экскаваторлар жәрдеминде қазып, енин стан­дартқа сай (30 метр етип) қысқартып атырмыз. Ал, еки қапталындағы 30 метрден зыят жерлерин жүк тасыў автомашиналары жәрдеминде боз топырақ пенен көмип, көмилген жерлерди бульдозерлер менен тегислеп, үстин 16 тонналық катоклар жәрдеминде нығызлаў жумыслары алып барылмақта.

Объектте бүгинги күнде 20 экскаватор, 8 бульдозер, 16 тонналық еки каток, 5 тонналық еки автопогрузчик, 11 жүк тасыў автомашиналары ҳәм 50ден аслам жумысшылар өнимли мийнет етпекте. Олардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.Экскаватор­шыларданF  Ф.Бабаниязов, М.Раманов, Ж.Оразбаев, бульдозершилерденF  Б.Қош­қаров, А.Муминов, Қ.Раманов, жүк тасыў автомашинасы басқа­рыў­шы­ларынанF Б.Данияров, А.Ҳам­раев ҳәм Х.Беглиевлер қызғын мийнет ислеп, көпшиликке үлги болмақта...  

Бүгинги күнге шекем «Анасай» магистрал каналының 7 километрден аслам бөлегин реконструкциялаў жумыслары жуўмақланды. Ал, қалған 6 километр 600 метр бөлегиниң реконструкция жумысларын келеси жылдың ақырына шекем толық жуўмақлаў режелестирилген.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: «Анасай» магистрал каналын реконструкциялаў жумыслары барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF