Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:35:00, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ ҲӘМ 1924-ЖЫЛҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ АВТОНОМИЯСЫ: ДӘЎИРЛЕР АСА БИР НӘЗЕР

Мәмлекетимиздиң көп әсирлик тарийхынан дәрек бериўши кең қатламлы үрп-әдет ҳәм дәстүрлер Қарақалпақстан халқының өзине тән раўажланыў жолын басып өткени ҳаққында гүўалық береди.

Ғәрезсизлик жылларында усындай уллы, бийбаҳа мийрасларымыздың көпшилик бөлеги қайта тикленип, халқымыздың еркинлиги ҳәм ғәрезсизлиги ушын өз өмирин бағыш еткен инсанлардың исмлерин яд етиў ийгиликли дәстүрге айланып үлгерди.

Қарақалпақстан тарийхында терең из қалдырған көрнекли шахслардың бири Аллаяр Досназаров болып табылады (1896-1937-жж.). Елимиз тәғдиринде бурылыс жасаған бул мәмлекетлик ғайраткердиң өмири ҳәм алып барған жумыслары туўралы әдеўир мийнетлер жазылған, деген менен, оның өмирбаянын да еле толық үйренилмеген бетлер де ушырасады. Аллаяр Досназаров 1896-жылы Әмиўдәрья бөлиминиң Шымбай уездине қараслы Көкөзек волостының Тербенбес деген жеринде (ҳәзирги — Қараөзек районының аймағы) дүньяға келген. 

Ол жаслайынан-ақ турмыстың аўыр қыйыншылықларын басынан өткереди,  жалланба исши болады. Аллаяр Досназаров көп балалы шаңарақтан шыққан, жетерли саўат ала алмаған жигит туўған аўылынан узақ жерлерге талап излеп кетеди: Петро-Александровск (ҳәзирги Төрткүл) ҳәм Хийўада жумыс ислеп жүрип, өзиниң дүньяқарасын кеңейтеди, турмыс тәжирийбесин топлайды, жәмийетлик раўажланыўдың сүренли қуйынларына араласады.

Аллаяр Досназаров XX әсирдиң биринши ярымындағы мәмлекетлик- сиясий искерлер арасында қарақалпақ халқынан шыққан дәслепки миллий ўәкиллериниң бири. Әпиўайы аўыллық жерде туўылып-өскен Аллаяр қыйын балалықты ҳәм өспиримликти басынан кеширди, лекин өзиниң мийнет сүйгишлиги, сабыр-тақатлылығы ҳәм тәбийий таланты арқалы ҳәр қандай қыйыншылықты да жеңип өтиўге умтылды.

Әдалатқа ҳәм теңликке умтылыў ҳәр бир халық, ҳәр бир миллетке тән қәси­йет. 1920-жылдың басларында пүткил Түркистандағы сыяқлы, Қарақалпақстанда қыйын жағдай жүзеге келген бир ўақытта Аллаяр Досназаров өзиниң оқыўын таслап, туўған жерине қайтып келеди ҳәм изден шыққан халық хожалығын қайта тиклеўге қатнасады. Бул дәўирде қарақалпақлар журты жасалма тәризде екиге бөлинген еди. 1924-жылы Орта Азияда миллий-аймақлық шегаралаў сиясаты басланған ўақытта А.Досназаров бириншилерден болып қарақалпақ халқына миллий автономия берилиўи зәрүр екенлиги ҳаққындағы мәселени көтерип шығады. Оның Қарақалпақстан тарийхындағы қәдири ҳәм әҳмийети де әйне усыннан ибарат. Оның өзи ҳәм заманласларының тәғдири жүдә аўыр болды, олар куўғынға ушырады, айыпсыз қамаққа алынды, сиясий қуўдалаўлардың қурбаны болды, лекин биз сол ўақыттағы тоталитар система дәўиринде қурбан болған инсанлардың атын ҳүрмет пенен еслеймиз.  

Қарақалпақ халқының садық перзенти сыпатында ол өз халқын совет ҳүкиметиниң идеяларында өз сәўлесин тапқан колониал режимниң жәбир-зулымлықларынан азат етиў жолларын изледи. 1918-1921-жыллары Биринши Түркистан армиясының 3- ҳәм 4-полк­ларының кавалериялық эскадрон қурамында қарақалпақ аўылларына шабыўыл жасап турған Жөнейтхан басшылығындағы яўмытларға қарсы әскерий операцияларға қатнасады. Аллаяр Досназаровтың жәмийетлик-сиясий искерлиги 1921-жылдың орталарына туўра келеди, яғный оның мәмлекет алдындағы сиясий хызмети Түркистан КП 6 үлке съездине делегат болып сайланыўынан басланады. Сол жылдың өзинде А.Досназаров Шығыс халықларының коммунистлик Университетине оқыўға атланады. Бирақ бир жылдан кейин оны Қоңырат­қа партия жумысына жибереди. 1923-жылы болса Әмиўдәрья комитетине өтеди. 1924-жылы А.Досназаров Әмиўдәрья областлық партия комитети қадағалаў комиссиясының баслығы болады.

А.Досназаровтың жәмийетлик-сиясий искер сыпатындағы шөлкемлестириўшилик таланты 1924-жылғы Орта Азиядағы Миллий мәмлекетлик шегаралаў дәўиринде көзге тасланады: әйне оның ис-ҳәрекетиниң нәтийжесинде бирден-бир миллий административлик аймақлық дүзилме — Қарақалпақ автономиялық областы дүзилди, әйне оның күш-ғайраты нәтийжесинде жаңа жәмийетлик-сиясий шараятларда Қарақалпақ мәмлекетшилигиниң тиклениўине тийкар жаратылды. 41 жыл жасап өткен А.Досназаров Қарақалпақстан тарийхында өшпес из қалдырды. Оның өмиринен бир эпизод — қарақалпақ халқы ушын автономияны алыўдағы роли ҳәм әҳмийети — ҳәр тәреплеме ҳәм терең изерт­леўди талап етеди.

Орайлық Азия халықлары тарийхында миллий мәмлекетлик шегаралаў сиясаты бүгинги күндеги мәмлекетлик аймақлардың пайда болыўына үлкен тәсир жасады. Усы сиясат нәтийжесинде дүньяның сиясий картасында Өзбекстан, Түркменстан, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Қарақалпақстан сыяқлы республикалар пайда болды.

Егер де бул тарийхий ҳәдийсени кеңирек алып қарайтуғын болсақ, 1924-жылы 10-март­та Түркистан КП Орайлық комитетиниң, РКП (б) Орта Азия бюросының ҳәм Түркистан Орайлық Атқарыў Комитети Президиумы мәжилисиниң күн тәртибинде «Түркистанның миллий аймақлық шегараланыўы ҳаққында»ғы мәселе қаралады. Кейинирек, 1924-жылы 5-апрельде большевиклердиң Россия коммунистлик партиясы Орайлық комитети сиясий бюросының дәслепки мәжилисинде Орта Азия­ның миллий шегараланыўы ҳаққындағы Орта Азия бюросының усынысы қарап шығылады. 1924-жылы 12-июньдеги шешимге муўапық дүзилип атырған республикалардың шөлкемлестирилиўи бойынша ўазыйпа Орта Азия бюросына тапсырылады. 1924-жылы июнь айының орталарында радиодан Түркистан большевиклери КП Орайлық Комитетиниң жуўаплы хаткери И.М.Варейкистиң Ташкенттен хабары еситтириледи. Ол Орта Азияда миллий мәмлекетлик қурылыстың кеңейиўи миллий шегаралаўдың зәрүрлигин келтирип шығар­ғанлығын хабарлайды, яғный Түркистан, Бухара ҳәм Хорезм аймағында Өзбекстан, Түркменстан, Қырғызстан (ҳәзирги Қазақстан — авт.) республикаларының дүзилиўи кереклигин айтады. Бул жерде Қазақстан РСФСР қурамындағы автоном совет социалистлик республикасы сыпатында дүзилгенлигин ҳәм соның менен биргеликте Қарақырғыз (ҳәзирги Қырғызстан — авт.) ҳәм Тәжик автоном областларының дүзилгенлигин айрықша атап өтиў зәрүр.

Миллий шегараланыў идеясын кең түрде үгит-нәсиятлаў ҳәм ен жайдырыў ушын, сондай-ақ, жаңа мәмлекетлик дүзилмени додалаў ҳәм ислеп шығарыўға кең халық массасын тартыў мақсетинде Орта Азия бюросы милий шегараланыўдың улыўма тезислерин барлық партия жыйналысларында талқылаўды усыныс етеди. Бул жерде дықкат қаратыўымыз керек болған нәрсе соннан ибарат, «кең халық массасы» дегенде «партия жыйналысларына» белсене қатнасыўшылар нәзерде тутыл­ған. Партиялық додалаўлар кампа­ниясын дәрҳал баслап, 25-август­қа шекем тамамлаў зәрүр еди. Соның менен бирге, 1-сентябрьге шекем жоқарыдағы барлық талқылаўлардың жуўмақлары шығарылып, партияның областлық комитетлериниң Пленумлары шақырылыўы тийис еди.

Бул жерде миллий шегараланыў мәселелерин қойыў тәртиби көрип шығылды ҳәм төмендеги ўазыйпалар тастыйықланды:

«1. Миллий шегараланыў менен байланыслы болған барлық мәселелер Оргбюроның дәслепки талқылаўына қойылыўы керек, соң оларды РКП (б) Орайлық Комитетиниң сиясий бюросының додаланыўына өткериў зәрүр.

  1. Базы мәселелердиң дизимин таярлаўды РКП (б) ның Орта Азия бюросына тапсырыў керек, соның менен бир ўақытта басшылардың өз жуўапкершилиги астында барлық миллий комиссияларға усы жылдың 1-октябринде саат 10 ға шекем Орайлық Азия бюросына РКП (б) Орайлық Комитети Оргбюросына усынылыўы керек болған тийкарғы мәселелердиң дизимин усыныўы шәрт».

Бул ўақытта Ташкент қаласында жүрген А.Досназаров барлық жүз берип атырған ҳәдийселердиң орайында болып, Әмиўдәрья областы басшыларының болып атырғын ўақыяларға мүнәсибетин күтип отырмастан, Қарақалпақ автоном областын дүзиў процесине белсене кирисип кетеди. Август айының орталарына келип бул мәселе Түркистанның  шегараланыўы бо­йынша миллий комиссияның жыйналысларында, ҳәкимияттың орайлық органларында қызғын додалана баслайды. Бары-жоғы еки айдан көбирек ўақыт ишинде Қарақалпақ мәмлекетшилиги ҳаққындағы мәселе шешиледи. Лекин қандай таласлы, тартыслы айлар болды дейсиз! Буны да толығырақ айтып өтиўге туўра келеди.

А.Досназаров Әмиўдәрья областының қарақалпақлары атынан Орта Азия бюросына баянат жазады: «Әмиўдәрья областында 6 жылдан бери совет-партия ҳүкимети ис жүргизбекте. Мениң биринши миннетим — Әмиў­дәрья областындағы халықтың арасында мәдений-ағартыўшылық ислериниң төмен екенлигин айтып өтиўим зәрүр. Түркистан республикасы бүгинги күнге шекем бул жағдайға айрықша дыққат аўдармады ҳәм сол себепли Әмиўдәрья областында жасаўшы қарақалпақ халқы ҳәзирге дейин қоңсы халықлардың жағдайы менен салыс­тырғанда жәбирленген ҳәм  қалақ аўҳалда қалмақта...

Жоқарыдағы көрсетилген кемшиликлерге сизиң дыққатыңызды қаратқан ҳалда, Орта Азия бюросынан Әмиўдәрья областы ушын, әсиресе, жергиликли қарақалпақ халқы ушын төмендеги илажларды әмелге асырыўды өтиниш етемен. Қарақалпақ автоном областын дүзиў зәрүр».

А.Досназаров өз баянатының басында қарақалпақлар ушын автономия дүзиў ҳаққында өтиниш пенен мүрәжат еткен болса, баянат соңында буны талап етеди ҳәм былай деп жазады: «Ҳәзирги ўақытта миллий белгилерине көре Орта Азия республикаларының шегараланыўына байланыслы қарақалпақ халқы да Орта Азияның басқа халықлары қатарында автоно­миялық ҳуқықты талап етеди».

Бул процесстеги кейинги қәдем Орта Азия республикаларының ҳәм автономиялы областларының миллий шегараланыўы бойынша аймақлық комиссияның 1924-жылы 16-августтағы Пленумы болды. Онда қарақалпақ мәселеси бойынша киши комиссияның қурамы сайланды ҳәм оған А.Досназаров комиссия хаткери сыпатында кирди. Усы киши комиссияның биринши жыйналысы 1924-жылы 19-августта шөлкемлестирилди. Жыйналыста А.Досназаров «Өз алдына Қарақалпақ автоном областын ажыратыў ҳаққында» атлы тийкарғы баянат пенен шығып сөйлейди. Соң оның баянаты тийкарында төмендеги бир неше қарарлар қабыл етиледи: «Әмиўдәрья областында жасаўшы халықтың басым көпшилиги қарақалпақлар екенлигин итибарға ала отырып, 1921-жылы Хорезм республикасына тийисли болған Қоңырат қаласын ҳәм Хожели областын қосып алыў шәрти менен автоном областын дүзиў керек.

Төрткүл, Шейх-аббаз ҳәм Шорахан районлары бойынша жүзеге келген тартыслы мәселелер ашық қалдырылсын, жойбар ҳәм картаны ислеп шығыў ушын керекли техникалық күш табыў А.Досназаровқа тапсырылсын.

Жыйналыс баслығы-Калугин

Хаткер-Досназаров».

1924-жылы 21-августта Орта Азия бюросы Пленумының нәўбеттеги жыйналысы болып өтеди. Бул ўақытта Қарақалпақ областының шегарасы ҳаққындағы мәселе еле шешилмеген еди. Шегаралар тастыйықланғаннан соң ғана қарақалпақлар аймағын автоном область сыпатында жаңадан пайда болған республикалардан қайсысының қурамына өткериў кереклиги туўралы мәселени шешиў зәрүр еди. Сол жылы 25-августта Түркистан КП Әмиўдәрья областлық-қалалық комитети атқарыў бюросының мәжилисинде «Миллий шегараланыў мәселеси бойынша комиссия қурамына киргени ҳаққында мәлимлеген жолдас Досназаров ҳаққында»ғы мәселе қаралады. Усы мәлимлеме тийкарында төмендеги шешим қабылланады: «шегараланыў мәселеси бойынша комиссия қурамына киргени ҳаққындағы А.Досназаровтың өзинен алынған бир қатар телеграммаларға байланыслы, бундай әҳмийетли  мәселе бойынша комиссияға Досназаровтың ағза сыпатында кириўине қатаң қарсылық көрсете отырып, Түркистан КП Орайлық Комитетине телеграф хабары жиберилсин, оның үстине қарақалпақлар А.Досназаровты өзиниң ўәкили сыпатында тән алмайды».  Бул ҳүжжетти Напесов, Сидоренко ҳәм Воробьев имзалаған.

Бул ҳүжжеттен кейин Төрткүлден Ташкентке, қырғыз (қазақ) ўәкилханасындағы А.Досназаровқа жасырын телеграмма жибериледи. Бул телеграммада төмендегилер айтылған еди: «... Шымбай халқының жарлы қатламы сизге ҳәм Бекимбетовке исенеди, өзиңиздиң биринши ўәдеңизде қатаң турың ҳәм оны әлбетте, әмелге асырың. Областлық атқарыў комитети Президиумы ағзасы Қурбанаев, қарақалпақ Беканов». Усы бир ғана мысалдың өзи де А.Досназаровтың қандай ишки сиясий қарама-қарсылықларды басынан кеширгенлигин айқын көрсетеди.

Зеленскийдиң басшылығында 1924-жылы 6-сентябрь күни саат 11 ден 20 минут өткен ўақытта Орта Азияның миллий шегаралаў бойынша аймақлық комиссияның жыйналысы ашылады. Онда Калугинниң баянаты ҳәм Досназаровтың «Қарақалпақ автоном областы ҳаққында» атлы қосымша баянаты тыңланады. Бул баянат жыйналыста қызғын тартысты келтирип шығарады. Жыйналыс даўамында А.Досназаров сораўларға жуўап бериў ушын ҳәм қойылған мәселе бойынша өзиниң пикирин дәлиллеў мақсетинде 5 мәрте шығып сөйлеўге мәжбүр болады.

Ол өзиниң баянатында төмендегилерди айтады: «Қарақалпақлар ҳеш кимге белгисиз еди, ал, енди олар белгили болды, егер де олар ҳуқық ҳәм мәмлекетшиликке ийе болса, миннетдар болған болар еди». Баянат соңында былай дейди: «Миллий шегаралаў ҳәммени миллетшил етип қойды, усыдан келип шыққан ҳалда миллий бөлшеклениўдиң болыўы сөзсиз».

А.Досназаров нәўбеттеги шығып сөйлеўлердиң биринде: «Егер де мен келмегенимде, әлбетте, бул жерде бирде-бир хызметкер болмаған ҳәм Қарақалпақ автоном областы ҳаққында улыўма сөз етилмеген болар еди. Егер не айтылғанлығын ядқа алатуғын болсақ, қарақалпақлар автономияны алыўы керек, итимал, автономия алады, себеби, олар (қарақалпақлар) бул жерде жасап атыр, ал, миллий шегаралаў олардың ҳуқықларын кеңейтеди. Қарақалпақлар автономияны инам сыпатында қабыл етпейди — интернационал сиясат Қарақалпақ автономия­сы дүзилиўи кереклигин көрсетип тур, егер де бул мәселеде басқа көзқарас үстем келсе, қарақалпақлар Коминтернниң Орайлық комитетине шекем шағым етеди, исенимим кәмил, бизлер өз мәплеримизди қорғай аламыз ҳәм автономияға ийе боламыз...

...Мен қайталап айтаман — Қарақалпақ автоном областы болыўы шәрт...

Қарақалпақ областының қайсы республикаға өтиўи мәселесине келетуғын болсақ, буны қарақалпақлардың өзлеринен сорайық», - деген сөзлер менен А.Досназаров өз баянатын жуўмақлайды.

Орта Азия республикаларының миллий шегараланыўы бойынша аймақлық комиссия қызғын додалаўлардан кейин Калугин ҳәм Досназаровтың баянатлары бойынша төрт бәнттен ибарат қарар қабыл етеди.

«А) Хорезм республикасының Хожели ҳәм Қоңырат районларын, ҳәзирги жағдайдағы аймағы менен Қарақалпақ автоном областының қурамына өткериў зәрүр деп табылсын (11 даўыс пенен қабыл етилди).

Б) Әмиўәрья областының Шымбай уездин толығы менен Қарақалпақ автоном областы қурамына өткерилсин (бир аўыздан қабыл етилди).

В) Әмиўдәрья областының Шорахан уездин толығы менен Хорезм республикасының өзбек районларына өткериў мақсетке муўапық деп табылсын (9 даўыс пенен қабыл етилди).

Г) Қарақалпақ автоном областын қайсы республиканың қурамына өткериў кереклиги ҳаққындағы мәселе РКП ның Орайлық Комитети Орта Азия бюросына шешиў ушын жиберилсин».

Қарақалпақ автономиясын рәсмийлестириўдеги кейинги қәдем 1924-жылдың 7-сентябринде болып өткен РКП (б) ның Орайлық Комитети Орта Азия бюросының жыйналысы болды. Онда Орта Азия республикаларын миллий шегаралаў бойынша аймақлық комиссияның қарақалпақларға байланыслы қабыл етилген декларациялары тәкирар көрилди ҳәм тастыйықланды. Бул шешим, өз нәўбетинде, Варейкис имзалаған 1924-жыл 23-сентябрьдеги Түркистан КП Орайлық Комитетиниң ҳүжжетлеринде де өз сәўлелениўин тапты.

Бул ўақытта Өзбекстан ССР ҳүкимети СССРдың Орайлық Атқарыў Комитети Президиумына Қарақалпақ автоном областын өз қурамына қосып алыўды усыныс етеди. Архив ҳүжжетлеринде айтылыўынша, бул мәселени Қарақалпақ автоном областы, Қыр­ғызстан (Қазақстан — авт.) ҳәм РСФСР ҳүкиметлери менен тийисли органлары дәрежесинде додалаў зәрүрлиги пайда болған.

1924-жылы 12-октябрьде А.Досназаров Төрткүлден Москваға телеграмма жибереди. Бул телеграммада ол, «мәселе унамлы тәрепке шешилди. Сиясий бюро тастыйықлады. Шорахан уезди бизлерге тийисли болатуғын болды. Ендигиден былай Қарақалпақ автоном областы Қырғыз (Қазақ-авт.) республикасының қурамына киреди. Қарақалпақ бюросының қурамы областлық комитеттиң жуўаплы хаткери А.Досназаров тәрепинен тастыйықланды. Ревкомның қурамы Қудабаев тәрепинен тастыйықланды. Жақында қайтаман. Москва Дверская гостиница Пассаж №20 хана».

Солай етип, Қырғыз (Қазақ-авт.) Қарақалпақ автоном областының дүзилгенлиги ҳаққындағы мәселеде ақырғы ноқат қойылады. Бул сиясий процесстиң басынан ақырына шекем А.Досназаровтың роли жүдә үлкен.

Соны да атап өтиўимиз зәрүр, буннан кейинги миллий-аймақлық бөлиниў процеси барысында, раўажланыўдың оптимал жолларын излеў нәтийжесинде Қарақалпақстан автономиялық областы автономиялық республикаға айландырылды ҳәм 1936-жылдың декабрь айында Өзбекстан ССРның қурамына кирди.

Лекин, оның буннан кейинги тәғдири жүдә аўыр ҳәм аянышлы болды. Ол бир неше рет сүргинге, қамаққа ҳәм қуўдалаўларға ушырады. А.Досназаров қарақалпақ миллий сиясий элитасының көрнекли ўәкили еди. Туўылып өскен ана журтын раўажландырыў ушын өз өмирин пидә еткен, совет тоталитар административлик системасының қурбаны болған Қарақалпақстан халқының белгили ўәкили А.Досназаровтың басып өткен өмир жолы жасларымыз санасында пуқаралық сезимин қәлиплестириўде салмақлы орын тутады. Жалған шағымлардың ақыбетинде ол 1935-ж. 10 жылға қамалады, ал, 1937-жылы 10-ноябрь күни ИИХК (НКВД) Айырықша үшликтиң қарары менен ол ең аўыр жаза — атыў жазасына ҳүким етиледи. А.Досназаров 41 жаста еди, күш-жигери толып-тасқан, ғайратлы, үмитлери ҳәм келешекке жобалары көп еди...

Шахсқа сыйыныўшылықты әшкаралаўдың басланыўы менен 1956-жылы А.Досназаровтың иси қайтадан қаралды, бирақ, бул процесс узақ жылларға созылды. 1968-жылы 27-сентябрь күни, яғный, арадан 12 жыл өткеннен соң ғана Қарақалпақстан мәмлекетлик органларының гезектеги мүрәжатларынан соң СССР Жоқарғы судының пленумы А. Досназаров иси бойынша бурынғы ҳүким қарарларды бийкарлап, оннан суд жуўапкершилигин алып таслады. Деген менен, А. Досназаровтың толық реабилитация болыўы Өзбекстан Республикасының миллий ғәрезсизликке ҳәм Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенитетине ерисиўи нәтийжесинде иске асты. 1996-жылы оның туўылғанына 100 жыл толыў юбилей сәнеси кең жәмийетшилик тәрепинен белгиленди, Нөкис қаласындағы орайлық көшелердиң бири А.Досназаров исми менен аталды, туўылған Ўатанында оған арнап естелик орнатылды.

2006-жылы республика жәмийетшилиги А.Досназаровтың 110 жыллық юбилей сәнесин белгиледи, оған арнап Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминде илимий конференция өткерилди. Конференция қарарында А.Досназаровтың атын мәңгилестириў мәселеси еле толық шешимин таппағанлығы атап өтилген еди. Мәселен, конференция өз қәўлисинде А.Досназаров мийнетлерин жыйнап, баспадан шығарыў, Нөкис қаласының темир жол вокзалының алдындағы майданда оған арнап естелик орнатыў, Қарақалпақстан тарийхында терең из қалдырған жәмийетлик-мәмлекетлик ғайраткерлер қатарында оның ҳүрметине музей шөлкемлестириў кереклиги туўралы усыныслар орын алған еди.

2019-жылы 28-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Қарақалпақстанның уллы перзенти, белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Аллаяр Досназаровтың өмири ҳәм мийнет жолын жарытыў, оның естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы баянлама шешими қабыл етилип, онда 2020-жылы А.Досназаровтың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған жаңа китаплар ҳәм буклетлерди қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде таярлап, баспадан шығарыў, илимий-әмелий конференция шөлкемлестириў, А.Досназаров ҳаққындағы спектакльди қайта сахналастырыў, ҳүжжетли фильм жаратыў, Нөкис қаласы А.Досназаров көшеси бойына бюс­тин орнатыў нәзерде тутылған.

 

 

Н.Аимбетов.

ӨзР Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими президиумының баслығы, академик,

 

А.Джумашев.

Тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF