Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:50:57, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ ҚУЎАНДЫРҒАН БАСЛАМА БӘРИ ӘПИЎАЙЫ НӘРСЕДЕН БАСЛАНАДЫ

Урлық жынаятының тийкары әпиўайы бир ийне урлаўдан басланғаны сыяқлы ҳәр қандай ҳуқықбузарлық ҳәрекет те әпиўайы нәрседен басланады.

2001-жылы Төрткүл районында туўылған «Гөне Төрткүл» аўыл пуқаралар жыйыны, Әмирабад көшесинде жасаўшы ҳуқықбузар Дурдибаев Азизбек Маҳмуд улының да әпиўайы басланған унамсыз ҳәрекетлерине шек қойылды. 2019-жыл 8-ноябрь күни Төрткүл ра­йоны аймағында алып барылған «Комплекс» биргеликтеги оператив илажы даўамында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен ҳуқықбузар А.Дурдибаев пенен алып барылған сораў-жуўап илажы даўамында усы пуқараға тийисли «Samsung Galaxy S5 mini» маркалы уялы телефоны көзден кеширилгенде, оның Инстаграмм социаллық тармағында «Alhamdulillaxtul» деп ашылған профилинде «Абдуллаҳ домла», «Иймонли қалблар», «Муслим тақвим», «Шайх Муҳаммад Юсуф» атлы каналларға ағза болғанлығы ҳәм телефон ядында диний мазмундағы видео ҳәм аудиофайллар барлығы анықланды. Бул диний мазмундағы материаллар тийисли диний шөлкемниң берген экспертиза жуўмағына көре қадаған етилген диний мағлыўматлар топарына киргизилгенлиги көрсетилген.

Суд мәжилисинде А.Дурдибаев қойылған айыпты толық мойынлап, буның нызамсыз екенлигин билмегенлигин, қылған исинен шын кеўилден пушайман екенлигин, басқа бундай унамсыз ҳәдийселер тәкирарланбайтуғынлығын айтып көрсетпе берди.

Түрли каналларға ағза болған ҳәм Телеграмм мессенджеринде «Иймонли қалблар» деп топар ашып, өзиниң екинши номерли профили, сондай-ақ, Толибжон ҳәм Ражаббой исмли ағайинлерин ағза қылған оның бул ҳуқықбузарлық ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылып, оған базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

Б.ҚУРБАНОВ.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF