Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:30:36, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

2020-ЖЫЛҒЫ НАЎРЫЗ УЛЫЎМА ХАЛЫҚЛЫҚ БАЙРАМЫНА ТАЯРЛЫҚ КӨРИЎ ҲӘМ ОНЫ ӨТКЕРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халқымыз миллий тиклениў ҳәм миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған ҳәзирги ўақытта барлық ийгиликли қәдириятларымыздың ҳәм дәстүрлеримиз қатары Наўрыз байрамының да турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.

Әсиресе, бул әййемги байрамның руўхында ҳәм философиясында жәм болған жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик, тәбиятты қәстерлеп-абайлап, турақлы оның менен үнлес болып жасаў сыяқлы өлмес идея­лар бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атыр­ған кең көлемли реформалардың тийкарғы мақсетине ҳәм мазмун-мәнисине оғада үнлес екенин атап өтиў тийис.

Халқымыз әсирлер даўамында үлкен қуўаныш пенен белгилеп киятырған, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында белгиленген Наўрыз байрамының мине усындай үлкен әҳмийетин есапқа алып және бул байрамды жаңа Өзбекстанның демократиялық көринисине, абырай-итибарына ҳәм статусына ҳәр тәреплеме мүнәсип тәризде өткериў мақсетинде:

  1. 2020-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириўши комитеттиң қурамы қосымшаға муўапық тасты­йықлансын.

Шөлкемлестириўши комитет Наўрыз байрамын Ташкент қаласында, Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятлардың орайларында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районларда, аўылларда улыўмахалықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде белгилеў бо­йынша «Наўрызың-жаңа күниң, жаңа дәўраның мүбәрек, жанажан Өзбек­станым!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген Наў­рыз улыўмахалықлық байрамын өткериў концепциясын ҳәм шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый және үгит-нәсиятлаў жумысларының бағдарламасын бир ҳәпте мүддетте ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

  1. Усы концепцияны ҳәм бағдарламаны таярлаўда барлық илажларды тийкарғы мәниде улыўмахалықлық се­йили ҳәм қуўанышы сыпатында өткериў, оларда кең халық қатламының белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:

Наўрыз күнлеринде инсан ҳәм тәбият арасындағы үйлесимлик, ана жерге меҳир ҳәм итибар айқын өз сәўлелениўин табатуғынын көрсетип беретуғын, қоршаған орталықты, оның жемислерин қәстерлеп сақлаў, ҳәзирги тыныш турмысымызды қәдирлеп, шүкираналық туйғысы менен жасаўға ийтермелейтуғын руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;

соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, халқымыздың турмысында, қәлбинде ҳәм санасында жүз берип атырған унамлы өзгерислерди Наўрыздың әзелий қәдириятларға ҳәм дәстүрлерине үнлес тәризде, тәсирли усылларда билдириў;

барлық қалаларда ҳәм ра­йонларда шөлкемлестирилетуғын байрам илажларында, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақтың халқы арасында оны белгилеў менен байланыслы үрп-әдетлер менен дәстүрлердиң мазмунын ҳәм әҳмийетин кеңнен жарытыў;

халқымызға тән болған меҳир-мүриўбет, татыўлық ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлери тийкарында нураный кекселерди ҳәр тәреплеме қәдирлеў, жәрдемге мүтәж инсанларға бийғәрез жәрдем бериў менен байланыслы қайырқомлық илажларын әмелге асырыў;

елимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған сис­темалы жумыслардың әмелий нәтийжелери, Өзбекстан пуқарасы болған ҳәр түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң Наўрызды белгилеўге байланыслы үрп-әдетлерин, дәс­түрлерин ҳәм қәдириятларын кеңнен көрсетиў;

абаданлық ҳәм тынышлық белгиси болған Наўрыз байрамы алдынан қалаларда ҳәм аўылларда, мәҳәллелерде улыўма халықлық шембиликлерин, кең қамтылған абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын шөлкемлестириў;

илажлар болып өтетуғын орынларда өнерментшилик көргизбелерин, китап сатыў орынларын, көшпели саўда дүканларын, бәҳәр тағамларын таярлаў ҳәм олардың саўдасын шөлкемлестириў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

а) бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Наўрыз улыўмахалықлық сейиллерин өткериў бо­йынша илажлардың бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласынF

Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери өткерилетуғын тийкарғы майданлар, бағлар ҳәм көшелерди белгилеў, оларды миллий усылда байрамға сай безетиў және сахналарды орнатыў;

орынларда болып өтетуғын улыўмахалықлық сейиллерине жергиликли фольклор топарларын, көркем ҳәўескер жәмәәтлерин, цирк көркем өнериниң ўәкиллери, шаңарақлық ансамбльлерди, бақсыларды, шайырларды, сондай-ақ, профессионал атқарыўшыларды ҳәм талантлы эстрада артистлерин кеңнен тартыў;

байрам илажлары шеңберинде ҳәр бир аймаққа тән болған халық ойынларын, тамашаларды, көргизбелерди ҳәм жарысларды өткериў, бәҳәр тағамлары сатылатуғын ашық асханаларды жайластырыў;

б) байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда көшелерди, бағларды ҳәм майданларды безетиўде үлкен тәжирийбеге ийе бол­ған сценаристлер ҳәм режиссёрлар, дөретиўшилер, композиторлар балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнериниң ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарларын кеңнен тартсын;

в) Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте Наўрыз улыўма халықлық сейиллерине сырт елли ҳәм жергиликли туристлердиң келиўин шөлкемлестириў мақсетинде кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм таярлық жумысларын әмелге асырсын.

  1. Өткерилетуғын байрам илажлары:

Ташкент қаласында республикалық бюджетиниң ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қәрежетлери есабынан тең үлеслерде;

Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлердиң есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас минис­три А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2020-жыл 3-март.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF