Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:31:29, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменлик ҳәрекетиниң жедел раўажланыўын тәми­йинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға, исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға қаратылған жаңа нызам ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте.

Онда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең еркинликлер бериў, олардың жумысына мәмлекетлик уйымлардың араласыўын түптен қысқартыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, артықша қағазпазлық ҳәм коррупцияны сапластырыў, исбилерменлик ҳәрекетин және де раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳми­йетли жөнелиси ҳәм мәмлекетлик уйымлардың биринши дәрежели ўазыйпасы етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 11-декабрьде қабылланған «Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы менен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде финанс-хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырмаған исбилерменлик субъектлерин сапластырыў процесин әпиўа­йыластырыў мақсетинде бир қанша өзгерислер киргизилди. Нызам 2020-жыл 1-январьдан күшке енди.

Финанс-хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырмағанлығы себепли белгиленген тәртипте ҳәрекетсиз режимге өткерилген ўақыттан баслап үш жыл даўамында искерлиги тикленбеген субъектлерди дизимге алыўшы уйымның қарары менен саплас­тырыў белгиленген. Сапластырыўшы юридикалық шахсты сапластырыў ҳаққында ғалаба хабар қуралларында дағаза жәрия­лайды. Дағазада юридикалық шахстың кредиторларының талапларын билдириў тәртиби ҳәм мүддетлери  көрсетиледи. Бул мүддет дағаза берилген күннен баслап еки айдан кем болмаўы керек.

Киши бизнес субъектлери жеке исбилерменлеримиз Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған қолайлылықлардан өнимли пайдаланып, республикамызда реформаларды тереңлес­тириў, экономиканы либералластырыў, мәмлекетимиздиң экспорт имканиятларын арттырыў, бәсекиликти  раўажландырыў,  халқымыздың бәнтлигин ҳәм базарларымыздың молшылығын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған ислерде өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосады, деп исенемиз.

З.САЛИЕВА,

Нөкис қалалық статистика бөлими жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF