Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:47:49, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ТӘЛИМ ТАРАЎЫН ЖӘНЕ ДЕ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жаңа бас­қышқа көтериў, педагог кадрларды таярлаў сапасын алдын­ғы халықаралық стандартлар тийкарында жетилистириў ҳәм жоқары педагогикалық тәлим менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Соның ишинде, мектепке шекем билимлендириўди қамтып алыўдың артыўы, 11 жыллық улыўма орта билимлендириў системасының енгизилиўи ҳәм жоқары мағлыўматлы кадр­ларды таярлаў көлеминиң кеңейиўи мүнәсибети менен жоқары маманлықтағы қәнигелерге пайда болған талапты өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде соңғы жылларда педагог кадрларды таярлаўға қәнигелескен 1 сырт ел ҳәм 4 жергиликли жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумысы жолға қойылды, билимлендириў тараўы бойынша сырт мәмлекетлер менен қоспа билимлендириў бағдарламалары шөлкем­лестирилди.

Соның менен бирге, социаллық тараў ҳәм экономика тармақлары ушын жоқары маманлықтағы кадрларды жеткерип бериў бағдарында өткерилген таллаў нәтийжелери бәринен бурын билимлендириў тараўы ушын кадрларды таярлаў сапасына итибарды күшейтиў, тараўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин кеңнен енгизиў, педагогикалық билимлендириў инфраструктурасын жақсылаў зәрүрлиги көрсетилмекте.

Педагогикалық тәлим тараўын және де жетилистириў, заманагөй билим ҳәм педагогикалық технологияларды қолланыў көнликпелерине ийе, мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўда мүнәсип үлес қосатуғын жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў ушын профессонал педагог кадрларды жеткерип бериў, тараўға алдынғы билимлендириў технологияларын енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер педагогикалық тәлим тараўын раўажландырыўдың тий­карғы бағдарлары етип белгиленсин:

тәрбия ҳәм оқытыў усыллары, мәлимлеме-коммуникация технологиялары және шет тиллерди пуқта өзлестирген, билимлендириў процесинде заманагөй педагогикалық технологияларды қолланыў көнликпелерине ийе профессионал педагог кадрларды таярлаў;

педагогикалық кәсипке қызығыўы жоқары болған жасларды анықлаў және оларды мақсетли таярлап ҳәм тәрбиялап барыўдың үзликсиз системасын енгизиў;

педагогикалық тәлим тараўының тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлери бойынша оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў, инновациялық оқыў-нормативлик ҳәм тәлим ресурсларын жаратыў және әмелиятқа енгизиў;

тараўда билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң үйлесимлигин тәмийинлеў арқалы  тәлим сапасын жақсылаў, бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў, илимий ҳәм иннова­циялық жумысты нәтийжели шөлкемлестириў;

педагогикалық кадрлардың буйыртпашылары зәрүрлик ҳәм талапларды турақлы үйренип барыў, олар менен өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў және педагог кадрларды таярлаўдың илимий тийкарланған перспективалы режелерин белгилеў ҳәм оларды әмелге асырыў;

жоқары педагогикалық тәлимге санлы технологияларды енгизиў, мәлимлеме-коммуникация ҳәм билимлендириў технологияларының беккем интеграциясын тәмийинлеў нәтийжесинде педагог кадрлардың кәсиплик шеберлигин үзликсиз раўажландырып барыў ушын қосымша шараятлар жаратыў;

педагог кадрларды таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелерин системалы раўажландырыў ҳәм оларда басқарыў жумысын жетилистириў;

педагогикалық тәлимниң инфраструктурасын жақсылаў, тараўдағы халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў;

жоқары мәдениятлы, әмелий кәсиплик көнликпеге ийе, тәрбия, оқытыў методларын ҳәм баҳалаў нормаларын пуқта ийелеген заманагөй педагог кадрларды қәлиплестириў процесслериниң нәтийжелилигин арттырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў минис­трлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының оқыў бағдарламаларының көлемин инабатқа алған ҳалда жоқары мағлыўматлы педагог қәнигелерди таярлаў процесин оптималластырыў мақсетинде педагогикалық тәлим тараўының айырым тәлим бағдарлары бойынша кадрларды таярлаўды оқыў мүддети 3 жыл болған бакалавриат тәлим бағдарламалары шеңберинде әмелге асырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. 2020-2021-оқыў жылынан баслап кадрларды таярлаўдың оқыў мүддети 3 жыл болған бакалавриат тәлим бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық тәлим тараўының айырым бакалавриат тәлим бағдарларының дизими қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Барлық билимлендириў мәкемелерине заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге ийе, еркин пикирлейтуғын жасларды тәрбиялаўға уқыплы болған профессионал кадрларды жеткерип бериў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги, Халық билимлендириў минис­трлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги:

2020-жыл 1-апрельге шекем педагогикалық тәлим тараўының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиў процесинде абитуриентлердиң педагогикалық кәсипке уқыплылық дәрежесин анықлаў механизмлери бойынша усыныслар ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интер­актив мәмлекетлик хызметлер порталы, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы кең жәмийетшиликтиң додалаўы өткерилиўин тәми­йинлесин;

2020-жыл 20-апрельге шекем ислеп шығылған абитуриентлердиң педагогикалық кәсипке уқыплылығы дәрежесин анықлаў механизмлери бойынша додалаў нәтийжелери бо­йынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.

  1. Аймақларда педагогикалық тәлим инфраструктурасын жақсылаў, билимлендириў тараўы ушын қәниге таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелерин системалы раўажландырыў ҳәм басқарыў жумысын жетилистириў мақсетинде;

Самарқанд мәмлекетлик университети педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери негизинде  Самарқанд мәмлекетлик университетиниң Педагогикалық инс­титуты;

Әндижан мәмлекетлик университети педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери негизинде  Әндижан мәмлекетлик университетиниң Педагогикалық институты;

Бухара мәмлекетлик университети педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери негизинде  Бухара мәмлекетлик университетиниң Педагогикалық институты;

Ташкент  мәмлекетлик педагогикалық университетиниң Термиз филиалы ҳәм Термиз  мәмлекетлик университети педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери негизинде  Термиз мәмлекетлик университетиниң Педагогикалық институты;

Ташкент  мәмлекетлик педагогикалық университетиниң Шахрисабз филиалы ҳәм Қаршы  мәмлекетлик университети педагогикалық билимлендириў тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери негизинде Қаршы мәмлекетлик университетиниң Педагогикалық институты шөлкемлестирилсин.

  1. Усы қарардың 5-бәнтинде шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған педагогикалық институтлар:

жумысын қаржыландырыў 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлис­тириўши сыпатында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде, жетпеген бөлеги жоқары билимлендириў мәкемелериниң өзиниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

дәрежеси бойынша жергиликли жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалына теңлестирилетуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

еки ай мүддетте усы қарардың 5-бәнтинде нәзерде тутыл­ған педагогикалық институтлардың жумысын шөлкемлестириў;

үш ай мүддетте Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Ташкент ўәлаяты Шыршық мәмлекетлик педагогикалық институтының жумысын түпкиликли жетилистириў ҳаққындағы Ҳүкимет қарарларын қабыл етсин.

  1. Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетине турақлы илимий-педагогикалық жумыс пенен шуғылланған, жоқары маманлықтағы, тийисли тараўда терең кәсиплик билим ҳәм табыслар­ға ерискен хызметкерлерге педагогика ҳәм оқытыў методикасы қәнигеликлери бо­йынша доцент ҳәм профессор илимий атақларын бериў ҳуқықы берилсин.
  2. 2020-2021-оқыў жылынан баслап:

а) төмендеги механизмлер енгизилсин:

тийисли аймақта 5 жыл ислеп бериў миннетлемеси менен халық билимлендириў ҳәм мектепке шекемги билмлендириў тараўларында жоқары мағлыўматлы педагог кадрларға талап жоқары болған аймақлар бойынша мәмлекет бу­йырт­пасы параметрлериниң мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде мақсетли қабыллаў параметрлерин қәлиплестириў;

тийисли аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемесинде 5 жыл ислеп бериў миннетлемеси менен жоқары билимлендириў тараўында профессионал педагог кадрларға талап жоқары болған аймақлар бо­йынша потенциаллы жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына мәмлекет буйыртпасы параметрлериниң  мәм­лекетлик грант тийкарында оқыўға қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде мақсетли қабыллаў параметрлерин қәлиплестириў;

б) Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Илимлер академиясы оқыўға мақсетли қабыл етилген студент­лер менен  тийисли қабыллаў жылының 1-декабрь күнине шекем усы бәнттиң «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған миннетлемелерди сәўлелендирген шәртнамалардың рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин;

в) дәслепки басқышта  Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде оқыў процеси оқыў режелери ҳәм бағдарламалары жетилистирилген ҳалда тәлимниң кредит-модуль системасы  тийкарында шөлкемлестирилсин;

г) педагогикалық жумыста улыўма билимлендириў пәнлери әҳмийетли орын тутатуғынын инабатқа алған ҳалда айрықша шеберлик талап етилетуғын педагогикалық тәлим тараўының бакалавриат тәлим бағдарларына оқыўға қабыл етиў ушын кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар менен биргеликте мәжбүрий үш — ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери бойынша тест сынақларын тапсырыў тәртиби енгизилсин. Бунда, әдетте, мәжбүрий үш пән бойынша тест сынақлары кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың нәтийжелери жәрияланғаннан соң өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети жанындағы Республика илимий-педагогикалық китапханасының жумысын жетилистириў, материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде оның негизинде Республикалық педагогикалық билимлендириў ресурс орайын  шөлкемлестириў бойынша Минис­трлер Кабинетине усыныс киргизсин;

Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў минис­трлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелериниң усыныслары тийкарында 2020-2021-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мектеплерин жоқары мағлыўматлы педагог кадрлар менен толық тәмийинлеў мақсетинде мазмуны жағынан оқыў бағдарламалары өз-ара жақын болған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша тийкарғы ҳәм қосымша қәнигелик (квалификация) бериў системасын жолға қойсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте педагогикалық әмелият дәўиринде студентлерге сабақ бериў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта  арнаўлы билимлендириў министри И.У.Маджидов — шөлкемлестирилип атырған педагогикалық институтлардың жумысын жолға қойыў бойынша зәрүр илажларды көрсин, барлық жоқары билимлендириў мәкемелериндеги  педагогикалық тәлим тараўының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магис­тратура қәнигеликлеринде  оқыў процесин тәлимниң кредит-модуль системасы тийкарында жолға қойылыўы және оқыў бағдарламалары өз-ара жақын болған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша тийкарғы ҳәм қосымша қәнигелик (квалификация) бериў системасы енгизилиўин тәмийинлесин, усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жуўапкер министрликлер менен уйымларға методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин;

Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.Қ.Абдураҳмонов, Бухара ўәлаятының ҳәкими Ў.И.Барноев, Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими З.Т.Мирзаев, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.О.Турдимов, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Т.А.Боболов — аймақларда шөлкемлестирилип атырған педагогикалық институтлардың жумысын толық жолға қойыўда ҳәр тәреплеме жәрдем берсин;

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары — усы қарарда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў бойынша зәрүр илажларды көрсин;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимов, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хад­жаев — усы қарардың мазмун-мәнисин  ҳәм әмелий әҳми­йетин сәўлелендириўге байланыслы  мақалалар, брифинглер, баспасөз әнжуманлары, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас минис­три А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.Мирзиёев.

      Ташкент қаласы, 2020-жыл 27-февраль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF