Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:55:30, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АТТЕСТАЦИЯ ҲӘМ МӘМЛЕКЕТЛИК АККРЕДИТАЦИЯДАН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ ТҮСИНДИРИЛДИ

Усы жыл 24-февраль күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инс­пекциясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдеги «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Жоқары оқыў орынларының ишки баҳалаў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм оған таярлық көриў мақсетинде жоқары оқыў орынлары ҳәм экспертлер ушын методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге қаратылған семинар болып өтти. 

Оған республикамыздағы бир қатар жоқары оқыў орынларының окыў ҳәм илимий ислер бойынша проректорлары, Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлими қәнигелери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы бөлиминиң баслығы Р.Рўзматов сөзге шығып, Жоқары оқыў орынлары ишки баҳалаў процесин сапалы шөлкемлестириў ҳәм сырт­қы баҳалаў процесине таярлық көриўде Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў ҳәм инновациялық раўажланыў министрликлериниң 2019-жыл 16-декабрьдеги «Билимлендириў мәкемелерин аттестациядан өткериў факторларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының мазмун-әҳмийетине түсиник берди. 

Буннан басқа да билимлендириў мәкемелери жумысын ишки баҳалаўдың тийкарғы мақсетлерине айрықша тоқтап өтти.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Қ.Қалекеев,

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бөлиминиң баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF