Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:10:00, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРFЫ КЕҢЕСИНИҢ ЕКИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА

МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 22-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң екинши сессиясы болып өтти.

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңес­гөйи Турсынхан Худайбергенов, Президент кеңес­гөйиниң биринши орынбасары, Жаслар Аўқамы Кеңесиниң баслығы Алишер Саъдул­лаев, Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Халық қабыллаўханаларының баслықлары ҳәм барлық сектор басшылары, тийисли минис­трлик, мәкеме, кәрхана, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жо­қарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов ашты ҳәм алып барды.

Сессияның секретариаты ҳәм күн тәртиби тастыйықлан­ғаннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов сессия күн тәртибинен орын алған Қарақалпақстан Республикасында 2020-жылда жаслардың бәнтлигине көмеклесиў, кәсип-өнерге бағдарлаў, исбилерменлик, фермерлик, өнерментшилик жумысына тартыў ҳәм жаслар миграциясын дурыс шөлкемлестириў илажлары туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Елбасшымыздың басшылығында экономикамыздың барлық тараўларында алып барылып атыр­ған терең реформалар, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлар, бағдарламалар турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Президентимиз өткен жылдың август айында Қарақалпақстанға болған сапары даўамында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға кең имканият ҳәм қолайлықлар жаратыў бойынша кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларға айрықша итибар қаратты.

Мине, усы тийкарда жасларымыздың турмысы ҳәм келешеги менен байланыслы Мүрәжат қабыл етилди.

Бүгинги күнде Қарақалпақстанда 1 миллион 80 мыңнан аслам жас бар.  Бул болса, жасларымыздың үлкен күш ҳәм елимиздиң жоқары потенциалы екенин және бир мәрте дәлиллейди. Сонлықтан да, жасларымызға барлық тараўларда кең имканиятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен саналады.

Мине, бул бағдарда Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген 5 баслама ҳәм де ислеп шығылған «Жол карта»лар турмысымызда айрықша орын тутпақта.

Сондай-ақ, өткен жылы өткерилген мийнет ярмаркаларында 3 мың 400 ге шамалас жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

Усылар менен бир қатарда, өткен жылы «Жаслар — келешегимиз» бағдарламасы тийкарында 168 бизнес жойбары ушын 68 миллиард сумнан аслам кредитлер ажыратылып, жаңадан 500 ге шамалас жумыс орынлары жаратылды.

Буннан басқа, «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында 500 ден аслам жаслар ушын 14 миллиард сумлық кредитлер ажыратылды.

Оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 270 ке шамалас исбилермен жасларымызға жер орынлары ҳәм пайдаланылмай бос турған объектлер ажыратып берилди.

Беруний, Қанлыкөл ҳәм Мойнақ районларында «Жаслар орайы» қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Буннан тысқары, қала ҳәм районларда 22 «Жаслар мийнет гүзары» комп­лекслери қурылып атыр­ған болса, бүгинги күнге шекем Хожели, Елликқала, Беруний ҳәм Мойнақ районларында усындай комплекслер пайдаланыўға тапсырылды (бул жерлерде  136 жас­тың бәнтлиги тәми­йинленди).

Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм Хожели ра­йонларында «Жас исбилермен» коворкинг орайларында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң 27-декабрь күни елимиз жаслары менен болып өткен ушырасыўында жаслар мәселесинде ең әҳмийетли 3 принципке айрықша тоқтап өтти. Яғный, быйылғы жыл Жас­ларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты алып барыўда кескин бурылыс жылы болатуғыны, ҳәр-бир басшы — жас­ларға жеке үлги болыўы кереклиги, бүгинги күнде елимизде алып барылып атыр­ған өзгерислерде ҳәм мәмлекетлик сиясатты жаңа басқышқа алып шығыўда жасларымыз Елбасшымызға қол-қанат  болыўы тийис екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, жасларға быйылғы жылы қосымша 20 мың гектардан аслам жер майданларын ажыратып бериў бо­йынша илажлар алып барылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнде Мойнақ районында жасларымызға ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлерине 6 мың гектар жер майданлары ажыратып берилмекте. Бул жер майданларына ағын суў жеткерип бериў ҳәм мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша анық илажлар көрилмекте.

Усылар менен бир қатарда, өткен декабрь-февраль айларының өзинде 200 ден аслам жасларымызға 5 мың гектардан аслам жер майданлары ажыратылып берилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, бүгинги күнде 739 фермер хожалығын жасларымыз бас­қарып келмекте.

Мине, быйылғы жылы да, «Жаслар — келешегимиз» бағдарламасы тийкарында 283 жасқа 65 миллиард сумлық, «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасы тийкарында 727 жасқа 22 миллиард сумлық кредитлер ажыратыў режелестирилген.

Соны-да айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳәр-бир сектор ҳәм де тараў басшыларына кеминде 20 баланы аталыққа бериў режелестирилмекте.

Бунда ҳәр-бир басшы аталыққа алған жасларды исбилерменликке тартыўы, фермерликке үйретиўи, жаңа жумыс орынларын жаратыў ар­қалы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўи, усы арқалы, жаслардың өз дәраматына, жеке мүлкине, ҳәттеки, автомашинасына ийе болыўына ерисиўи тийис.

Бул мәселелердиң нәтийжеси бойынша жыл жуўмағы менен сектор ҳәм тараў басшыларының есабатлары тыңланады.    

Быйылғы жылдың және бир әҳмийетли ўазыйпаларының бири — бул тараў басшылары ҳәм дөретиўши инсанлар тәрепинен ислеп шығылған Режениң толық ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Усы Реже тийкарында быйылғы жылдың дәслепки 6 айы даўамында Мойнақ ҳәм Бозатаў районларында жасларды тигиўшилик, трактор ҳәм арнаўлы техникаларды бас­қарыў курсларына тартыў, үй қапталы хожалығы, ыссыхана ҳәм парниклерде өним жетистириў ҳәм бул бағдарда әмелге асырылып атыр­ған жумысларға жасларды кеңнен тартыў, «Жаслар қурылыс  отряд»ларын шөлкемлестириў ҳәм де қурылыс, экология ҳәм саламатлық мәселелери бо­йынша волонтёрлық топарлар дүзиў, «Ҳәр бир жасқа 20 түп нәл» сүрени астында декоратив ҳәм мийўе нәллерин отырғызыў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Арал теңизи ултанында быйылғы мәўсимде 626 мың гектардан аслам майданға cексеўил, қандим, қарабарақ ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилди.

Бул илажларға бүгинги күнде 1500 ден аслам жумысшы ҳәм механизаторлар, 850 техника, 4 киши самолётлар қатнаспақта.

Соның ишинде, өзлериниң 500 ден аслам техникалары менен ўәлаятлардан келген 900 ге шамалас жумысшы ҳәм механизаторлар, Айрықша жағдайлар министрлиги әскерий хызметкерлери, тоғай хожалығы қәнигелери пидәкерли мийнет етпекте.

Бүгинги күнде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға барлық имканиятларды жаратып бериў бойынша тийисли тараў басшыларына, ҳәкимлерге анық ўазыйпалар белгилеп берилген.

Турмысымызда жүз берип атырған усындай өзгерислер менен жаңаланыўларға қара­мас­тан, жаслар арасында ажырасыўлар, жынаятшылық, сырт­қы тәсирлерге түсип қалыў жағдайлары да ушыраспақта.

Бунда әлбетте, жаслар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси әҳми­йетли орын ийелейди.

Бирақ, Бәнтлик бағдарламасы тийкарында белгиленген режеге салыс­тыр­ғанда өткен жылы Нөкис қаласында 2766, Төрткүлде 1202, Берунийде 1054, Кегейлиде 881 жастың бәнтлиги тәмийинленбеген. Соның менен бирге, өткен жылы жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың саны Мойнақ (2018-жылы 6, 2019-жылы 7 жынаят) ҳәм Нөкис (2018-жылы 13, 2019-жылы 16 жынаят) районларында өскен.

Сондай-ақ, өткен жылы жаслар тәрепинен Нөкис қаласында 97 жынаят жүз берген (2018-жылы 139 жынаят).  Төркүлде 44 (2018-жылы 54), Берунийде 34 (2018-жылы 49), Қоңыратта 32 (2018-жылы 39), Әмиў­дәрьяда 27 (2018-жылы 30), Хожелиде 24 (2018-жылы 37), Елликқалада 14 (2018-жылы 33) жынаят жүз берген.

Бундай кемшиликлерден ҳәр-бир ҳәким, ҳәр-бир басшы — хызметкер өзлерине тийисли жуўмақ шығарыўы керек.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов ҳәм Президент кеңесгөйиниң биринши орынбасары, Жаслар аўқамы Кеңесиниң баслығы А.Саъдуллаевлар шығып сөйлеп, жол қойылып атыр­ған қәте-кемшиликлерди атап өтип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге үйретиў, исбилерменлик, фермерлик ҳәм өнер­мент­шиликти раўажландырыў, жаслар миграциясы бо­йынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Х.Каримов,  Ишки ислер минис­три А.Темирханов ҳәм Салық басқармасының баслығы Х.Бекчановлардың мәлимлемелери тыңланады.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жо­қарғы Кеңеси депутатлары А.Данияров ҳәм С.Хожамуратовалар шығып сөйлеп, өз пикир-усынысларын билдирди.

Соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилип, усы қарар менен, жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша ислеп шығыл­ған арнаўлы «Жол карта»сы, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәнзилли реже, «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша жумысшы топар қурамы ҳәм бул илажларды муўапықластырыў бойынша Мониторинг топарының қурамы тастыйықланды.

Сессия жумысында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қурамын тас­тыйықлаў, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын ҳәм Минис­трлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлаў, Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлап алыў бойынша мәселелер көрилип,  ти­йисли қарарлар қабыл етилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF