Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:21:16, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫ  ҚУЎАНДЫРҒАН  УШЫРАСЫЎ

Өткен ҳәптениң шемби күни Өзбекстан Жаслар аўқамының Ташкент қалалық Жаслар орайы­ның мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районының ҳәкими С.Авезовтың Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған еллик­қалалы студент-жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Ташкент қалалық Жаслар аўқамы Кеңесиниң баслығы Д.Рахимова, район ҳәкиминиң орынбасарлары Б.Алимов, Ю.Алимов, Жаслар аўқамы Елликқала районлық Кеңесиниң баслығы О.Рузимова, райондағы тийисли шөлкем ҳәм кәрхана баслықлары, белсенди исбилерменлер қатнасты.

Ушырасыўды Елликқала ра­йоны ҳәкими С.Авезов басқарып барды. Ол Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жылдың 27-декабрь күни Мухаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен болған ушырасыўда жасларға қарата: «Мен сизиң жаныңызда турып, қол- қанат боламан!» деп көзлери жанып турған билимли, мәрт жигит-қызлар бар екенлигине исенемен. Жетекшиликтиң, өз изинен ертиўдиң ең туўры жолы — жеке өрнек ҳәм үлги болып есапланады». «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады»,-деген сөзлерин атап өтер екен, басшылар жасларымыздың усыныслары, машқалаларын жақыннан үйренип, олардың өмирдеги жолларын анық белгилеп алыўына жәрдем бериўи, келешегимиз даўамшылары саналған жасларымызды қоллап-қуўатлаўы кереклигине тоқтап өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов сөзге шығып, жасларымызды белсенди болыўға, әлбетте, бундай имканиятлардан утымлы пайдаланып, айрықша баҳаларға оқып, билим алыўға шақырды.

Ташкент қалалық Жаслар аўқамы Кеңесиниң баслығы Д.Рахимова сөзге шығып, бүгинги Елликқала районы ҳәкими С.Авезовтың Ташкент қаласында билим алып атырған елликқалалы студент-жаслар менен ушырасыў усынысын қоллап-қуўатлаўға турарлық илаж екенлигин айрықша атап өтти.

Ушырасыў барысында жаслар өзлериниң усыныс-басламалары, қызықтырып атырған сораўлары ҳәм де машқалалары менен пикирлер алысты. Студентлер республика ҳәм райондағы тараўлардың раўажланыўындағы ўазыйпалар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Илаж соңында район ҳәкими С.Авезов оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип атырған студентлерге район ҳәкимлигиниң «Алғыснама»ларын тапсырды, оларды мате­риаллық тәрептен хошаметлендирди. Сондай-ақ, китаплар саў­ға етилди.

 Солай етип, бул ушырасыў студент-жаслардың өмиринде умытылмас ўақыялардың бири болды.

Т.НУРИМОВА,

Елликқала районы ҳә­ким­­лигиниң Мәлимлеме хызмети баслығы.

СҮЎРЕТТЕ: ушырасыўдан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF