Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:54:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЎЫНГЕР — ВЕТЕРАНЛАРҒА ҲҮРМЕТ

Быйыл Аўғанстаннан бурынғы аўқам әскерий контингентиниң алып шығып кетилгенине 31 жыл толды.

Усы мүнәсибет пенен 15-февраль күни өткерилген илаж Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине жаўынгер-ветеранлар атынан гүл шеңберлерин қойыў менен басланды.

Буннан кейин Жас тамашагөйлер театрында  салтанатлы мәжилис болып өтти. Илажда Өзбекстан  «Veteran» жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан  бөлими Кеңесиниң баслығы Б.Таджимов, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери бас­қармасы баслығының орынбасары Д.Шокаримов, ветеран-жаўынгер Н.Мырзаназаров, Арқа-батыс әскерий округи Ветеранлар ислери бойынша Кеңесиниң баслығы,      отставкадағы подполковник А.Юсупов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жый­нал­ғанларды усы сәне менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Аўғанстан халқын халық­аралық террористлерден қорғаў ушын Қарақалпақстаннан 3669 жас қатнас­қан болса, соннан 89 жерлесимизге туўылған жерине қайтып келиў несип етпеди. Бүгинги күни Президентимиздиң басшылығында жаўынгер-ветеранларды, соның ишинде, Аўғанстан урысы қатнасыўшыларын ҳәм қайтыс болған интернационалист-жаўынгерлерди, олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў бо­йынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.  Өткен жылы елимизде Өзбекстан  «Veteran» жаўынгер-ветеранлар ҳәм ма­йыплар бирлеспеси дүзилгениниң 25 жыллығы кең түрде белгиленди.

Илажда хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған қураллас дослар еске алынды, жасларымызды Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, соның менен бирге, әскерий хызметке таярлаўда биргеликтеги ўазыйпалар сөз етилди.

Мәжилис республика көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшыларының концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Усындай илаж республикамыздың районларында да болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF