Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:18:01, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМСЫЗ  ҲӘРЕКЕТТЕГИ АВТОМАШИНА ИЙЕЛЕРИНЕ ШАРА  КӨРИЛМЕКТЕ

Бүгинги күнде транспорт тараўының орны жүдә айрықша. Себеби, ҳәр бир жолаўшының мәнзилине өз ўақтында жетиўи ушын қәлеген транспортлардан пайдаланып келмекте.

Деген менен, ҳәзирги ўақытта айырым транспорт басқарыўшылары өз мәпин гөзлеп, тийисли тәртипте лицензия рәсмийлестирместен, халыққа төлемли хызмет көрсетип жүргенлер де көплеп ушыраспақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 9-марттағы 303-санлы ҳәм «Халыққа транспорт хызметин көрсетиў ҳәм қалалар менен аўылларда автобусларда жолаўшыларды тасыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 10-январь күнги қарарлары ҳәм усы норматив ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 25-апрель күнги қарарына тийкарланып Өзбекстан автомобиль ҳәм дәрья транспорт агентлиги аймақлық басқармаларының инспекторларына Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 146-1, 165, 176-3, 176-4, 198-статьялары биринши бөлиминде нәзерде тутылған автомобильлерде тасыў тараўында ҳуқықбузарлық ҳаққында баянламалар рәсмийлестириў ҳуқықы берилген еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Транспорт тараўында мәмлекетлик бас­қарыў системасын түп-тийкарынан қәлиплестириў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 1-февраль күнги Пәрманына тийкарланып Транспорт министрлиги шөлкемлестирилип, министрликтиң инспекторлары тәрепинен ҳәм ЖПХ инспекторлары менен биргеликте үзликсиз рәўиште қоспа рейдлер өткерилмекте.

Усындай өткерилген рейд тексериў нәтийжесинде усы жылдың 6-февраль күни министрлик тәрепинен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 165-статьясы ҳәм 176-3-статьялары менен халыққа лицензиясыз төлемли транспорт хызметин көрсетип жүрген 24 автомашина айдаўшыларына ҳәкимшилик баянламалары рәсмийлестирилип, бул баянламалар суд уйымларына тийисли тәртипте көрип шығыў ушын жиберилди. Ҳәр бир транспорт басқарыўшысына соны айтып өтиў орынлы, лицензиясыз жолаўшы тасығанлығы ушын Өзбекстан Респубикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 176 прим 3-статьясы менен төлемлердиң муғдарын анықлаўда қолланылатуғын базалық есаплаў муғдарының (муғдар ­ 223000) 20 есесинен 100 есесине шекем, ал, лаўазымлы шахс­ларға болса 50 еседен l50 есеге шекем, бул дегени 11 150 000 сумнан 33 450 000 сумға шекем жәрийма жазасы белгиленген. 20 есесинен 100 есесине шекем дегени 4 460 000 сумнан 22 300 000 сумға шекем жәрийма жазасы, ал, лицензиясыз жүк тасығанлығы ушын 1 115 000 сумнан (5 есе), 2 230 000 (10 есе) сум­ға шекем жәрийма жазасы белгиленген.

Ҳүрметли транспорт басқарыўшылары! Өз жеке мәпиңизди тәмийинлеў жолында нызамға қарсы ҳәрекет етпейик.

Тимур САРБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министриниң орынбасары. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF