Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:19:18, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАРЎАШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢА  БАҒДАР...

Жер асты ҳәм үсти байлықлары кәни болған Үстирттиң сап ҳаўасы, шөп-шары, суўы ­ кең жайлаўына жайылған төрт түлик маллары ушын шыпабағыш ем-дәри.

Усындай көзқарастан Президентимиз бул районды нефть-химия санааты ҳәм шарўашылыққа бе­йимлескен  район ретинде белгилеген еди.

2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тараўын жедел пәтлер менен раўажландырыў бағдарындағы ис-илажлары ҳаққында»ғы ҳүкиметлик қарарын район халқы үлкен қуўаныш пенен қабыл етип, ҳәр тәреплеме қыз­ғын қоллап-қуўатлады. Ата-бабаларымыздың тийкарғы күн көриси, кәсип-кәрине айланған шарўашылықты заман талапларына сай раўажландырыў бағдарламалары ислеп шығылған. Бул тараўға халықтың кең қатламы, исбилерменлерди тартыў ҳәрқандай тос­қынлықларды тезлик пенен сапластырып, қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар берилмекте.

Биз Қоңырат районындағы «Шарўа нәсил орайы» бөлиминиң баслығы Жаббарбергенов Базарбай Юсупбаевич пенен усы мәселелер дөгерегинде сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўаплар алдық.

­ Районымыздағы шарўашылықтың бүгинги аўҳалына қысқаша шолыў жасап, таллайтуғын болсақ, меншиктиң барлық түрлеринде, шарўа фермерлер, дара шарўа хожалықлары, аўыл хожалығы кәрханаларында жәми 65263 бас ири қарамал, 103800 бас қой-ешки, 1804 бас жылқы, 1500 бас түйе, 269800 таўық бар. 41 балықшылық хожалығы үш тәбийғый ҳәм 38 жасалма көллерде балық шабақлары өршитиледи.

Өткен жылы 6010 тонна гөш, 24520 тонна сүт, 29800 дана мәйек, 1002 тонна балық, 45 тонна пал өнимлерин жетистирдик.

Шарўашылық өнимлериниң өзине түсер баҳасын арзанлатыў ушын биринши гезекте беккем от-шөп базасын дүзиўге күш салынбақта. 1646 гектар гөне түбир жоңышқа майданларын кеңейтип, 872 гектар таза түбир жоңыш­қа, дән ҳәм силос ушын мәкке, от жемлик ләблеби, ақ жүўери егиў ушын керекли болған туқымлар жетерли муғдарда жетиспейтуғыны ойландырмақта.  

Қарарда қабыл етилген ис-илажларды табыслы әмелге асырыў ушын бәрқулла ҳәрекеттеги район штабында ис қызғын. Шарўа малларына зооветеринариялық сервис хызмети түрлерин көрсетиў баслы дыққат ора­йымызда тур. Жети аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасалма ҳасылландырыў пунктлерин салыў ушын жер орынларын ажыраттық. «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» АПЖ аймақларында 9 артезиан қудығын қазыў жумыслары избе-из басланып атыр.

Районымызда щарўашылықты жаңа басқышқа көтериў ушын өз үлеслерин қоспақшы болған исбилерменлерден 61 бизнес-жоба келип түскен болса, соннан 50и қабыл етилди. Жақын күнлерде банклерден аз өсимдеги кредитлер бериў мәселеси унамлы шешиледи. Оларға ажыратылған 5827,6 гектар жердиң 1592,9 гектары егислик, қалған бөлеги жайлаў есапланады. Мәселен, «Ербол шарўа» фермер хожалығына ажыратылған 901,1 гектар жердиң 171,1 гектары егислик жерлер қурайды. Бул хожалықта истен шыққан жерлерди егис айланысына қосыў ушын шор жуўыў жумыслары әллеқашан басланып кеткен. Татарстан Республикасынан жақын күнлерде ҳасыл туқымлы маллар алып келиў ушын шәртнамалар дүзгени баслы утысы.

Район аймағында салынажақ ҳәр бири l00 бас ҳасыл туқымлы малларға мөлшерленген l0 малхананың төртеўинде жер орынларын таярлаў менен қатар қурылыс жумысларын «Панаев Фармс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары алып бармақта. Электр трансформатор орнатылып, тәбийғый газ ҳәм суў тармақлары тартылып, жоллар салынып атыр...

 

Гүрриңлескен: Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF