Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:29:02, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

 «АДОЛАТ» СДП ДЕПУТАТЫ САЎАПЛЫ ИСТИ БАСЛАДЫ

Қайыр-сақаўат — бул инсанлардағы ең жоқары пазыйлет болып есапланады. Өзбекстан «Адолат» СДП белсендилери усы мәселеге үлкен итибар қаратып атырғанының гүўасы болдық.

Атап айтқанда, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты Яхшибека Абдуллаева халқымызға тән мийрим-шәпәәтке толы қайырлы жумысты әмелге асырды.

Партия жойбары шеңберинде ҳәр ҳәптениң сәршемби күни өткерилетуғын пуқаралар менен гезектеги ушырасыўда, турмыс қыйыншылықлары менен 70 жасқа келип қалған Геннадий Мишенконың баспанасыз, кәмбағал, қыйын турмысы менен танысып қалды. Депутат Я.Абдуллаева буған дәрҳал шара көриў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм тийисли шөлкемлер менен сөйлесип, бул ин­санға әмелий жәрдем көрсетиўди усыныс етти.

Бул усыныслар нәтийже берип, Геннадий Мишенко баспаналы болды. Яғный, оған Нөкис қаласындағы кем тәми­йинленген шаңарақлар ушын арналған көп қабатлы имараттан бөлме ажыратылды.

— Сондай-ақ, оған пуқаралық паспортын алыўға ҳәм пенсия тайынланыўына да жәрдем көрсетилди,-дейди партия­ның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова. — Усы көрсетилген бийғәрез жәрдеми ушын Геннадий Мишенко Өзбекстан «Адолат» СДП ҳәм Я.Абдуллаеваға шексиз миннетдар...

Президентимиздиң «Өзбекстанда адамлар бир-бирине жат емес» деген сөзлери әмелде өз тастыйығын тапты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF