Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:36:56, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОРОНАВИРУС КЕСЕЛЛИГИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎДА БИРГЕЛИКТЕГИ ҲӘРЕКЕТ

Нөкис халықаралық аэропортында «Республикамыз аймағына коронавирус кеселлигиниң сырттан кирип келиўиниң алдын алыўда Айрықша жағдайда ҳәрекетлениў ҳәм оның алдын алыўда мәмлекетлик системаның төменги буўыны хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекети» атамасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы болып өтти.

 Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 29-январьдағы «Өзбекстан Республикасына коронавирустың жаңа түриниң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияны шөл­кемлестириў ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген илажға Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Денсаўлықты сақлаў ҳәм Ишки ислер министрликлери, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети, Бажыхана басқармасы, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы,  Қоңырат регионаллық темир жол узели, Автомобиль жоллары аймақлық басқармасы, медицина бирлеспелериниң жуқпалы кеселликлер бо­йынша шыпакерлери қат­насты.

Арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы алдынан өткерилген  мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы А.Давлетов, Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайы бас шыпакериниң орынбасары В.Абсаттарова, Өзбекстан Республикасы Ветеринария илимий-изерт­леў институтының бөлим баслығы, ветеринария илимлериниң кандидаты Қ.Ар­зиев  ҳәм басқалар елимизде коронавирус инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға, айрықша жағдай жүзеге келген жағдайда биргеликте ҳәрекет етиў илажларына, сондай-ақ, ҳәр бир хызметтиң  ўазыйпаларына тоқтап өтти. 

Атап өтилгениндей, 2019-nCOV коронавирусы-Қытайдың Ухан қаласында пайда болды ҳәм соңынан басқа бир қатар еллерге тарқалды. Бул инфекция-жоқары дем алыў жоллары менен өтиўши өткир вируслы кеселлик болып табылады. Ол атиникалық пневмония кеселлигиниң раўажланыў итималы менен де қәўипли есапланады.

Кеселликтиң қозғатыўшысы РНК сақлаўшы, коронавируслар семьясына тийисли вирус болып табылады. Усы вируслар қуяштың нурысыз да ызғар ҳаўада 8-10 саатқа шекем, суўда 9 күнге шекем сақлана алыў қәбилетине ийе. Ҳәзирге шекем вируслардың қыр­қ­тан аслам түри болып, соннан жетеўи инсанда кеселлик шақырыўшы есапланады. Ҳәзирше кеселликтиң тийкарғы дәреги анықланбаған, бирақ, кеселликтиң ошағында алып барылған эпидемиологиялық сорастырыўлардың нәтийжесинде оның дәреги сыпатында теңиз өнимлери ҳәм шарўа маллары деп болжанылмақта. Сондай-ақ, кеселлик адамнан-адамға жуғыўы мүмкин. Кеселликтиң жасырын дәўири 2-7 күннен 14 күнге шекем.

— Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет — бул кеселликтиң мәмлекетимизге кирип келиўи ҳәм оның тар­қалыўының алдын, сондай-ақ, сырт еллерге шығып баратырған пуқараларымызға бул кеселликтен сақланыў жоллары бойынша түсиник бериўден ибарат, - дейди Өзбекстан Республикасы Ветеринария илимий-изерт­леў институтының бөлим баслығы, ветеринария илимлериниң кандидаты Қыдыр Арзиев. — Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетинде, барлық районларда эпизотикалық илажларды муўапық­ластырыў штаблары дүзилген болып, қәнигелер тәрепинен орынларда зооантропонозлық кеселликлерге қарсы емлеў жумыслары алып барылмақта.

Күнниң екинши ярымында «Нөкис халықаралық аэропорты» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде әмелий арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўлары өткерилди. Ҳаўа жоллары арқалы республикамызға келген жолаўшылардың арасынан гүман туўдырған пуқара Нөкис қаласындағы республикалық балалар жуқпалы кеселликлери емлеўханасының изоляторында, бирге келген жолаўшылар болса, обсерваторға қадағалаўға алынды. Гүман туўдырған пуқара емлеўханада толық даўаланады,  қалған пуқаралар болса, 14 күнге шекем шыпакерлердиң бақлаўында болады.

Илаж соңында мәмлекетимизге бул кеселликтиң кирип келиўи ҳәм оның тар­қалыўының алдын алыўға қаратылған илажларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели өткериў бойынша биргеликте әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF