Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:04:37, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЫРТ ЕЛДЕ ЖУМЫС ИСЛЕЎ ТИЛЕГИНДЕГИ ПУҚАРАЛАРҒА ИМКАНИЯТЛАР

Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы пуқараларын сырт еллерге нызамлы жумыс­қа бағдарлаў бойынша мийнет ярмаркасы болып өтти.

Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кенесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи — Сырт елде ўақтынша жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәселелери департаментиниң баслығы К.Рашидов, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Муҳитдинов, Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң баслығы Б.Турсуновлар сөзге шығып, пуқараларды сырт еллерге нызамлы жумысқа бағдарлаў, оларды ҳуқықый қорғаў ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша бар имканиятлар менен жеңилликлерге тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде сыртқы мийнет миграциясының процесслерин тәртипке салыў, ўақтынша мийнет жолын әмелге асырыў ушын сырт елге кетип атырған пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды тәмийинлеў, олар­ға зәрүр ҳуқықый, социаллық, мәлимлеме-мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў ҳәм материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. 2018-жылы Сырт елде жумыс ислеп атырған пуқараларды қоллап-қуўатлаў және олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў қоры шөлкем­лестирилди.

Бүгинги күнде өзбекстанлы мийнет мигрантлары тийкарынан Россия Федерациясы, Қазақстан, Түркия, Қубла Корея, Израиль, Яман, АҚШ, Европа ҳәм Азия мәмлекетлеринде қурылыс, транспорт хызметлери, жолаўшылар ҳәм жүк тасыў, коммуналлық хызмет, саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм турмыс хызмети, аўыл хожалығы, үй хожалығы, денсаўлықты сақлаў сыяқлы тараўларда ўақтынша жумыс ислеп атыр. Сырт­қы мийнет миграциясы агентлигиниң Россия Федерациясы, Польша, Түркия, Латвия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Болгария, Қазақстан, Кувейт мәмлекетлеринде Өзбекстан Республикасы пуқараларын шөлкемлескен тәртипте жумыс пенен тәми­йинлеў менен шуғылланатуғын 60 жумыс бериўшилер ҳәм рекрутинг агент­ликлери менен анық келисим бар. Сондай-ақ, жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен Россия Федерациясы, Түркия, Болгария, Латвия, Литва, Бирлескен Араб Әмирликлери, Польша, Япония, Беларусь, Эстония, Хорватия, Қазақстан, Украина, Чехия, Уллыбритания, Португалия, Греция, Германия, Израиль, Қатар, Оман, АҚШ мәмлекетлериндеги 170 тен аслам жумыс бериўшилер менен жумыс­қа жайластырыў бойынша келисимлерге ерисилген.

Сыртқы мийнет миграциясы агент­лиги тийисли шөлкемлер менен биргеликте сырт еллердиң сыртқы мийнет базарындағы талапларын турақлы үйренип барады. Соның менен бирге, мийнет мигрантларына мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаў ушын ўәкилликли сырт ел шөлкемлери менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў талап етиледи.

Мийнет ярмаркасында Россия Федерациясы, Польша, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Ҳиндстан, Украина, Болгария, Литва, Латвия, Япония ҳәм Венгрия сыяқлы мәмлекетлерден 70 тен аслам жумыс бериўшиниң қурылыс, балықшылық, қусшылық, мийманхана бизнеси, медицина ҳәм хызмет көрсетиў менен өндиристиң басқа да бағдарларында 10 мыңға шамалас бос жумыс орны усынылды. Соннан сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған мыңнан аслам пуқара менен дәслепки келисимлерге ерисилди.

— Бундай ярмаркалардың өткерилиўи әсиресе, биз жаслар ушын үлкен әҳмийетке ийе, - дейди Нөкис қаласынан студент Баҳадыр Машарипов. — Сырт елде мийнет етип атырған пуқараларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў қорының шөлкемлестирилгени болса бул бағдардағы ҳәр қандай унамсыз иллеттиң алдын алыўға хызмет етеди.

Усы күнниң өзинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм бас­қа да шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлериниң қатнасыўында шөлкем­лестирилген семинар-тренингте тәртипли ҳәм қәўипсиз сыртқы мийнет миграциясы тараўында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи — Сырт елде ўақтынша жумыс ислеп атыр­ған Өзбекстан Республикасы пуқараларының ҳуқықларын қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәселелери департаментиниң баслығы К.Рашидов ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Муҳитдиновлардың қатнасыўында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлерине «Сырт елде жумыс ислеў тилегинде болған пуқараларға шөлкемлестирилген мийнет миграциясы ҳәм оның абзаллықлары» темасында ашық сабақ өткерилди.

Мийманлар Елликқала аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжинде шөлкемлестирилген сырт елге жумыс­қа кетип атырған пуқараларды кетиўден алдын кәсипке бағдарлаў орайының жумысы менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF