Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:33:34, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАҢАРАҚ  БЕККЕМЛИГИ — БАХЫТ ДЕРЕГИ

Жәмийеттиң раўажланыўы биринши гезекте шаңарақтың беккем ҳәм бирлигине байланыслы болып, ондағы тынышлық ҳәм аўызбиршилик мәмлекетимиз келешегиниң тийкары.

Президентимиз 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хоразмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўда мәмлекетте ажырасыўлар дәрежеси жоқары екенин әсиресе, жас шаңарақлар арасындағы ажырасыўлар өзине тынышлық бермейтуғынлығын айтып өтти.

Үш жыл ишинде инс­титуционаллық машқалаларды шешиўге қаратылған көплеген ҳүжжетлер қабыл етилди, бирақ ажырасыўлар дәрежеси өсиўде даўам етип атырғаны ашынарлы.

Шаңарақлық ажырасыўлар мәселеси бүгин ямаса кешениң гәпи емес жүдә көп жазылды арнаўлы көрсетиўлер таярланды. Деген менен айырым қәнигелерден сорасаңыз, «жойбарлар әмелге асырылып атыр, жарастырыў комиссиялары ислеп тур»дан арыға өтпейди. Лекин, бийгүнә нәрестениң тири жетим болыўы заманагөй жәмийетте әдетий жағдайға айланып бармақта.

Психологлар тәрепинен  өткерилген «Шаңарақлық ажырасыўларға тий­карғы себеп не деп ойлайсыз?» сораўнамаға дыққат қарататуғын болсақ, оған үрп-әдетлер, қәйин енениң келинге салық салыўы, күйеўдиң болса келин тәрептен мүлк талап етиўи, келинлердиң төркинине «гәп тасыўы», телефон ҳәм социаллық тармақлар, жаслардың я пикирлеў, я пул табыў бойынша еркин емеслиги, жигитлердиң өз сөзин өткериўге ҳәрекет етиўи, қызлардың болса «яқшы»дан жырақлығы, өз-ара ҳүрмет түсинигиниң жоқлығы, сабырсызлық, айыбын тән алмаслық сыяқлылар киреди.

Шаңарақлық ажырасыўларды талқылап көргенимизде, шаңарақлардың бузылыўы, тийкарынан, өз-ара келиспеўшилик себепли жүзеге келип атыр­ғанлығы мәлим болмақта. Шаңарақ аталмыш қорғанның беккемлиги ушын үш сезим, яғный, меҳир, исеним ҳәм шыдамлылық суў менен ҳаўадай зәрүр.

Жаслар шаңарақтай муқаддес дәргай босағасына қәдем қояр екен, «Мен шаңарақ қурыўға таярман ба? Шаңарағым беккем болыўы ушын нелер ислеўим керек!» сыяқлы сораўларға жуўап табыўы, турмысқа бийпәрўа қарамаўы керек. Сонда ғана шаңарақта пайда болатуғын унамсыз жағдайлардың алды алынады. Бахыт сарайының ирге тасы шыдам ҳәм мийнеттен тикленетуғынлығын жасларымыз жүректен сезиниўи керек. Өз үйинде бахытлы бол­ған инсан ғана ҳақыйқый бахтияр инсанға айланады, үйде бахытты жаратыў болса аңсат емес. Бул сыяқлы түсиндириўлер тийкарында тәжирийбели аналарымыз шаңарақ психологиясы бойынша жас­ларға сабақ бермекте.

Ҳәзирги ўақытта ПҲАЖ бөлиминиң қасында «Шаңарақ» мектеби шөлкемлестирилип, онда некелениўши жаслар ушын бир қатар қәнигелерди қамтыған ҳалда ушырасыў кешелери, сәўбетлесиўлер өткерилмекте. Усы жерде бир сораў көлденең туўылады. 18-20 жыл даўамында шаңарақта сиңдирилмеген көнликпени 1 ай ишинде түсиндириўдиң имкани барма екен? Ҳәр бир шаңарақта орталық, экономикалық ҳәм руўхый жағдай ҳәр қыйлы екенлигин дыққаттан шетте қалдырмаў керек.

Демек, барлық гәп бәрибир жаслардың шаңарақ ҳаққында көзқарасы ҳәм оның әтирапындағы мәселелерге барып тақалады. Турмыс қурған ерли-зайып та өзлерин ҳәр тәреплеме тәми­йинлеў мәселесинде, пикир жүритиўде еркин болыўы, тек ғана өзиниң жеке қызығыўшылықлары, бәлким перзентиниң тәғдири бойынша да жуўапкершиликти сезиниўи тийис.

Усыларды көрип отырыпF ҳүрметли ҳаяллар, ажырым ҳәм алимент пенен күйеўиңизди қорқытып, шаңарағыңызды ҳеш қашан беккемлей алмайсыз. Алимент пулы менен балаңызды баға алмайсыз, тәрбиялай алмайсыз. Сиз ушын ең саўаплы ис-ҳәр қандай шараятта да шаңарағыңызды сақлап қалыў, тыныш-татыў жасаў. Ҳеш қашан балаңызды өзгениң қолына таслап, пул табыў ушын шаңарағыңыздан шығып кетпең. Келешекте балаңыз да пул табыў ушын сизди таслап, шаңарағыңыздан шығып кетиўи мүмкин. Ажырасқан күйеўиңиздиң 500 мың сум алимент пулынан гөре, оның ҳәр күни үйиңизде төриңиздиң жарасығы болып отырғанында да берекет бар, дегимиз келеди

Әсиресе, мәҳәллелерде ажыраспақшы болған ҳаялларды машқалалы жағдай­ларға мүнәсибетин унамлы жолға қойыў, өмирлик жолдасы ҳәм перзентлери менен ҳәр қыйлы темаларда пикирлесиўге үйретиў, күнделикли турмысында саламат турмыс тәризин енгизиў мәселелери көрип шығылмақта.

Нөкис қалалық ПҲАЖ уйымы пайтахтымыздағы жоқары оқыў орынларында, пуқаралық актин жазыў бөлиминде, мәкан пуқаралар жыйынларында ҳәм мектеплерде өткерилген илажларда жасларды шаңараққа таярлаўда ескирген жантасыўлардан ўаз кешип, көлемди кеңирек алыўға ҳәрекет етпекте. Яғный, пайтахтымыздағы барлық мәҳәллелерди қамтып алған «Шаңарақ сырлары» темасындағы оқыў курслары шөлкем­лестирилди. Оған түрли тараўлардың қәнигелери, атап айтқанда, психологлар, медицина хызметкерлери, имам-хатиблер, ишки ислер уйымлары хызметкерлери, социологлар қатары ибратлы шаңарақлардағы қәйин ене ҳәм қәйин аталар қамтылмақта.

Сондай-ақ, «Неке шәртнамасының абзаллығы», «Болажақ келин-күйеўлерге», «Шаңарақлық мүнәсибетлерде ерли-зайыптың ҳуқық ҳәм мәжбүриятлары» деп аталған ҳуқықый буклетлер таярланып, неке дүзиў ушын мүрәжат етиўши жасларымызға турақлы түрде тарқатылмақта.

Инсан өмиринде шаңарақтың орнын ҳеш бир нәрсе менен алмастырып болмайды. Ҳәр бир инсанның ўазыйпасы ҳәм өмириниң мазмуны бахытлы ҳәм беккем шаңарақ қурыўдан ибарат.

Дана халқымызда, «Шаңарағың тыныш болса, елиң тыныш болады» деген нақыл бар. Және де «Бир күн жәнжел бол­ған үйден қырық күн берекет қашады», деген мақалды жас шаңарақ ийелерине түсиндириўимиз керек. Бир шаңарақтың бузылыўы да жәмийеттиң раўажланыўына кери тәсирин тийгизип, жәмийетлик маш­қалаға айланатуғынлығын терең аңлап жетиўимиз керек.

С.ПИРНАЗАРОВА,

Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлиминиң баслығы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF