Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:08:14, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР ЖАҢА БАСҚЫШТА

Пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»ның мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Әдиллик Минис­трлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаў, пуқаралардың артықша сергизданлығының алдын алыў ҳәм бюрократиялық жағдайларға жол қоймаў» темасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Онда Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Е.Досанов, усы агентликтиң бөлим баслығы А.Дәўлетов, тийисли мәкеме, уйымлар ҳәм  ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда тийкарынан халықтың аўырын жеңил етиў, түрли қолайлылықлар жаратыў, пуқаралардың ўақтын үнемлеў, сергизданлықты, қалаберсе, коррупцияны сапластырыў мақсетинде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде бир тутас, заманагөй, исенимли система жаратылғанлығы ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, қала ҳәм район Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен өткен жылда 130  мәмлекетлик хызметлер түри көрсетилген болса, 2020-жылға келип хызметлер саны 160қа жеткерилиўи режелестирилгенлиги ҳаққында мағлыўмат берилди. Халыққа және де қолайлылық жаратыў мақсетинде алыс орынларға шығыў арқалы «Мобиль мәмлекетлик хызметлер» жолға қойылғанлығы ҳәм бүгинге шекем республика бойынша жәми 56 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилгенлиги ҳаққында айрықша атап өтилди.

— Республикамызда 80 нен аслам хызмет көрсетиў мәкемелери болса, соннан 60тан асламы интернетке жалғанбаған. Электрон база ҳүжжетлерин жолға қойыў халқымызға бир қанша жеңил мүмкиншиликлерди жаратады. Пуқаралардың ең көп мүрәжат ететуғыны туўылғанлық, неке ҳаққындағы  ҳүжжетлер есапланады. Мәселен, ПҲАЖ уйымларында 1935-жылдан берли киятырған ҳүжжетлер сақланбақта. Агентлигимиз мине, усындай мағлыўматларды электрон база архивине киргизиўди шөлкем­лестирмекте, - дейди бас­қарма баслығының орын­басары Е.Досанов.

Конференция соңында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF