Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:50:51, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БӘРШЕМИЗДИ ПИДАЙЫЛЫҚҚА ШАҚЫРАДЫ

Мәмлекетимиз басшысы  Парламентке жоллаған Мүрәжатында халқымыздың бүгини ҳәм келешеги ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе мақсет ҳәм ўазыйпалар, айырым тараўлардағы машқалалар, олардың унамлы шешими ушын анық мақсетке ийе режелер айқын көринисин тапқан.

Мүрәжатта халықтың сайлаў мәдениятын жоқарылатыў, сиясий партиялардың өз электораты менен ислесиў системасын және де жетилистириў, партиялардың сиясий белсендилигин арттырыў алдымызда турған әҳмийетли мәселелерден бири екенлигин айрықша атап өтти.

Президентимиз депутатларға қарата сайлаўалды ушырасыўларда халық тәрепинен көтерилген әҳмийетли мәселелерди шешиў бойынша анық бағдарлама ҳәм «Жол карта»сын ислеп шығыў зәрүрлигин ҳәм оларды жуўапкер уйымлар менен биргеликте толық әмелге асырыў ти­йис екенлиги ҳаққындағы пикирлери биз — депутатлар ушын айрықша бағдар болды.

 Сондай ақ,  «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген тийкарғы принципти әмелде толық тәмийинлеў бойынша еле көп жумыс ислеўимиз зәрүрлиги ҳаққында тоқталып, ҳәр бир депутат Халық қабыллаўханалары менен турақлы ислесип, өз аймағында жасап атырған халықтың машқалаларын шешиўде белсенди қатнасыўы, адамлардың дәрт-тәшўишлерин тыңлаўы керек екенлигин, бул өз гезегинде депутатлар өз сайлаўшыларына берген ўәделерин орынлап, халықтың исенимине ерисетуғынлығын айрықша атап өтти.

Халқымыз бүгингидей өз алдына уллы мақсетлер белгилеп, пәраўан турмыс кеширип атыр­ған, заманагөй демократиялық мәмлекет ҳәм пуқаралық жәми­йетин қурыў мақсетинде нық қәдем атып атырған бир дәўирде  тәлим-тәрбия мәселеси айрықша әҳмийетке ийе.

Президентимиз билимлендириў бағдарындағы ислениўи ти­йис болған ўазыйпаларға  тоқталар екен, Уллы шығыс  ойшылларының; «Ең үлкен байлық — бул ақыл — ой ҳәм илим, ең үлкен мийрас — бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағалшылық — бул саўатсызлық болып есапланады!» деген даналық сөзлерин келтирип өтти.

 Жоқары педагогикалық шеберлик ҳәм маманлыққа ийе бол­ған, өз жумысында анық нәтийжелерге ерискен оқытыўшы­ларға жоқары айлық төлеў системасының енгизилиўи, оқыў бағдарламаларын алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириў, оқыў жүклемелерин ҳәм пәнлерин қайта көрип шығыў, оларды халықаралық стандартларға сәйкеслендириў, сабақлық ҳәм әдебиятлардың сапасын арттырыў зәрүрлиги ҳаққындағы пикирлери — елимиздеги барлық билимлендириў хызметкерлери ушын үлкен жаңалық болды десем қәтелеспеймен.

Сондай ақ, Мүрәжатта 2021-жылғы халықаралық баҳалаў процесине таярлық көриў ушын 348 таяныш мектеп белгиленип, 6 мыңнан аслам муғаллимниң билими арттырылыўы, усы оқыў жылынан баслап пүткиллей жаңа профессионал билимлендириў системасы жолға қойылып, 340 кәсип-өнер мектеби, 147 колледж ҳәм 143 техникум шөлкемлестирилиўи, кадрлардың билимин халықаралық мийнет базары талапларына сәйкеслендириў мақсетинде миллий маманлық системасы ислеп шығылатуғынлығы, бул система арқалы 9 мыңға шамалас кәсиплер бойынша кадрларды таярлаў имканиятына ийе болатуғынлығы — бул тараўдағы  жақын келешектеги жетискенликлеримизге негиз болыўы сөзсиз.

Мине усы айтылған пикирлерден ҳәм бүгинги күн көзқарасынан келип шығып ҳәр бир педагог тараўда алып барылып атыр­ған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларға жуўап ретинде өз үстинде излениўи, келешек әўладларға заман талабына сай тәлим-тәрбия бериўи, бир сөз бенен айтқанда,  пидайылық көрсетиўи  лазым.

Президентимиз тәрепинен ҳәр бир бағдар бойынша билдирилген пикир ҳәм усыныслар, белгилеп берилген ўазыйпалар буннан кейин де искерлигимиздиң тийкарына айланады. Барлық ис-ҳәрекетимизди билдирилген ўазыйпалар негизинде әмелге асырып, ең дәслеп, тийкарғы итибарды — бизге исеним билдирген сайлаўшыларымызға қаратып, олар алдындағы жуўапкершилигимизди арттырып барсақ гөзлеген нәтийжеге ерисемиз.

 Венера Каленова,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF