Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:23:09, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУЎ  ҲӘМ  АНА-ТӘБИЯТ

Ҳәммемиз билемиз, суў ­ бул дүнья жүзинде бийбаҳа байлық сыпатында қәдирленеди. Жер шарының 3/2 бөлеги суў менен қапланған болып, 98 проценти шор, пайдаланыўға жарамсыз есапланады.

Тек ғана 2,0 проценттен артығырағы пайдаланыўға жарамлы болып, оның 79 проценти мәңги музлықларға, 20 проценти жер асты суўларына,  1 проценти болса дәрья ҳәм көллерге туўра келеди. Дүнья халқының ҳәр онынан төртеўи таза ишимлик суўы жетиспейтуғын аймақларда жасап атырған болып, 2050-жылға келип жер жүзи халқының 9 миллиардқа көбейиўи болжанып атырған болса, инсанияттың тәбият инамларына надурыс қатнаста болыўы себепли душшы суў резервлери кейинги жылларда азаймақта. Ал, суўға болған зәрүрлик болса, артып бармақта. Мәселен, жүдә көплеген халық­аралық шөлкемлердиң есаплаўларына қарағанда 1 адамға бир күнде төмендегише суў зәрүр болып (литрде) ишиўге ­ 2-3, аўқат таярлаўға ­ 3, жеке гигиенаға (бет-қол, тис ҳәм басқалар ­ 6-8 литр, ваннада жуўыныў ушын ­ 150, унитазға ­ 15, ыдыс-табақларды жуўыўға ­ 7-12, кир жуўыўға болса 100 литр суў сарпланады екен. Буның ақыбетинде орынларда таза ишимлик ҳәм суў­ғарма суўларын сақлаў, оннан мақсетке муўапық пайдаланыў барысында унамсыз жағдайлардың жүз бериўи суў экологиясы ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға болған итибардың пәсейип барыўы тәбийғый, әлбетте. Ашынарлы жағдай, бул ең әҳмийетли мәселелерден халқымыз, әсиресе, аўыллық жерлерде жасап атырған журтласларымыз, сондай-ақ, өсип киятырған жас әўладларымыз жетерли дәрежеде хабардар емес. Сонлықтан да, бул жағдайды кең жәмийетшиликке түсиндириў бүгинги күнниң әҳми­йетли мәселелеринен саналады.

Усы мүнәсибет пенен «Суўшы» жәми­йетлик бирлеспеси Европа Аўқамының финанслық жәрдеминде Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Европа Аўқамы, Европа Аўқамының Орайлық Азия­дағы Экологиялық орайы ҳәм де оның Өзбекстандағы филиалы менен биргеликте 2017-жылдың сентябрь айынан баслап Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыллық аймақларында турақлы басқарыў» бағдарламасы шеңбериндеги 3-Компонент «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў ҳәм де бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбарын республиканың Ферғана, Сырдәрья, Самарқанд, Хорезм, Сурхан­дәрья ҳәм Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырмақта.

Жақында жойбар бойынша жумыс алып барып атырған бир топар қәнигелер Хожели районындағы 1-санлы республикалық Меҳрибанлық үйинде болып, бул жердеги тәрбияланыўшылар менен интеллектуал пикирлесиў тәризинде «Суў ҳәм ана-тәбият» атамасында илаж шөлкемлестирди. Онда республикалық Меҳрибанлық үйи директоры С.Сон, Өзбекстан Республикасы «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Директорлар Кеңеси баслығы Т.Мажидов, усы бирлеспениң экология бойынша қәнигеси А.Хужакулов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен ўәкиллер сөзге шығып, суўдың инсан өмиринде тутқан орны, жер жүзиндеги улыўма суў ресурслары, дүньядағы суўсызлықтан қыйналып атырған халықлар, суўды босқа сарп етиўдиң ақыбетлери ҳаққында балалар­ға кең түрде мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, «Өз планетамызды өзимиз сақлайық!», «Суў ­ тиришилик тийкары» атлы презентациялар менен таныстырып, «Суўсызлықтан», «Суў ҳаққында мағлыўмат» ҳәм «Тоғайға айланып атырған Арал теңизи» атлы видеороликлер қойып берилди.

­ Өткерилген бул илажда ҳәр бир қатнасыўшы қоршаған орталықты қорғаў, тәбият инамларын ысырап етпей, ақылға уғрас пайдаланыў кереклигине исеним пайда етип, бул ҳаққында көплеген мағлыўматлар алды, -дейди «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты күшейтиў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбарының Қарақалпақстан Республикасы бойынша мәсләҳәтшиси Р.Кошеков.

Илаж даўамында тәрбияланыўшылар да топарларға бөлинип, интеллектуал пикирлесиў, сораў-жуўаплар, суў ҳәм экология бойынша рәң-бәрең сүўретлер салып өз талант ҳәм өнерлерин көрсетти. Соның менен бирге, олар өзлериниң таярлаған суў ҳәм ана-тәбиятқа байланыслы гүрриң, әпсана, ертек, нақыл-мақал ҳәм қосықларды шеберлик пенен атқарды. Илаж­ға белсене қатнасқан балаларға диплом ҳәм естелик саў­ғалары тапсырылды.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF