Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:27:32, 28.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ  СҮЙЕНИШИ

Ҳүрметли Президентимиз айтқанындай, исбилермен бай болса, мәмлекет бай болады. Соған тийкар, елимизде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар берилмекте.

Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң қабыллаўханасы жуўмақланған жылда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў барысында бир қанша жумысларды әмелге асырды. Қабыллаўханамыз исбилерменлердиң жақын көмек­шиси ҳәм мәс­ләҳәтшиси болып келмекте. 2019-жыл даўамында қабыллаўханамыз­ға өзлериниң нызамлы мәплерин қорғаўды сорап мүрәжат еткен 120 дан зыят исбилерменниң мүрәжатлары қысқа мүддет ишинде көрип шығылып, өзиниң унамлы шешимлерин тапты.

Мысалы, Хожели районы аймағында жумыс алып барыўшы «SHERZODBEK XOJELI» фермер хожалығы баслығы Бабажанов Шавкат Аламинович ра­йондағы мектепке шекемги билимлендириў бөлими менен фермер хожалығының атынан дүзилген шәртнамаға тийкар райондағы балалар бақшаларына гөш жеткерип бериў менен шуғылланатуғынлығын ҳәм де усы жеткерип берилген гөш өнимлери ушын төлениўи тийис болған 125 миллион сум муғдарындағы қаржысын райондағы мектепке шекемги билимлендириў бөлиминен өндириўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат етти. Фермер хожалығы баслығы Ш.Бабажановтың мүрәжаты қабыллаўханамыз тәрепинен толық үйренилип, ра­йонлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими тәрепинен мүрәжат ийесине төлениўи тийис болған 125 миллион сум пуллары қысқа мүддет ишинде толық төлеп берилиўи тәмийинленди.

Нөкис қаласы турғыны Гүлбаҳар Палўаниязова өзине тийисли болған шайхана имараты Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен қарыздарлық ушын газ тармағынан ажыратылғанлығын ҳәм де бул қарыз алдын шайханада ижарада отыр­ған басқа шахсқа тийисли бол­ғанлығы себепли бир жылдан берли газ тармағына қайта жалғана алмай атыр­ғанлығын билдирип қабыллаўханамызға мүрәжат етти. Исбилерменниң мүрәжаты Қарақалпақстан Республикасы Мәжбүрий орынлаў бюросы менен биргеликте үйренилип, қысқа мүддет ишинде газ тармағына қайта жалғап берилди. Пуқара Гүлбаҳар Палўаниязова ҳәзирги күнде шайханасын иске түсирип, халқымызға өз хызметлерин усынып келмекте.

Хожели районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң

Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF