Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:35:39, 28.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕКТЕПКЕ ШЕКЕМГИ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫНДА МӘМЛЕКЕТЛИК-ЖЕКЕ МЕНШИК ШЕРИКЛИКТИ БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти қоллап-қуўатлаў арқалы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң тармағын және де кеңейтиў ҳәм балалардың мектепке шекемги билимлендириў менен кеңирек қамтып алыныўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2018-2019-жылларда мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти буннан былай да раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм халықаралық финанс институтларынан эквиваленти 200,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредитлердиң тартылғанлығы;

усы кредитлер есабынан Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм жеке меншик шериклер арасында 140,1 мың орынлық мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын қол қо­йылған 1 412 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлерден (кейинги орынларда — келисимлер) 992 си бойынша жеңиллетилген кредитлер қаржыландырылғанлығы;

420 келисимлердиң 100 ден асламы бойынша жеке меншик шериклер тәрепинен мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў, қурыў, реконс­трукциялаў, оңлаў ҳәм үскенелеў (кейинги орынларда — мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў) жумысларының көлеми 25 ҳәм оннан да аслам проценти орынланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў минис­трлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў бағдарламасын даўам еттириў мақсетинде белгиленген тәртипте дүзилген келисимлер бойынша кредитлерди қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге қосымша қаржы ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. а) 2019-жыл 1-декабрьге шекем мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў жумыслары 25 проценттен аз болмаған көлемде орынланған келисимлер бойынша кредитлерди қаржыландырыў ушын зәрүр болған 182 миллиард сум қаржы Қаржы минис­трлиги тәрепинен 2020-жыл ушын Мәмлекетлик бюджетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларына муўапық аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қәрежетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде 2020-жыл 1-мартқа шекем ажыратылатуғыны. Онда кредитлер 15 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 1 процентлик ставка бо­йынша берилетуғыны;

б) 2018-2019-жылларда белгиленген тәртипте дүзилген 300 ден аслам келисимлер бойынша кредитлер:

Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаятлардың ҳәкимшилик орайлары ҳәм 1-қосымшада келтирилген ўәлаят бойсыныўындағы қалаларда — 15 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 12 процент ставка бойынша;

районлардың ҳәкимшилик орайларында — 15 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 8 процент ставка бойынша;

районлардың басқа аймақларында — 15 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 5 процент ставка бойынша берилетуғыны;

2020-жылы халықаралық финанс институтларынан усы мақсетлер ушын тартылатуғын жеңиллетилген кредитлер (қарызлар) есабынан қаржыландырылатуғыны;

в) 2021-жыл ҳәм келеси жылларда дүзилетуғын келисимлер бо­йынша кредитлер:

коммерциялық банклер тәрепинен бийғәрез белгиленетуғын процент ставкаларында берилетуғыны;

халықаралық финанс институтларынан тартылатуғын жеңиллетилген кредитлер (қарызлар), сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын алдын ажыратылған кредитлер бойынша жеке меншик шерик тәрепинен қайтарылатуғын тийкарғы қарызлар есабынан қаржыландырылатуғыны;

г) 2018-2019-жылларда белгиленген тәртипте қол қойылып, қаржыландырылмаған ҳәм келеси жылларда дүзилетуғын келисимлер бойынша кредитлер усы келисимлерде нәзерде тутылған жеке меншик шериктиң өз қаржылары есабынан орынланыўы (сатып алыныўы) керек болған жумыслар (төлемлер) толық әмелге асырылғанынан кейин, коммерциялық банклер тәрепинен қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Усы қарардың:

3-бәнти «а» киши бәнтинде нәзерде тутылған кредитлер бойынша жеке меншик шерик тәрепинен төленетуғын процентлер хызмет көрсетиўши коммерциялық банкте толық қалдырылатуғыны;

3-бәнти «б» киши бәнтинде нәзерде тутылған кредитлер бойынша жеке меншик шерик тәрепинен төленетуғын процент ставкасының 2 проценти хызмет көрсетиўши коммерциялық банкте қалдырылатуғыны, қалған бөлеги Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети дәраматына өткерилетуғыны белгилеп қо­йылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-2021-жылларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын халық­аралық финанс институтларының жеңиллетилген кредитлерин (қарызларын) тартыў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў ми­нистрлиги:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин тийкарғы тәртипте Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, ўәлаят бойсыныўындағы қалалар, сондай-ақ, ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимшилик орайларында шөлкемлестирилиўине итибар қаратсын;

аймақларда бар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң қуўатлылығы ҳәм қамтып алыныўын үйренип шықсын ҳәм онда жасап атыр­ған халық санынан келип шыққан ҳалда жаңа ҳәм ислеп турған мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң қосымша орынларға бол­ған талабын анықласын;

2020-жыл ҳәм келеси жылларда келисимлердиң тек ғана халықаралық финанс институтларынан тартылған кредитлер (қарызлар) ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў ушын алдын ажыратылған кредитлер бойынша жеке меншик шерик тәрепинен қайтарылатуғын тийкарғы қарызлар есабынан арнаўлы ашылған жеке қазна есап-бетинде топланған қаржылар шеңберинде дүзилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жеке меншик шериклерге берилген кредитлер ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине ажыратылған бюджет субсидиялары мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы бойынша турақлы мониторингти жолға қойсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да хошаметлеў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3651-санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоров — усы қарардың орынланыўын сапалы, толық ҳәм өз ўақтында тәмийинлесин, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр шеректе олар басшылардың орынланған жумыслары ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;

Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шин — қәлиплескен қаржылар шеңберинде келисимлерди өз ўақтында дүзиў ҳәм әмелге асырыў бойынша барлық зәрүр илажларды көрсин, жеке меншик шериклерге жеңиллетилген кредитлер алыўда жәрдемлессин, исбилерменлик субъектлери тәрепинен келисим талапларының орынланыўы үстинен турақлы мониторингти жолға қойсын, усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары — мектепке шекемги билимлендириў тараўында жеке меншик шерикликти раўажландырыўға зәрүр шараятларды жаратыў, усы қарарда нәзерде тутыл­ған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов,  Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуника­циялар агентлигиниң директоры — усы қарардың мәнис-мазмунын ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 30-январь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF