Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:44:52, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ШАРЎАШЫЛЫҚ ТАРМАҒЫН МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎДЫҢ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Шарўашылық тармағын жедел раўажландырыў, заманагөй ҳәм инновациялық усылларды енгизиў, өнимлерди ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, халықты жергиликли шараятта ислеп шығарылған сапалы ҳәм арзан шар­ўашылық өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм шарўашылыққа қәнигелескен кәрханаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақ­сетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы, Республикалық «Қаракөлшилик» ассоциациясы, «Өзбекстан пал-ҳәррешилери» ассоциациясының Шарўашылық ҳәм оның тармақларын раўажландырыў Республикалық кеңесин (кейинги орынларда — Республикалық кеңес) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын ҳәм Республикалық кеңестиң структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Республикалық кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

шарўашылық тараўында мәмлекетлик ҳәм хожалық бас­қарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, шар­ўашылық өнимлерин қайта ислеў санааты кәрханалары ҳәм шарўашылық жумысы менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлериниң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў;

шарўашылықтың барлық тармақлары ҳәм нәсилшилик тараўын раўажландырыўға байланыслы мәселелерди турақлы түрде додалап барыў ҳәм бул бағдардағы бар машқалаларды шешиўге қаратылған илажларды белгилеў;

шарўашылық тараўында мәмлекетлик ҳәм хожалық бас­қарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының шарўашылық тармақларын турақлы раўажландырыў бо­йынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққындағы есабатларын ҳәм  шарўашылық бойынша инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы бойынша мәлимлемелерин турақлы тыңлаў;

шарўашылық ҳәм нәсилшилик тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, өнимдарлықты арттырыў ҳәм от-жем егинлериниң туқымгершилигин раўажландырыў бойынша илажларды ислеп шығыў;

шарўашылық хожалықларына ажыратылған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў жағдайының талланыўын шөлкем­лестириў ҳәм шарўашылық бас санынан келип шығып, сәйкес түрде егислик жерлердиң ажыратылыўын қадағалаў;

шарўашылықтың барлық тармақларының жумысын илимий тийкарда шөлкемлестириў, илимий-изертлеўдиң нәтийжелерин ҳәм инновациялық қолланбаларды өним ислеп шығарыў ҳәм нәсилшилик-селекция әмелиятына енгизиў жумысларын жолға қойыў;

шарўашылық өнимлерин қайта ислеў тараўын раўажландырыў, соның ишинде, жаңа қуўатлылықларды иске қосыў ҳәм өнимлердиң түрлерин кеңейтиўге байланыслы мәселелерди шешиў;

кадрларды системалы таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўды шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Экономика ҳәм санаат министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) Исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (кейинги орынларда — Қор)ның есабынан шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм қояншылық бойынша соның ишинде, шарўа комплекслерин қурыў, ири ҳәм майда нәсилли қара малларды сатып алыў, шарўашылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын 20 миллиард сумға шекем муғдардағы кредитлер бойынша процент ставкасының Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ 8 процент пунктинен көп болмаған бөлегине компенсация ямаса кредит суммасының 50 проценти муғдарында кепиллик усыныў;

б) Қор тәрепинен киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерине эквиваленти 20 миллиард сумнан артпайтуғын сырт ел валютасындағы кредитлер ушын коммерциялық банк­лер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 40 процентине шекем, бирақ 4 процент пунктинен көп болмаған муғдарда коммерциялық банклердиң кредитлери бо­йынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация усыныў.

Усы бәнт талаплары коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын Қор тәрепинен усынылатуғын кепилликлер ҳәм компенсациялардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң алдын қабыл етилген ҳүжжетлери ҳәм Ҳүкимет қарарлары менен тастыйықлан­ған шәртлерине енгизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020-2022-жылларда:

а) шарўашылық өнимлерин жетис­тириўши хожалықларға мәмлекет тәрепинен төмендеги тәртипте субсидия ажыратылады:

республика аймағында жумыс алып барып атырған нәсилшилик хожалықларынан сатып алынған нәсилли маллардың ҳәр бир басына 1 миллион сум муғдарында;

сырт мәмлекетлерден импорт етилген нәсилли малдың ҳәр бир басына 2 миллион сум, нәсилли қой ҳәм ешкиниң ҳәр бир басына 400 мың сум муғдарында;

б) «Өзбекбалықсанаат» ассоциа­циясына ағза болған интенсив усылда балық жетистиретуғын хожалықларға мәмлекет тәрепинен төмендеги тәртипте субсидия ажыратылады:

интенсив усылда жетистирилген бир тонна балық өними ушын 1 миллион сум муғдарында;

Өзбекстан Республикасы аймағына импорт етилген 1 дана нәсилли ана балықтың 3,5 миллион сумға шекем болған қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында;

в) «Паррандасаноат» ассоциациясына ағза болған қусшылық хожалықларына ҳәр бир бас 1 күнлик нәсилли шөжени импорт етиўге байланыслы қәрежетлердиң 9 мың сумын қаплаў ушын мәмлекет тәрепинен субсидия ажыратылады.

  1. 2020-жылы сатып алынатуғын нәсилли:

а) қара маллар ушын ажыратылатуғын субсидияның улыўма суммасы:

республика аймағында жумыс алып барып атырған нәсилшилик хожалықларынан сатып алыў ушын 10 миллиард сум муғдарында;

сырт мәмлекетлерден импорт етиў ушын 40 миллиард сум муғдарында;

б) қой ҳәм ешкилерди импорт етиў ушын ажыратылатуғын субсидияның улыўма суммасы 6 миллиард сум муғдарында белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги шарўашылық өнимлерин жетистиретуғын хожалықларға, интенсив усылда балық жетистиретуғын ҳәм қусшылық хожалықларына субсидия бериў қәрежетлерин 2020-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларына муўапық аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қәрежетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан қапланыўын тәмийинлесин ҳәм 2021-2022-жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде тийисли қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Аўыл хожалығы ми­нистрлиги:

а) шарўашылық тараўын раўажландырыў стратегиясын, соның ишинде, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бағдарларын ислеп шығыў ушын бийғәрез консалтинг компания­ларын орнатылған тәртипте тартқан ҳалда усыныслар ислеп шықсын ҳәм 2020-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына көрип шығыў ушын киргизсин.

Онда бийғәрез консалтинг компанияларын тартыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан қаплансын;

б) Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте он бес күн мүддетте усы қарардың 3-бәнтинде белгиленген шарўашылық өнимлерин жетистиретуғын хожалықларға, интенсив усылда балық жетистиретуғын ҳәм қусшылық хожалықларына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан субсидия бериў тәртиплерин ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда субсидия бериў «Өзбекшарўанәсил» агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети шарўашылық тараўын раўажландырыў стратегиясына тийкарлан­ған ҳалда 2020-жыл 1-июльге шекем 2021-2022-жылларда республикада жумыс алып барып атырған нәсилшилик хожалықлары тәрепинен сатылатуғын ҳәм импорт етилетуғын нәсилли қара маллар, қой ҳәм ешкилер және шөжелердиң санынан келип шығып, ажыратылыўы керек болған субсидияның есап-санағын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлерин қәлиплестириўде есапқа алыў ушын Қаржы министрлигине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат тәмийнаты тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў агентлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў ушын 150,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржыларының бағдарланыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем жасалма суў бассейнлериниң өнимдарлығынан келип шығып, усы майданларға жер салығының дифференцияластырылған ставкаларын қолланыў бойынша тийкарлан­ған усынысларын Қаржы министрлигине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги киргизилген усыныслар тийкарында жер салығының дифференцияластырылған ставкаларын қолланыўды 2021-жыл бюджети жойбарын таярлаўда инабатқа алсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы менен биргеликте 2020-жыл 1-июньге шекем балық жетистириўши хожалықларға бириктирилген жасалма ҳәм тәбийғый суў бассейнлериниң кадастр ҳүжжетлерин «Ўздаверлойиҳа» институты менен өз-ара шәртнама тийкарында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери:

а) 2020-жылда жайлаўлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5742-санлы Пәрманында нәзерде тутылған аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған суўғарылатуғын жерлерди пайдаланыўға киргизиў есабынан азықлық от-жем егинлерин жетистириўди жолға қойыў ушын шарўашылық хожалықларына ажыратып берилиўин тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты  раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм пахташылық-ғәллешилик бағдарындағы фермер хожалықларындағы егислик майданының  10 процентине беде егилиўин тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы  Минис­трлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша  мәмлекетлик комитети және Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте усы тапсырманың орынланыўы бойынша Республикалық кеңеске 2020-жыл 1-майға шекем мәлимлеме киргизсин.

  1. Республикалық кеңес Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери тәрепинен шарўашылық, соның ишинде, қусшылық хожалықларына азықлық егинлер егиў ушын қара маллар ҳәм қустың бас санына теңдей егислик жерлери ажыратылыўын турақлы түрде қадағалап барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

Самарқанд ветеринария медицинасы институты жанындағы Кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайының хызметкерлерин тартқан ҳалда орынларда сүт саўыўшыларды таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирсин;

 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Әндижан, Жиззах, Наўайы, Сурхандәрья, Қашқа­дәрья ўәлаятларының ҳәкимликлери ҳәм «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте қуслардың жоқары өнимдарлы түрлерин ҳәм кроссларды көбейтиў менен шуғылланыўшы гөш бағдарындағы II тәртипли репродуктор нәсилшилик қусшылық кәрханаларының жумысын жолға қойсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм «Uzbekistan Airways» АЖның 2022-жыл 1-январьға шекем «Паррандасаноат» ассоциа­циясы қурамындағы қусшылық кәрханаларына өзи ислеп шығарған мәйек ҳәм гөш өнимлерин экспорт етиўде, нәсилли инкубациялық мәйек ҳәм нәсилли бир күнлик шөжелерди, вакцина, ветеринария дәри-дәрмақларын импорт етиўде, бурынғысынан басқаша тәризде, әмелдеги ҳаўа транспортында тасыў тарифлерине салыстыр­ғанда 20 процентлик шегирме бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Суў хожалығы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте азықлық егислик майданларынан келип шыққан ҳалда 2020-2022-жыллар ушын азықлық егинлер туқымгершилигин раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

16.Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги:

10 күн мүддетте Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Ташкент филиалына оқыў-тәжирийбе участкасы ушын Янгийўл районы аймағынан 30 гектар;

бир ай мүддетте «Өзбекшарўанәсил»  агентлиги жанындағы «Өзнәсилшилик» мәмлекетлик кәрханасындағы нәсилли буғаларды азықландырыў ушын от-жемлик егинлер егиўге Қибрай, Жоқарғы Шыршық ҳәм Орта Шыршық районлары аймағынан 80 гектар суў­ғарылатуғын жер майданы ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. «Паррандасаноат» ассоциациясы Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине тийисли болған Ташкент қаласы, Алмазар районы, Жомий көшеси, 5-үй мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлерине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-ноябрьдеги «Балықшылық тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4005-санлы қарары 5-бәнтинде белгиленген компенсация бериў тәртибин лизинг шөлкемлерине байланыслы да енгизилетуғыны белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Усы қарардың оранланыўы бо­йынша төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоров — усы қарарда белгиленген шарўашылық  өнимлерин жетистириўши хожалықларға, интенсив усылда балық жетистириўши ҳәм қусшылық хожалықларына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан субсидиялар ажырытылыўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи А.Д.Вахабов — шарўашылық хожалықларына жер майданларын ажыратыўды тәмийинлесин, усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин, ҳәр айда олардың ислеген жумыслары ҳаққындағы есабатларын тыңласын және анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;

Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Норқобилов — шарўашылықтың барлық тармақларын, соның ишинде, қарамал бағыў, қойшылық, қусшылық, балықшылық ҳәм қояншылық бағдарындағы инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын және ажыратылып атырған субсидия қаржыларынан нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлесин, шар­ўашылық хожалықларына өнимдарлықты арттырыўға жәрдем берсин, нәсилшилик-селекция жумысларын муўапықластырсын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери — шарўашылықтың барлық тармақлары, соның ишинде, қарамал бағыў, қойшылық, қусшылық, балықшылық ҳәм қояншылық бағдарындағы жойбарларды әмелге асыратуғын интакерлерге ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин және нызамшылықта белгиленген нормалар тийкарында жер майданларын өз ўақтында ажыратсын;

Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Д.Хаджаев — усы қарардың мәнис-мазмунын ҳәм әмелий әҳмийетин жарытыўға байланыслы мақалалар, брифинглер, пресс-конференциялар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 29-январь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF