Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:36:19, 28.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАНЛЫКӨЛДЕ  БЕЛСЕНДИ  ЖАСЛАР  ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАНДЫ

Усы жыл 1-февраль күни  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Қанлыкөл ра­йонында жаслар менен ушырасыўлар болып өтти.

Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов район  жаслары ҳәм исбилерменлери менен ушырасты.

Президентимиз 2019-жылдың 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен болған ушырасыўда атап өткениндей, 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады. Усы ушырасыўда Президентимиз тәрепинен ҳәр бир басшы жаслардың машқалаларын үйренип, тийисли илаж көриў ўазыйпасы жүкленген еди. Мине бүгинги күни орынларда бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бундай имканиятлардан кең пайдаланып атырған жасларымыз түрли тараўларда өзлериниң белсендилигин көрсетпекте. Әсиресе, Журтбасшымыз тәрепинен алға қойылған «Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен қурамыз» сүренин қоллап-қуўатлаған республикамыздың белсенди жаслары бүгинги күнниң тийкарғы машқаласы болған Аралдың қурыған түбинде «Жаслар тоғайзарлығы»н пайда етиў жумысларына белсене қатнаспақта.

«Жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламамызды пүткил мәмлекетимиз бойынша әмелге асырамыз. Мен ўәлаят басшыларын, орынлардағы барлық жәмийетшиликти усы мәселеге айрықша итибар бериўге шақыраман»,-деген еди Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында.

Ушырасыўда жаслар өзлериниң машқалаларын билдирди ҳәм оның көпшилиги усы жердиң өзинде шешимин тапты. Қалғанлары үйренип шығыў ушын тийисли тараў басшыларына тапсырылды.

— Бүгинги ушырасыўда районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма билим бериў мектеби жанындағы бос турған имаратты «нол»лик баҳада алып, кондитер өнимлерин ислеп шығыратуғын цех ашыў ҳаққындағы усынысымды билдирдим,-дейди райондағы «Аралбаев Муратбай» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Муратбай Арал­баев. — Мениң бул усынысым район ҳәкимлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги басшылары тәрепинен үйренип шығылып, жәрдем берилетуғын болды.

Ушырасыў соңында бир топар жасларға саўғалар тапсырылды.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес басламаның екиншиси бул жаслар арасында денетәр­биясы ҳәм спортты раўажландырыў болып табылады. Усы мүнәсибет менен ра­йон орайында «Спорт-саламатлық гиреўи» сүрени астында марафон болып өтти. Оған оқыў орынларынан, мийнет жәмәәтлеринен, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан жаслар қатнасты. Жарыс жуўмағында қызлар арасында 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң хызметкери  Жамила Узақбаева, 3-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөл­кеминиң хызметкери Гәўҳар Қалмуратова екинши, 7-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң хызметкери Гүлмира Жумамуратова  үшинши орынды ийелеген болса, 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң хызметкери Жорабек Алламбергенов финишке биринши болып келди. Жеңимпазларға саўғалар тапсырылды.

Президентимиздиң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында да айтарлықтай илажлар алып барылмақта. Себеби, китап­қумарлық жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья таныўын кеңейтиў, ана-Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Жас китапқумар» таңлаўының елимиз басқышының жеңимпазы, Президентимиз саўғасы, «Спарк» автомашинасының ийеси Нурсулыў Қоқанова менен ушырасыў болып өтти. Онда  елимизде жаслардың китап оқыўға бол­ған қызығыўшылығын арттырыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған итибар­ға тоқтап өтти. Оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Ушырасыўдан соң мектеп жәмәәтине шөлкемлестириўшилер тәрепинен китаплар саўға етилди.

Жаслар орайында районның белсенди жаслары менен ушырасыў болып өтти. Онда Президентимиздиң 2019-жылдың 27-декабрь күни Мухаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен болған ушырасыўда белгилеп берилген ўазыйпалар, сондай-ақ, Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси туўралы кең түрде түсиник берилди.

Жақында ғана пайдаланыўға тапсырылған Мәденият орайында  республикамыз көркем өнер шеберлери менен ушырасыў жасларда айрықша қызығыўшылық оятты. «Мениң сүйген қаҳарманым» атамасында өткерилген ушырасыўда мийманлар өзлериниң дөретиўшилик жумыслары туўралы айтып, жасларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Районда «Жаслар бағы»н шөлкемлестириў ушын 10 гектар жер майданы ажыратылды. Усы күни жақсы нийетлер менен дәслепки мийўе нәллери отырғызылды. Келешекте бул жер жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткеретуғын па­йызлы орынлардың бирине айланады.

Өткен жылы пайдаланыўға тапсырылған «Жай­ҳун» стадионында футбол бойынша жарыс болып өтти. Онда  районнан тыс­қары, Шоманай, Қоңырат ҳәм Хожели районларының жас футболшылары қатнас­ты. Бул жарыста майдан ийе­лери жеңиске еристи. Ра­йондағы Балалар-жас өспиримлер спорт мектебине Президентимиздиң саўғасы-спорт инвентарьлары тапсырылды.

Күнниң екинши ярымында район жасларының «Kanteks Invest» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетине саяхаты шөлкемлес­тирилди. Бул жерде республикамыздың белгили исбилерменлери менен ушырасыў өткерилип, олар тәрепинен мастер-класс сабақлары өткерилди.

Күн даўамында өткерилген түрли мазмундағы илажлар район жасларының турмысында умытылмас мәў­ритлерге бай болып, олардың жаңа басламаларына тийкар жаратты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF