Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:10:21, 28.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЛИМГЕ ТАЯНҒАН ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН

Соңғы үш жылдан бери турақлы түрде, текшеме-текше бәлентлеп, раўажланыўдың жаңа басқышына өткен Өзбекстан мәмлекетиниң Президенти Шавкат Мирзиёевтың Олий Мажлиске ҳәм ол арқалы пүткил халқымызға, ғалаба хабар қураллары арқалы халық­аралық жәмийетшиликке жеткерилген Мүрәжатында 2020-жыл ҳәм келеси 5 жыллыққа уллы режелер, мәмлекетимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы бағдарлары жәрия етилди. Усылайынша, ҳуқықый демократиялық елге айланыў жолына шынтлап түскен, барды бардай етип, болатуғын ислерди үлкен исенимлилик пенен, жоқты жасырмай, ашықтан-ашық, жәриялылық жолына түскенимизге де үш жыл болды.

Бүгин, Президентимиз дүнья еллери тәрепинен хал­қының ертең емес, бүгинги пәраўанлығы ушын гүресшең Шахс ретинде мойынланып атыр, ал, халық болса, өз Президентиниң әтирапында реформаларды ҳәрекетке келтириўши, бирлескен жәмийетлик күшке айланды. Сонлықтан да, «Жаңа Өзбекстанды халық пенен биргеликте бинят етемиз!» деп, үлкен исеним менен айтты.

Мүрәжатты тыңлап отырып, әлбетте, ҳәр биримиз 20l9-жылғы ерискен нәтийжелерди, Жедел инвести­циялар ҳәм социаллық раўажланыў жылының жуўмақларын Президентимиздиң өзинен еситкимиз келетуғыны тәбийий еди.

Жедел пәт пенен раўажланып баратырған дүнья мәплер ушын қатаң гүрес, бәсекилерге толы. Солардың арасында алға қойған ўазыйпаларды артығы менен орынлап, өткен жылғы нәтийжелер салмақлы болды. Экономиканың жетекши тармақларын модернизациялаў ҳәм бәсекилерге төтепки бериўге ерисиў арқалы ҳәр тәреплеме әмелге асырыў нәтийжелери экономикалық өсиўди 5,6 про­цент­ке көтерди, халқымыздың турмыс шараяты, қала ҳәм район, аўыллардың абаданлығы, бизнеске туў­дырыл­ған жағдайлар ҳәм қоллап-қуўатлаўлар, исбилерменниң мәпин қорғаў бойынша әмелге асырылған ислер, Өзбекстанымыздың Жәҳән банкиниң бизнес рейтингинде l90 мәмлекет арасында 8-орынды ийелеўи, экономикада реформаны нық қәдем менен жүргизген мәмлекетлердиң қатарынан орын ал­ғанын билиў айрықша қуўанарлы еди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев келеси бес жылда алдымызға қойған мақсет-муратымыз, Имам Бухарий бабамыздың мүбәрек ҳәдисинде айтылғанындай, «Барлық әмелий ислер нийетке қарап болады» ҳәм биз де пәк нийет, келешекке барынша үлкен исенимли қәдем атамыз, деди.

Мүрәжаттан кейин, Америкадағы Карнеги халық­аралық тынышлық қорының үлкен илимий эксперти Пол Стронскийдиң: «Дүньяның ҳеш бир мәмлекети соңғы жылларда бул дәрежеде алға өрлемеди», деген сөзлерин еситтим. Бас­қа бир халықаралық эксперт: «2020-жылда Өзбекстан және де үлкен жеңислерге ерисетуғынына исенемен», деп жуўмақ жасады. Өзбекстанды раўажланған мәмлекетлер қатарына жеткериў ушын жүргизилетуғын реформаларға тийкарланып, тек ғана илим, мәрипат ҳәм инновациялық излениўлер арқалы алға талпынып, өсип баратырған жас әўлад емес, бәлким, пүткил жәмийетимиз ағзаларының билимлилик дәрежесин арт­тыратуғын жоқары мәнаўият зәрүрлигин айрықша атап көрсетти.

Бүгин мәмлекетимиз өсип-өркенлеў ушын санлы билимлер ҳәм заманагөй техноло­гияны ийелемесек, алдынғы еллер қатарына ерисе алмаймыз. Заманагөй ел, билимли халық бола алмаймыз. Тек санлы технологиялар арқалы ислеп шығарған өнимлеримиздиң, көрсететуғын хызметлеримиздиң сапасын жақсылап, артықмаш қәрежетлерди кескин кемейтип, жоқары өнимлиликте ислейтуғын, ислеп шығар­ған буйымларымыз халықаралық өлшемлерге жуўап беретуғын елге айлана аламыз. Соның менен бирге, санлы экономикада барлық көрсеткишлер жәриялы, ҳәмме көрип, баҳа бере алатуғын, қосып жазыў қусаған ҳәр қыйлы көлеңкели экономикадан аўлақ, ең баслысы, Президентимиздиң сөзи менен айтқанда, халқымыз турмысына талақтай жабысып алған ең аўыр иллет ­ коррупция деген бәледен қутқарыўшы қураллардың бири болады.

Бүгинги күни саны бо­йынша 34 миллионға қәдем қойған халқымыздың үштен еки бөлегин 30 жасқа дейинги өспирим, ержеткен әўладларымыз қурайды. Халқының усынша бөлеги жаслардан ибарат бундай мәмлекетлер дүньяда санаўлы. Келешек әўладқа бай, олар изли-изинен орынбасарлар болып жетилисип атырған ел мәңгиликке жолдас, бахытлы есапланады. Соның менен бирге, сол жаслар өсип, билим алып, ержетип, өзин-өзи бағып, ата-анасының аўзына ас салатуғын, халықтың хызметине жарап кетемен дегенше олар­ға мәмлекеттен қанша қаржы, тәлим-тәрбия, ғамқорлық керек. Бул жағынан қарағанда, жасларының көплиги мәмлекет алдына аўыр хызметлер де жүклейди. Ең баслысы, оларды ҳәр тәреплеме жетилискен, физикалық ҳәм руўхый саламат, жоқары интеллектли, ата-анасы, халқы, Ўатанына садық, тәрбиялы етип өсириў керек. Сонлықтан да, Президентимиз Мүрәжатында жас әўлад тәр­биясы мәселесин, оларды билимли, илимге қуштар, дүнья еллериниң ең алдынғы жаслары менен дәреже теңлестиретуғын, елимиздиң жақын жыллар ишинде ең раўажланған елиў, оннан кейин отыз мәм­лекетиниң қатарынан орын алыўында илим, мәрипат ҳәм санлы жоқары технологияны басқаратуғын азаматлар болып жетилисиўине айрықша тоқтап, анық ўазыйпалар белгилеп берди.

Мүрәжатта Өзбекстан Жаслар аўқамы «Өзбекстан жаслары ­ 2025» концепциясын ислеп шығыўы, онда ҳәр тәреплеме жетилискен бәркамал әўладты тәрбиялаў бойынша анық илажлар бойынша тапсырма берди. Елдиң тыныш-татыўлығын сақлаўға, парахат өмир сүрип, ҳәр бир жас, ҳәр бир адамның бул ислерге тиккелей үлес қосыўы ушын «Өз балаңызды, өз үйиңизди, өз Ўатаныңызды көз қарашығындай сақлаң!», деп сүрен таслады. Соның менен бирге, «Жаслар бойынша Қарақалпақстан Республикасынан басланған жаңа басламамызды пүткил мәмлекетимиз бойынша әмелге асырамыз. Мен ўәлаят басшыларын, орынлардағы барлық жәмийетшиликти усы мәселеге айрықша итибар бериўге шақыраман», деди Президент. Республикамызда Мойнақта басланып, барлық районларда даўам етип атырған бул баслама бойынша Ташкент, Әндижан қалалары бул эстафетаны даўам етип, барлық ўәлаят­ларға ен жаймақта.

Бүгинге келип, бул баслама және де пәт алмақта. Жоқар­ғы Кеңес Баслығы Муса Тажетдинович Ерниязовтың тиккелей басшылығында республикамыз бойынша барлық қала, районлар менен орта арнаўлы, улыўма билим бериў мектеплери, жоқары тәлим орынлары ҳәм ҳеш жерге қамтылмаған барлық дәрежедеги жаслардың дизимлери усы ҳәптеде алып болынады. Оларды тийре-тийресине қарай үлкен топарларға бөлип, билим бериў, тәрбиядағы машқалалары анық үйренилип, ылайықлы шараятлар туўдырыў, зәрүрлигине қарап ғамқорлықлар көрсетиў, жумыс орынларын ашыў, сырт еллерге кетип ислеп атырғанларды қайтарыўға, шараят туўдырыўға тийисли жойбар исленип, мәмлекет нәзеринен ҳеш бир жастың сыртта қалмаўы ушын анық режелер ислеп шығыў, оларды иске асырыўға кирисилип атыр.

Кәсип-өнер колледжлерин, мектеплерди питкерип, жумыс­қа орналаса алмай атырған жасларды жаңадан ашылатуғын жумыс орынларына, улыўма алғанда, екинши кәсипке оқытыў бағдарламасы иске түседи.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев буннан үш жыл бурын, Өзбекстанымызда орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлери менен орта мектепти питкериўшилердиң ҳәр жылы барлығы болып 9 проценти ғана жоқары оқыў орынларына кириў мүмкиншилиги барлығы, елимиздеги 67 оқыў орнының талабаларды қамтыў мүмкиншилиги усыншама екени, ал, қоңсы Қазақстан, Россия мәмлекетлеринде бул көрсеткиш 30 проценттен жоқары екенин ашық айтқанында ҳәммемиз усыншама артта қалғанымызды билип ҳайран қалған едик. Соннан бери өткен үш жыл ишинде Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының саны ll9ға жетти, жыл жуўмағына еки еседен асып кететуғыны, «мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда кеминде 25 процентке ҳәм келешекте 50-60 процентке жеткеремиз, деди Президент. Мине, усы илажлар да көп ғана жумыссыз қалған жасларымыздың билим алыў менен бәнт болыўына үлкен тәсир жасайды.

Мүрәжатта халық хожалығының барлық тараўы, мийнеттиң түрли тараўында ислеп атыр­ған пуқараларымыз бо­йынша да жетилистирилетуғын илажлар, жүз беретуғын жаңалықлар, артта қалыўшылықты сапластырыў, жаңаланып атыр­ған, дүнья жүзилик шеклерге бет бурған елдиң ең зәрүр мәселелери бойынша да нақма-нақ көрсетпелер берилди. «Быйыл­ғы жылда кекселер, соның ишинде жалғыз баслы кекселер менен ислесиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша толық ҳәм тәсиршең система жаратыў зәрүр. Бул қатлам ушын ажыратылып атырған социаллық төлемлердиң муғдары да қайта көрип шығылыўы керекF Майыплық, жерлеў мәресими, бағыўшысын жоғалтыў бойынша напақалар, жумыс ўақтында майып болғанлар ушын компенсация сыяқлы төлемлерди қайта көрип шығып, «Социаллық қамсызландырыў ҳаққында»ғы Нызамды ислеп шығыў зәрүр», деп айрықша атап өтти.

Мүрәжатты тыңлап отырып, өзиңниң прогресс жолыңа нық қәдем қойған, илим, билим ҳәм мәрипат арқалы дүньядағы алдынғы еллердиң қатарына шығыў ушын анық илимге таянатуғын, өзиниң ақыл-закаўаты, бирликли жәмлескен ел екенине толық исеним пайда етесең. Айдын келешек жолына түскен елиң ушын мақтаныш сезимлери кеўлиңди көтереди.

Шарап УСНАТДИНОВ,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының ағзасы,

«Нураный» қоры Қарақалпақстан бөлими Кеңеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF