Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:12:11, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЛИМГЕ ИТИБАР – КЕЛЕШЕККЕ ИТИБАР

Президентимиз Ш.М.Мирзиёев өзиниң Олий Мажлиске Мүрә­жатында мәмлекетимизде соңғы үш жыл даўамында алып барылған реформалардың дәслепки дәўиринен баслап қолға киргизген табысларымыздың жуўмақлары ҳаққында атап өтиўи менен бирге, келешекке болған стратегиялық режелер ҳаққында айтты.

Журтбасшымыз атап өткениндей, сырт ел инвестицияларының ағымы өткен жылы 4,2 млрд. долларды қурады. Бул 2018-жылға салыстырғанда 3,1 млрд. сумға көп. Инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 37 процентке жетти. «Бизиң мәмлекетимиз халықаралық кредитлик рейтингти алды ҳәм дүнья финанслық базарында 1 млрд. доллар муғдарындағы облигацияларды жайғастырыўға табыслы ерис­ти», деди Президентимиз. Биринши рет соңғы 10 жыл ишинде Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң кредитлик тәўекелшилик рейтингинде, Жәҳән банкиниң ҳәм де «Бизнести алып барыў» Халықаралық корпорациясының рейтингинде Өзбекстанның позициялары жақсыланғанлығын атап өтти. Экспертлердиң пикирлери бойынша, бул жағдай инвес­торларды жаңа жойбарларды қаржыландырыўға хошаметлейди. Мәмлекетимиздиң экономикалық өсиўиниң себепшиси болған киши ҳәм орта кәрханалардың әҳмийетлилигин Президентимиз өз алдына былайынша атап өттиF «Өткен жылдағы алып барылған реформалардың нәтийжесинде 93 мың жаңа исбилерменлик субъектлери дүзилди, бул 2018-жылдағыға салыстыр­ғанда еки есе көп». Бизнести алып барыў бойынша мәмлекетимиздиң рейтингин жақсылаў бойынша ти­йисли илажлар исленип атыр. Жәҳән банкиниң ҳәм Халықаралық финанс корпорациясының рейтинги  бойынша «Бизнести алып барыў» дүньяда Өзбекстанның 50-орынды ийелеўи күтилип атыр. Буған инвестициялық бирге ислесиў шеңберинде мәмлекетимизде 206 ири объектлердиң иске қосылыўы ҳаққындағы режелер тийкар бола алады.

Билимлендириў — Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатының тийкарғы тараўларынан болды. 2020-жылды ол «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәриялады. Әлбетте, Президентимиз айтқанындай, илим менен ағартыўшылық тек жаслардың ғана емес, ал, пүткил бизиң жәмийетимиздиң интеллектуаллық ҳәм руўхыйлық потенциалының өсиўинде ең әҳмийетли орын тутады. Илим жоқ жерде регрессия, жәмийеттиң барлық тараўларында қалақлық ҳәм туўры жолдан адасыў болады.

Соны айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан Илимлер академиясы 20 жылдан аслам ўақыт даўамында дыққаттан шетте қалып қойған еди. Бирақ, бүгинги күнге келип мәмлекетимизде илим тек тикленип ғана қоймай, оның мәмлекетимиз тәрепинен қоллап-қуўатланыўы кескин өсти. Келешекте сырт еллердиң илимий орайлары, соның ишинде жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўди кеңейтиў режелери тур. Мақтаныш пенен айтқымыз келеди, 2017-жылдан баслап Өзбекстан Илимлер академиясына Президентимиздиң жеке өзи үлкен дыққат аўдара баслады. Тиккелей академиямыздың раўажланыўы бо­йынша әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди. Булар —  Президент пәрманлары менен қарарлары, Өзбекстан ҳүкиметиниң қабыл еткен қарарлары, басқа да ҳүжжетлер. Солардың ишинде академиклер институты тикленди, жаңадан академиклер сайланды, илимпазлардың ис ҳақылары өсти, оларды хошаметлеў, институтлардың материаллық базасын күшейтиў ҳәм т.б.лар бойынша бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Айтайық, егер де илим докторы ямаса кандидатларына бурын ҳеш қандай хошаметлеўлер белгиленбеген болса, усы жылдың январь айынан баслап илим докторының ис ҳақысына 60 процентке шекем, ал, илим кандидатының ямаса илим тараўы бойынша филосо­фиялық докторының ис ҳақысына 30 процентке шекем хошаметлеўлер белгиленди. 

Президентимиз Ш.М.Мирзиёев илим тараўында баслы тараўларды анық белгилеп алыў кереклигин мәселе етип қойды. Себеби, ол атап өткениндей, ҳеш бир мәмлекет бир ўақыттың өзинде илимниң барлық тараўларын раўажландырыўды қамтый алмайды. Соның ушын ҳәр жылы илимниң бир неше баслы тараўларын раўажландырыўдың тәрепдарымыз, деди Президент. Усы жылы илимниң математика, химия-биология, геология усаған тараўларында фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди жеделлестирип, алымларға барлық шараятлар жаратып бериледи. Сондай-ақ, илим тараўында фундаментал ҳәм иннова­циялық изертлеўлер ушын мақсетли грантлар ажыратыў механизмлерин түптен қайта көрип шығыў кереклигин Президентимиз әҳмийетли мәселе етип қойды.

Қарақалпақстанда да бүгинги күнде бир қатар илимий мәкемелер жоқары оқыў орынлары ҳәрекет етпекте. Солардың ишинде Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлимин атап өтсек болады. Бул бөлим  1959-жылы филиал етип дүзилген еди. Бүгинги күнге шекем бөлимде көплеген илимпазлар жетилисип шықты. Бизлердиң алдымызда да Президентимиз атап өткен илимниң баслы тараўларынан химия-биология ҳәм геология тараўларын раўажландырыў мәселеси тур. Неге дегенде, Қарақалпақстан аймағы тәбийғый ресурсларға бай аймақ. Аймақта көплеген дәрилик шөплер өседи, минерал ресурслар запаслары көп. Оларды илимий жақтан үйрениў баслы мәселелерден болып есапланады. Илимпазларымыз аймағымыздағы бай ресурслар бо­йынша бир қатар илимий жумысларды алып барыў арқалы көплеген нәтийжелер алыўға еристи, тийисли патентлер алынды. Бирақ, жетерли дәрежеде геологиялық излениў жумыслары алып барылмағанлығы себепли, халық хожалығы ушын әҳмийетли болған бир қатар минерал ресурслардың запаслары елеге шекем толық анықланбаған. Ал, анығын айтатуғын болсақ, аймағымыздағы бар минерал ресурслар санаат тараўлары ушын әҳмийетли шийки затлар болып табылады. Сол себепли оларды илимий жақтан изертлеўлер, запасларын анықлаў зәрүр мәселелерден есапланады. Олар ушын заманагөй инфраструктураларды жаратыў зәрүр. Президентимиз өз Мүрәжатында атап өткениндей, пайдалы қазылмаларды үйрениў ушын усы жылы 2 триллион сум муғдарында қаржы ажыратылады. Бул үлкен көлемдеги қаржыларды нәтийжели өзлестириў бойынша Мәмлекетлик геология комитетиниң алдына үлкен мәселе қо­йылды. Яғный, жаңа перспективалы майданларды ҳәм қазылмалар орынларын 35 процентке көбейтиў, ал, келеси жылы болса бул көрсеткишти және 40 процентке көбейтиў мәселеси қойылды.

Сондай-ақ, Арал теңизиниң қурғап қалған түбинде ҳәр қыйлы шөл өсимликлерин егиў әҳмийетли мәселе болып тур. Бөлимимиз алымлары бул жерлердиң топырақларын химиялық ҳәм биологиялық талқылап, оның физикалық-механикалық қәсийетлерин үйренбекте. Қайсы жерлерде шөлге ҳәм дузға шыдамлы қандай өсимликлерди өсириў керек екенлиги бойынша қытайлы илимпазлар менен биргеликте кең түрде илимий жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнде бөлимимиз жергиликли тәбийғый ресурслар бойынша илимий жумысларды кеңейтиў ушын тийислисинше фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерге қаратылған мақсетли грантларға мүтәж. Бул тараўда Президентимиз атап өткениндей, грантларды  ажыратыўдың механизмлерин түптен қайта көрип шығыў әҳми­йетли мәселе есапланады.

Мүрәжатта илим жетискенликлериниң электрон платформасын, жергиликли ҳәм сырт ел илимий нәтийжелер базасын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳәр бир жоқары билимлендириў ҳәм илим-изертлеў дәргайы абырайлы сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыўы шәрт.

Соны айтып өтиў керек, Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўында бүгинги күнде мәмлекетимизде онлаған сырт ел жоқары оқыў орынларының фи­лиаллары ҳәрекет етип тур. Бул оқыў орынлары, әлбетте, бизлердиң жоқарғы оқыў дәргайларымызға үлкен бәсеки болады. Усыған бола бизлерде де жоқары билимлендириў системасында оқыў сапасы тез пәт пенен өсип барады деп ойлаймыз.

Н.АИМБЕТОВ,

ӨзР Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими

президиумының баслығы, академик.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF