Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:09:22, 20.09.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРЛЕР УСЫНЫСНАМА АЛЫЎ УШЫН...

Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында 28-январь күни мүддетли әскерий хызметте болып атыр­ған әскерий хызметкерлер Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў орынларына оқыўға кириўи ушын әскерий бөлим сәркардасының жеңилликли усыныснамаларына ийе болыўы ушын тест сынақларын тапсырды.

Айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырымларын өз күшин жойтқан деп есаплаў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм 2012-жыл 31-майдағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеген пуқараларға жеңилликлер системасын жетилис­тириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар минис­трликлери ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети менен Миллий гвар­диясының қоспа қарары қабыл етилген.

Усы қоспа қарарға муўапық, өз әскерий ўазыйпасын шын кеўлинен атқарған ҳәм әскерий бөлим командириниң жеңилликли усыныснамасына ийе болған жигитлер республиканың жоқары әскерий билимлендириў мәкемелериндеги тийисли билимлендириў бағдарларына оқыўға кириўде тест сынақларының нәтийжелерине бола топлаған балларының 50 проценти муғдарында қосымша балл түриндеги жеңиллик, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери (жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери буған кирмейди) бакалавриатына оқыўға кириўи ушын ти­йисли оқыў жылына тастыйықланатуғын жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў параметрлеринен тысқары айрықша қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде таңлаўда қатнасыў ушын усы усыныснама бериледи.

Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң биринде өткерилген сынақлар ең жетекши әскерлерди анықлаў ҳәм оларға қосымша жеңиллик түринде усыныснамаларды бериў ушын таңлаўдың жуўмағы есапланады. Себеби, әскерий хызмет даўамында ҳәр бир әскер жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлықлардан ал­ған баҳалары, хызмет барысында ерискен жетискенликлери ҳәм үлгили минез-қулқы ҳәм ўазыйпаларды ҳүжданлы түрде атқарып атырғанлығы қадағаланып барылады.

Округ әскерлери сәркардасы тәрепинен бул тест сынақларында әдалат принциплерине тийкар­ланған ҳалда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген 8 аудиторияның барлығында бақлаў камералары орнатыл­ған болып, олар арқалы реал ўақыт критериясы түринде көрсетилип атырған видеотүсириўлердиң барлығы сис­темаға жазып сақланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен алынған тест сынақлары даўамында қағыйда ҳәм нызам бузылыў жағдайлары болмады. Әскерий хызметкерлердиң санын инабатқа алған ҳалда тест сынақлары 29-январь күни де даўам етти.

Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF