Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:23:33, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АРАЛ  ТӘҒДИРИ – ЖАСЛАР  ТӘҒДИРИ

Ҳәммеге мәлим, усы жылдың 11-январь күни Арал теңизи ултанында Халықаралық пресс-клубтың нәўбеттеги «Арал тәғдири: Теңиз шегинип атыр, лекин инсан шегинбейди» атамасындағы көшпели сессиясы болып өткен еди.

Бул сессияға республикамыздың барлық жаслар жетекшилери қатарында  қатнасқаныма оғада қуўанышлыман. Пресс-клубта Аралбойы аймағында экологиялық жағдайды сапластырыў, соның менен бирге, Арал теңизиниң қурыған ултанын жасыл тоғайзарлыққа айландырыў бағдарында жүргизилип атырған кең көлемли жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Әсиресе, Мойнақта жаңадан қурып пайдаланыўға тапсырылған социаллық объектлер, көп қабатлы турақ жайлар, жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге қаратылған мәдений дем алыў орайлары, қуўанарлысы, Мойнақ консерва заводының иске қосылғаны үлкен мақтаныш пенен тилге алынды. Әлбетте, бул илажлар тек мойнақшылардың ғана емес, ал, пүткил республикамыз хал­қының мақтанышына айланды.   

Сондай-ақ, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзаларынан ибарат бир топар жаслар менен биргеликте «Меҳир Аралды қутқарады» жойбары да шөл­кем­лестирилди. Жойбар шеңберинде болса, Арал теңизиниң курыған ултанында ҳаўа райының суўық болыўына қарамастан шын кеўли менен аянбай мийнет етип атырған ўатанласларымыздың жағдайынан хабар алып, ҳармасын айтып, сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа да өсимликлердиң туқымларын жыйнаў ҳәм оларды егиў процесслерине де белсене қатнастық. Ол жерде жаслар тырна қатар дизилип, қарық жарып атырған трактор ҳәм сексеўил туқымларын сеўип атырған самолётлардың басқарыўшылары менен қосыла егиў жумысларына белсене қатнасты. Теңиз ултанында йошлы қосықлар атқарылды. Теңизди жасыл тоғайзарлыққа айландырыўда қызғын мийнет етип атырған пидайы инсанлардың қатарында жаслар да өз үлеслерин қосыўды алдыларына нийет етип қойды. Өйткени, Арал тәғдири — биз жаслардың да тәғдири.

Гүлнара МУРАТБАЕВА,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер хәм мәденият институты Нөкис филиалының 1-курс студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF