Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:09:38, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЫНЫШЛЫҚ  САҚШЫЛАРЫ  —  ХАЛЫҚ  ТАЯНЫШЫ

Ўатан сезими — инсандағы ең уллы сезим. Адам баласы усы сезим арқалы инсаныйлық келбетке ийе болады. Сонлықтан, хал­қымыз турмыстың барлық тараўларындағы мийнет жемислерин инсан мәпине, Ўатан мәпине арнап келмекте.

Әсиресе, әзел-әзелден Ўатанды қорғаў, жасларды ўатансүйиўшилик сезими руўхында тәрбиялаў халқымыз ушын ийгиликли  нийет есапланады. 

Бүгинги күнде де мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланыўына тийкар болып атыр­ған тынышлығымызды қорғаў мақсетинде Қураллы Күшлерге тийисли бир қанша нызам ҳәм қарарлар қабыл етилди. Қураллы Күшлеримиздиң дүзилиўи ҳәм шөлкемлестирилиўи нызам менен белгиленип, Конституциямыздың 126-статьясында «Өзбекстан Республикасы өзиниң қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын жетерли дәрежеде Қураллы Күшлерине ийе» деп көрсетилген.

Быйыл Республикамыз Қураллы Күшлериниң шөл­кемлестирилгенине 28 жыл толды. Бундай қысқа ўақыт ишинде  миллий  армиямыз ҳеш бир мәмлекеттен артта қалмайтуғын дәрежедеги қурал-жарақларға, жаўынгерлик үскенелерге ийе болды. Республикамыз Қураллы Күшлеринде хызмет етип атыр­ған әскерлеримиздиң потенциалы ҳәм руўхый, ҳәм физикалық жақтан жоқары дәрежеге жетти.

Мәмлекетимизде жәҳәнде жүз берип атырған қарама-қарсылықлар, қәўип-қәтерлерден халқымызды, елимизди қорғаўдың исенимли системасы жаратылды. Бул система унамсыз жағдайлардың алдын алыўда, елимизде қәлиплескен тынышлық ҳәм турақлылық, меҳир-мүриўбет орталығын сақлап турыўдың тийкарғы таянышы болып хызмет етпекте. Деген менен, қәўипсизлик сергекликти талап етеди. Уллы бабамыз Әлийшер Наўайының: «Душпан көзиңе көринбегени ушын оннан бийпәрўа болма, өйткени, самалда көзге көринбестен келип шамды өширеди» деген дана пикири бизди мудамы қырағылыққа шақырады.

Саҳыпқыран Әмир Темур өзиниң салтанат ҳәм ел қор­ғаўшылары болған әскерлерине таянар, әмирлер ҳәм ләшкер басшылары менен кеңесип, мәсләҳәтлер алар еди.

Әмир Темурдиң бир ғана түзиклериниң өзи бизиң бабаларымыздың сиясий, ҳуқықый, мәдений ҳәм руўхый раўажланғанлық дәрежесин көрсетип, идеялық тәсир жасаўшы дерек ҳәм үлги хызметин атқарады. Темур түзиклери бүгинги жаслар ушын оғада әҳмийетли сиясий, экономикалық, әскерий ҳәм руўхый қолланба. Саҳыпқыран өзи таңлаған адамлардың әдеплилик қәсийетлерине көбирек итибар қаратады. Оның пикиринше, ўәзирлер 4 сыпатқа ийе болыўы тийис:

— таза нәсиллик ҳәм уллылық;

— узақты көре алатуғын, тез қарарға келетуғын, ақыл-парасатлылық;

— инсансүйиўшилик, халықтың аўҳалын жақсы түсинетуғын ҳәм ғамқорлық ететуғын;

— шыдамлы, сабыр-тақатлы, кишипейил.

Ол пүткил өмири даўамында ҳүжданлы басшылардың болыўына умтылып, мүмкиншилиги барынша бул нийетин әмелге асырыўға ҳәрекет еткен.

«Миллеттиң дәртине дәрман болыў ўазыйпаңыздур», «Күш — әдалатта», «Бир күнлик әдалат — жүз күнлик ибадаттан абзал» деген ибратлы пикирлерди ортаға таслап, тек өз қолы астындағы адамларды ғана емес, ал, пүткил инсанияттың руўхый жетилисиўине үлкен үлес қосқан ҳәм  бул даналық пикирлери бүгинги әўлад тәрбиясында да айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Әскерий хызметтеги жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда елимиз ҳәм халқымыздың исенимин ақлаўға умтылыў, ата-бабаларымыздың турмыслық тәжирийбелери, дәс­түрлери ҳәм де миллий идеясын ҳәмийше муқаддес билиўи ҳәм олардан халық мәпи жолында утымлы пайдаланыў көнликпелерин  жетилистириў талап етиледи.  Жуўапкершилик сезими де бизге уллы бабаларымыздан мийрас болып, қанымызға сиңген. Буны мудамы ядта сақлап, армиямыздың басып өткен курамалы жолларына, узақ тарийхына нәзер таслаўда қаншелли мақтанышлы екенлигин де айтып өтиў орынлы.

Халқымыздың «Билеги күшли бирди, билими күшли мыңды жығады» деген мақалында терең мәни бар. Усы көзқарастан бүгин Қураллы Күшлеримизди модерниза­циялаў, әскерий тәлим тараўына заманагөй билим, алдын­ғы шет ел тәжирийбелерин, мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды кеңнен ендириў бойынша баслаған ислеримизди үзликсиз түрде жаңа басқышларға көтериў талап етиледи.

Ўатанды қорғаў — тек әскерлеримиз ғана емес, ал, усы елде жасап атырған бәрше пуқаралар өз хызметлери менен үлес қосыўы тийис бол­ған уллы ҳәм мақтанышлы ис. Қорғаў дегенде тек қурал менен емес, ал, билим ҳәм мийнет пенен халықты социаллық қорғаў,  экономикалық кү­шин, ҳуқықый мәплерин қорғаў сыяқлылар да түсиниледи.

Соңғы жылларда қәлиплесип атырған жаңаша дүньяқарас әскерий хызметкерлеримизде Ўатанға садықлық, халық мәпи жолында пи­дайылық, келешекке үлкен исеним ҳәм ел алдындағы жуўапкершилик сыяқлы муқаддес сезимлердиң жетилисиўине тийкар болмақта. Бүгин Өзбекстанымыз раўажланған мәмлекетлер арасында өзиниң ылайықлы орнына ҳәм үлкен абырайға ийе болып атырған дәўирде жасларымыздың, әсиресе, әскерий хызметкерлеримиздиң руўхый жетиклиги, миллий ҳәм улыўмаинсаный мәнаўият дүрданаларынан хабардар болып, олардан тур­мыста утымлы пайдалана билиўи айрықша әҳмийетке ийе. Өйткени, «Шығыстың маржаны» аталған бизиң елимизге дүнья еллериниң қызығыўшылығы күннен-күнге артып, бизиң тарийхымызға, бүгинги турмыс тәризимизге тәси­йин қалып, баҳа бермекте.  Сонлықтан да, жасларымыз елимиз абырайына мүнәсип тәризде тәрбияланыўы тийис.

Перзентлери әскерий хызметте болған ата-ананың қуўанышы ҳәм мақтанышы өз алдына болары сөзсиз.  Өйткени, жигиттиң ел қорғаны болыўы — оның халық перзенти, елдиң таянышы бол­ғанын аңлатады. 

  

А.БАЙРЫЕВА,

ҚМУ «Миллий идея, мәнаўият тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими» кафедрасы баслығы,

философия илимлериниң кандидаты, доцент.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF