Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:42:31, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ИМАРАТ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-майдағы «Район (қала)лардағы Халық қабыллаўханалары жанындағы Мәмлекетлик хызметлер орайлары имаратларының Мәмлекетлик-жеке шериклик шәртлери тийкарында қурылысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыздың барлық аймақларында жаңа заманагөй ҳәм ҳәр тәреплеме қолайлы архитектуралық көриниске ийе Мәмлекетлик хызметлер орайлары имаратлары пайдаланыўға тапсырылмақта.

Жақында Қоңырат районындағы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Онда Қоңырат районы ҳәкиминиң орынбасары Б.Сейтназаров, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик хызметлер орайы басқармасы баслығы К.Артықовлар шығып сөйледи. Имараттың ашылыў мәресимине Қоңырат районы аймағындағы мәкеме-кәрхана басшылары ҳәм аймақ пуқаралары қатнасты. Орай имаратында келиўшилер ушын барлық қолайлылықлар жаратыл­ған. Тийкарынан жумсақ мебельлер менен тәмийинленген, қолайлы күтиў заллары, китапхана, электрон нәўбет, жас балалы аналар ушын арналған балалар майданшалары хызмет көрсетпекте. Жаңа имаратта Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қоңырат районындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң Қоңырат районы Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы, Әдиллик бөлими, Нотариус жайласқан. Халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында олардың сапасы, жеделлиги, ашық-айдынлығы ҳәм пайдаланыў имканиятын түп-тийкарынан арттырыў ­ «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халық ушын хызмет көрсетиўи керек» деген идеяны сөзсиз әмелге асырыўға көмеклеседи.

Бүгинги күнге шекем Қоңырат районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен халыққа 57 500ден аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, соннан 4500ден асламы көшпели тәризде алыс орын­ларға шыққан ҳалда көрсетилди. 280 юридикалық тәреп, 622 жеке тәртиптеги исбилерменлер мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Бул өз гезегинде пуқаралардың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўының өткен жыл­ларға салыстырғанда бир қанша көбейгенлигинен дерек береди. Биз үлкен исеним ҳәм мақтаныш пенен айта аламыз, бул көрсеткишлер келешекте буннан да жоқары дәрежеде болады. Себеби, бәрше қолайлылықларға ийе бундай жаңа имаратта пуқара­ларға буннан да тез, көп, сапалы хызмет көрсетиў имканиятына ийе болдық.

Шаҳноза БАЛТАБАЕВА,

Қоңырат районы Мәмлекетлик хызметлер орайының телефон

хызметин көрсетиў секторы байланыс операторы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF