Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:57:04, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСЫЛЫМЛАРҒА БИЙИТИБАР БОЛМАЙЫҚ

Азанда жумысқа шығып, аўылдан автобусқа отырған апамыздың ашыўы келип бир нәрселерди, бағана бәндиргиде көрип қалған базаршы қоңсысына аўзы толған саққызын пақылдатып, күйип-писип гәп баслады:

­ Эх, жумыс шаршатып жиберди адамды, тыным жоқ. Кеше пластикке айлық түсти. Үй руўзыгершилигине, коммунал төлемлер дегендей, суўырылды да кетти. Пулға шуқыр таяр. Кеше қурдаслар менен де гәп пулда болды!

Қоңсы базаршы апаның қолындағы газета итибарымызды тартты. Ол енди ғана газетаны ашып оқымақшы болып еди. Лекин, жаңағы апамыз оқымыслы, зыялы болса да, оған өз машқалаларын айтып, жәмәәтлик транспортта ҳәммениң мазасын алды. Және сол базар шарўа менен шыққан апаға қарап:

­ Ҳәй, қойсаң-ә сол газетаны. Не оқып маза табасаң. Оннан көре «ютуб»ке кир. Кеше «пәлен жерде әке өз қызын өлтирипти» деген зор видео көрдим. Зор нәрселердиң бәри интернетте...

Лекин, базаршы апа оған қарата: « — газета оқыўдың заўқы, дәми басқаша-дә»- деп қойды. «Зыялы» апаның еңсеси түсти.

Автобустан түсер екенмен, қыялымды бир ой бийлейди. Неге усы әдил сиясат ишинде жасап, руўхый азық болған газетаны зыялы, абырайлы жәмәәтте ислейтуғын апамыз оқымайды, лекин әпиўайы халық арасында жүрген, бала-шағасының ырысқысын өз мийнети менен таўып атырған базаршы апамыз оқымақта. Неге сол «зыялы» апамыз социаллық тармақлардағы алды-қашты гәплерге ет-бетинен таслайды? Оның руўхыяты, балалар тәрбиясындағы орны қай дәрежеде? Жумыс­та өним, сиясат, әсирлер даўамында халықтың жүрегине жақын болған, газета ҳаққындағы ойлары, түсиниклери қандай?

Итибар берсеңиз, газетаны әпиўайы халық сүйип оқыйды. Руўхый аш қалған айырым қостырнақ ишиндеги «апа», «аға»ларымыз әпиўайы халықтан өрнек алса арзыйды. Аўа, газета сол ҳақкеўил халықтыки. Оның қәдирин сол әпиўайы халық жоқары қояды, ҳүрмет етеди. Исенесиз бе? Газетаны басып шығарыў негизинде үлкен машақатлы мийнетти талап етеди. Ҳәр қыйлы жанрдағы мақалалар таярлаў, күнниң жаңалығын жеткериў, оларды газета бетлерине жайластырыў, дизайн, грамматикалық қәтелерин бирме-бир анықлап туўрылаў, баспаға таярлаў, баспахана жумысшыларының машақатлы мийнетлери (олар түнниң екинши ярымына шекем газета басып шығарады), редакция жәмәәтиниң маңлай териниң жемиси. Лекин, сол жүрегимизге жақын газета жарыққа шыққаннан кейин бир «үҳ» деп терең дем аламыз. Газетаны маңлайы­мызға тийгизип, жеңил тартамыз. Оқыўшыларға өз ўақтында жетип барыўына асығамыз.

Газеталардағы жаңалықлар, критикалық ҳәм терең анализленген мақалалар жазылыўшыларды, әлбетте, қызықтырады. Мәденият, турмыс айнасы саналған газета ҳәмийше халқымыздың руўхыятын жетилистириўге хызмет етеди. Китап, газета оқыған инсан ҳәмийше жетикликке ериседи. Өмирде өз пикирине ийе инсан болып камал табады. Солай екен, газетаның күнделикли турмысымыздағы орны бийбаҳа. Демек, газетаға жазылыўды умытқан болсаңыз асығың, дүнья жаңалықларын, елимизде жүз берип атырған реформалардан, республикамыз турмысындағы жаңалықлар сәўлеленген мақалаларды газета бетлеринде көрип, өз қолыңыз бенен услап турып оқыўдың заўқы өз алдына. Соны умытпайық, газеталарды оқып барыў руўхый тойыныўға, жақсылыққа умтылыўға шақырады.

Лобархан БАЗАРБАЕВА,

Беруний районы «Халық минбери» газетасының арнаўлы хабаршысы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF