Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:21:19, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ «2020-ЖЫЛ УШЫН ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БЮДЖЕТИ ҲАҚҚЫНДА»ҒЫ НЫЗАМЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2020-жылдан баслап Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң бюджет тараўындағы ўәкилликлерин кеңейтиў, бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, жергиликли бюджетлер дәраматларын қәлиплестириў ҳәм қаржыларынан пайдаланыўда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының еркинлигин тәмийинлеўге бағдарланған жаңа бюджет системасы енгизилмекте.

Биринши мәрте «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы менен республиканың бюджет қәрежетлери министрликлер ҳәм уйымлар кесиминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары тәрепинен, жергиликли бюджетлер қәрежетлери болса халық депутатлары жергиликли Кеңеслери тәрепинен тастыйықланыўы белгилеп қойылды.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысларына тиккелей байланыслы болған және толық жергиликли бюджетлер ықтыярында қалдырылатуғын дәрамат түрлери кеңейтилди.

2020-жылдан баслап барлық мәмлекетлик мақсетли қорлар ҳәм сырт еллерден алынған сыртқы қарыз қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған мәмлекетлик қәрежетлер консолидацияласқан мәмлекетлик бюджетте сәўлелендирилип, бюджеттиң қамтып алыўы ҳәм ашық-айдынлық дәрежеси күшейтилди. Халықаралық стандартларға муўапық улыўма фиксаллық баланстың есабын жүргизиў жолға қойылды.

Жаңа редакциядағы Салық кодексинде салықларды артықша өндиргени ушын мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жуўапкершилиги күшейтилди, заманагөй усылларды қолланған ҳалда сырт ел әмелиятында сыналған салық қадағалаўы формалары енгизилди, сондай-ақ, салықларды есаплаў ҳәм төлеў тәртиплери әпиўайыластырылды.

Өз гезегинде, әмелге асырылып атыр­ған реформалар министрликлер, мәкемелер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының биринши дәрежели қәрежетлерди, мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажларды өз ўақтында қаржыландырыў бойынша жуўапкершилигин арттырыўды, дәреги анық болмаған илажларды әмелге асырмаўды және бюджет интизамын буннан былай да беккемлеўди талап етеди.

Мәмлекетлик қаржы системасы ҳәм бюджет интизамын буннан былай да беккемлеў, салық-бюджет системасының ашық-айдынлығын арттырыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бюджет дәраматлары прогнозлық көрсеткишлериниң орынланыўында мәпдарлығын күшейтиў, сондай-ақ, «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер 2020-2024-жылларда мәмлекетлик қаржыны басқарыў системасын жетилистириў стратегия­сының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

салық-бюджет сиясатына стратегиялық қатнасты енгизиў мақсетинде орташа мүддетли бюджет тийкарларын ислеп шығыў және жыллық бюджетти қәлиплестириўдиң жаңа «нәтийжеге бағдарланған бюджет» системасын енгизиў;

макрофиксаллық прогнозлардың исенимлилигин тәмийинлеў бойынша институционаллық потенциалды және бюджет процеси қатнасыўшыларының жуўапкершилигин арттырыў;

бюджет қаржыларын бөлистириўшилер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының бюджет тараўындағы ўәкилликлерин ҳәм есаплылығын арттырыў және олардың жуўапкершилигин күшейтиў;

фиксаллық тәўекелшиликлерди баҳалаў, қаржы активлери ҳәм миннетлемелер есабын жүргизиў және оларды нәтийжели басқарыў системасын енгизиў;

бюджет есабы стандартларын унификациялаў, ишки қадағалаў ҳәм аудит системасын жетилистириў арқалы қаржы интизамын беккемлеў;

бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығы, толықлығы ҳәм халықаралық стандартларға сәйкеслигин тәмийинлеў;

бюджет процеси үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў.

Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги еки ай мүддетте халық­аралық финанс институтларының усынысларын есапқа алған ҳалда 2020-2024-жылларда мәмлекетлик қаржыны бас­қарыў системасын жетилистириў стратегиясын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер Министрлер Кабинети, министрлик ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң бюджет-қаржы тараўындағы тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин:

салық салыў объектлери ҳәм салық салынатуғын базаны толық қамтып алыў, салықлар жыйналыўы дәрежесин арттырыў, әмелдеги қорларды мобилизациялаў ҳәм жаңа өндирислик қуўатлылықларды иске түсириў арқалы тийисли бюджет дәраматлары прогнозының орынланыўын тәми­йинлеў;

бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў және оны үнем­леў, бюджет интизамын беккемлеў, бюджет қаржыларынан пайдаланыўдың нәтийжелилиги бойынша есаплылық системасын күшейтиў;

биринши гезекте қаржыландырылатуғын (мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, азық-аўқат, дәри-дәрмақ ҳәм коммуналлық хызметлер) қәрежетлерди өз ўақтында қаржыландырыў ҳәм кредитор қарыздарлыққа жол қоймаў;

объектлерди жойбарлаў, қурыў (реконструкциялаў) ҳәм үскенелеў ушын капитал қойылмаларды әмелге асырыў ушын нәзерде тутылған қаржыларды, биринши гезекте, алдынғы жыллардан өтетуғын объектлерди иске түсириўге бағдарлаў;

Өзбекстан Республикасы атынан ҳәм Өзбекстан Республикасы кепиллиги тийкарында алынатуғын сыртқы қарыз қаржыларын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли илажларын қаржыландырыўға бағдарлаў және олардан нәтийжели пайдаланыў арқалы нәтийжелиликти тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети 2020-жылы:

консолидацияласқан бюджет дефицити улыўма ишки өнимниң 0,5 процентинен артып кетпеўин;

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының дәрамат ҳәм қәрежетлери балансластырылған ҳалда орынланыўын;

Өзбекстан Республикасы (Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети) атынан ямаса Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сыртқы қарызды алып кириў бо­йынша қол қойылатуғын жаңа шәртнамалардың шекленген көлеми 4 млрд АҚШ долларынан артып кетпеўин;

 Өзбекстан Республикасы (Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети) атынан ямаса Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында алынатуғын және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қайтарылатуғын сыртқы карызды өзлестириўдиң шекленген көлеми 1,5 млрд АҚШ долларынан артып кетпеўин тәмийинлесин.

  1. Мәмлекеттиң сыртқы қарызы есабынан қаржыландырылған жойбарлар ҳәм бағдарламалардың нәтийжелилигин баҳалаў процеси төмендегилерди нәзерде тутатуғыны:

жуўмақланған жойбар ҳәм бағдарламаларды Өзбекстан Республикасы Есап палатасы аудиттен өткерип, аудит нәтийжелери бойынша мәлимлемени ҳәр шеректиң жуўмағында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы және Министрлер Кабинети Президиумына жиберетуғыны;

тийисли министрлик ҳәм уйымлар жуўмақланған жойбар және бағдарламалар бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының комитетлерине 3 ай ишинде презентациялар өткереди;

Өзбекстан Республикасы Есап палатасы, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қаржы министрлиги жойбар ҳәм бағдарламалардың ислеп шығылыўы, таңлап алыныўы, мониторинги ҳәм аудит нәтийжелерине байланыслы мағлыўматлар ғалаба хабар қураллары және веб-сайтларда жәрияланыўын тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы:

хызметкерлердиң улыўма шекленген саны шеңберинде басқарыў хызметкерлериниң саны 3 штат бирлигинен ибарат мәмлекетлик қарыз есабынан қаржыландырылған жойбар ҳәм бағдарламаларды аудит етиў секторын шөлкемлестирсин;

үш ай мүддетте мәмлекетлик қарызлар есабынан қаржыландырылатуғын жойбар ҳәм бағдарламаларды баҳалаў және аудиттен өткериў және оларды қәўиплер бо­йынша топарларға бөлистириў мәселелерин өз ишине алатуғын тәртипти тасты­йықласын.

  1. 2020-жылы екинши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарлары 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет уйымлары ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтилсин.

2020-жыл 1-февральдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары — айына 697 330 сум;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары — айына 238 610 сум;

жасқа байланыслы ең кем пенсиялар — айына 466 680 сум;

балалықтан майыпларға берилетуғын напақа — айына 466 680 сум;

зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа — айына 286 390 сум;

14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа, кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем муғдарлары 2-қосымшаға муўапық белгиленсин;

салықлар, жыйымлар, жәриймалар, мәмлекетлик бажылар ҳәм көрсетилип атыр­ған мәмлекетлик хызметлер, исбилерменлик хызметиниң белгили бир түри менен шуғылланыў ушын патент (лицензия) төлемлери және нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа төлемлердиң муғдарын анықлаўда қолланылатуғын базалық есаплаў муғдары — 223 000 сум өзгериссиз қалдырылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети ҳәм Қаржы министрлиги:

усы қарардың 3-қосымшасында көрсетилген 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети дәраматлары прогнозының орынланыўы бойынша барлық зәрүрли илажларды көрсин;

еки ҳәпте мүддетте жаңа редакциядағы Салық кодексиниң мазмун ҳәм мәнисин салық төлеўшилерге түсиндириў және әмелиятқа енгизиўди нәзерде тутатуғын илажлар режесин тастыйықласын ҳәм әмелге асырсын.

  1. Жаңа редакциядағы Салық кодексине муўапық бюджетке төлениўи керек бол­ған қосымша қун салығы суммасы унамсыз болған жағдайда усы сумманың орнын салық төлеўшиниң арзасына муўапық қаплаў тәртиби 2020-жыл 1-июльден баслап енгизилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети:

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў минис­трлиги менен биргеликте электрон есап бети-фактура системасы операторларының санын көбейтиў және операторлар менен биргеликте 2020-жыл 1-апрельге шекем электрон есап бети-фактуралар алмасыў системасын толық енгизиў илажларын көрсин;

электрон есап бети-фактуралар жүргизиўге өткен салық төлеўшилер ушын салық есабатларын тапсырыў тәртибин әпиўа­йыластырыў, сондай-ақ, электрон есап бети-фактуралар ҳәм онлайн қадағалаў-касса машиналар жүргизиўден бас тартқаны ушын жуўапкершилик шараларын енгизиў бойынша усынысларды 2020-жыл 1-июльға шекем Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. 2020-жылда салық жүгиниң кескин өсиўине жол қоймаў мақсетинде физикалық тәреплердиң мүлкине кадастр баҳалаўы тийкарында белгиленген мүлк салығының суммасы 2019-жылда есапланған салық суммасының 1,3 есесинен артық көбейтилмейтуғынлығы белгиленсин.
  2. 2020-жыл 1-январьдан баслап социаллық салық түсимлери төмендегише бөлистирилсин:

а) бюджет уйымлары бойынша:

бюджеттен тыс Пенсия қорына — 99,2 процент;

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорына — 0,4 процент;

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесине — 0,4 процент;

б) басқа төлеўшилер бойынша:

бюджеттен тыс Пенсия қорына — 98,4 процент;

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорына — 0,8 процент;

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесине — 0,8 процент.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап:

рентабеллик дәрежесинен келип шығып, «Наўайы кән-металлургия комбинаты» МК ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ ушын пайда салығының ставкалары 4-қосымшаға муўапық белгиленсин;

«Наўайы кән-металлургия комбинаты» МК ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖға жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкасы алтын, палладий ҳәм гүмис ушын 20 процент ҳәм мыс бойынша 15 процент муғдарында белгиленсин.

  1. Өзин-өзи қаржыландырыў сис­темасына өткен жоқары билимлендириў мәкемелерине нызамшылықта жоқары билимлендириў мәкемелери ушын нәзерде тутылған салық жеңилликлери қолланылады ҳәм 2020-жыл 1-январьдан баслап социаллық салықтың 12 процент­лик ставкасы енгизиледи.
  2. Жаңа редакциядағы Салық кодексине муўапық 2020-жыл 1-январьдан баслап аўыл хожалығына мөлшерленген жерлери болған юридикалық тәреплерден жер салығы аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик жағдайынан келип шығып, есапланатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети:

2020-жыл 1-апрельге шекем «Ўздаверлойиҳа» илимий-жойбарлаў институты, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте аўыл хожалығына мөлшерленген жерлери болған барлық юридикалық тәреплерге жер салығын есаплаў ушын аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик қунын жеткерсин;

2020-жыл 1-июльге шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте, халықаралық тәжирийбеден келип шығып, 2021-жылдан баслап аўыл хожалығы жерлериниң нормативлик қунын белгилеўдиң жетилистирилген системасын енгизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Мобиль байланыс хызметлерин көрсетиў ҳәм алкоголь өнимлери, соның ишинде, пиво ушын акциз салығы бойынша:

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети ҳәм Ташкент қаласы қалалық бюджетлерине ажыратылатуғын қаржылар ҳәр айда (есап бериў айынан кейинги айдың 5-сәнесине шекем, жыл жуўмағы бойынша соңғы жумыс күнине шекем) өткерилетуғыны;

дәраматлар прогнозының орынланбаған бөлеги Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети ҳәм Ташкент қаласы қалалық бюджетине Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны, прогноздың арттырып орынланған бөлеги Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети ықтыярында қалдырылатуғыны белгиленсин.

  1. Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басшылары бюджет дәраматы прогнозлық көрсеткишлерин артықша төленген ҳәм өндирилген салық суммалары есабынан орынланыўына жол қоймаў бойынша қатаң ескертилсин.

2020-жыл 1-январьдан орнатылатуғын тәртипке муўапық, артықша өндирилген салық суммаларын Өзбекстан Республикасы Орайлық банки қайта қаржыландырыў ставкасына тең болған ставкада процентлер төлеген ҳалда қайтарыў нызам ҳүжжетлери тийкарында белгиленген тәртипте:

Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткерилген салықлар бо­йынша — Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети есабынан;

Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлери, ра­йон ҳәм қалалар бюджетлерине өткерилген салықлар бойынша — тийисли жергиликли бюджетлер есабынан;

бюджет системасы бюджетлери арасында бөлистирилген салықлар бойынша — тийисли бюджетлер есабынан оларға ажыратпалар нормасына сәйкес түрде әмелге асырылады.

  1. Пайда салығы толығы менен Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине бағдарланатуғын ири салық төлеўшилердиң дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қаржы министрлигиниң усынысларына муўапық усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав капиталында 50 процент ҳәм оннан артық мәмлекетлик үлеси болған хожалық жәмийетлери басқарыў уйымларында 2020-жыл даўамында алынатуғын пайдадан дивидентлер (ажыратпалар) төлеў, олардың муғдарлары ҳәм төлеў дәўирлилигин белгилеў ҳаққындағы мәселелердиң көрип шығылыўын тәмийинлесин.

  1. Төмендеги салық түрлери бойынша дәраматлар прогнозының арттырылып орынланған бөлеги толық көлемде Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети, ўәлаятлардың ўәлаятлық бюджети және Ташкент қаласының қалалық бюджетине қалдырылсын:

физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы;

қосымша қун салығы (усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген ири салық төлеўшилер тәрепинен төленетуғын қосымша қун салығы буған кирмейди);

пайда салығы (усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген ири салық төлеўшилер, Өзбекстан Республикасында турақлы жумыс алып барыўшы уйым арқалы жумыс алып баратуғын Өзбекстан Республикасының резиденти болмағанлар тәрепинен, сондай-ақ, резидент болмағанлардың төлеў дәрегинде услап қалынатуғын дәраматларынан төленетуғын пайда салығы буған кирмейди).

Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлигине баҳалар (тарифлер) ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери өзгерисинен келип шығып, қосымша қун салығы бо­йынша дәраматлар прогнозын тастыйықланған көрсеткишлер шеңберинде аймақлар кесиминде қайта бөлистириў ҳуқықы берилсин.

  1. 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети, Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлериниң айланба касса қаржыларының жол қойылатуғын ең кем муғдарлары 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. 2020-жылда бюджет системасы бюджетлери есабынан қәрежетлерди әмелге асырыў ҳәм жумысларды орынлаў төмендеги жағдайларда қадаған етилсин:

қаржыландырыў дәреги анық болмаса;

белгиленген тәртипте тастыйықланған жойбар ҳүжжетлери (жумысшы жойбар, жумыс ҳүжжетлери, жойбар-сметалық ҳүжжетлери)сиз ямаса жойбар ҳүжжетлерин қурылыс-монтажлаў жумыслары менен бир ўақытта таярлаў, яғный параллел түрде алып барыў;

бөлип алып ислеўши (жойбарлаўшы) шөлкемлерди тендер (конкурс) өткерместен («Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы нызам, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери, Министрлер Кабинетиниң қарар ҳәм бийликлеринде нәзерде тутылған болмаса) таңлап алыў тийкарында.

Усы бәнтте көрсетилген бюджет интизамы қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен Бас министрдиң тийисли тараўлар бойынша орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, ра­йонлар ҳәм қалалар ҳәкимлериниң жеке  жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минис­трлиги және Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте бир ай мүддетте қурылыс тараўында реформаларды тереңлестириў, қурылыс нормалары ҳәм қағыйдаларын қайта көрип шығыў, қурылыс-жойбарлаў шөлкемлериниң жумысларын тәртипке салыў, олар арасында саламат бәсекини қәлиплестириў, жалланба жумысшылардың рәсмий емес жумысларын легалластырыўға бағдарланған Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Аўыл хожалығы ҳәм Инновациялық раўажланыў министрликлери менен биргеликте 2020-жыл 1-майға шекем суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўге мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардың зүрәәтлиликтиң артыўына, суў ҳәм материаллық (электроэнергия, минерал төгинлер ҳәм басқалар) ресурслардың үнемлениўине болған тәсирин бийғәрез консалтинг компаниялар менен биргеликте үйренсин ҳәм 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Министрлер Кабинетине суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.

 Бийғәрез консалтинг компанияларын тартыў менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан қаплансын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге әмелдеги нызамшылық талапларына қарсы түрде зыян жеткерилмеўин тәмийинлеў;

Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик зәрүрликлер ушын жер участкаларының алып қойылыўы мүнәсибети менен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жеткерилген зыянларды қаплаў бойынша аймақлық қорлардың қаржыларынан пайдаланыў бойынша шығарылатуғын қарарларын мәжбүрий тәртипте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери менен келисилиўи және зыянларды қаплаўда олардың мәмлекетлик бюджети ҳәм жергиликли бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыўы бойынша жуўапкершилиги белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети 2020-жыл 1-февральға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тыс қорларына мәмлекетлик бажылары, жыйымлар ҳәм салық болмаған төлемлер, ҳәкимшилик ҳәм қаржы жәриймалардан ажыратпалар муғдарын бюджеттен тыс қаржылардан төленип киятырған мийнет ҳақы ҳәм хошаметлеўши төлемлерди унификацияластырған ҳалда Мәмлекетлик бюджет арқалы әмелге асырыў есабынан оптималластырыў бойынша усыныс киргизсин.

Министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тыс қорлары есабынан олардың хызметкерлерине турақ жай ҳәм автомашиналар сатып алыўы ушын жеңилликли кредитлерди ҳәм процентсиз ссудаларды ажыратыў бийкар етилсин.

  1. 2020-жыл 1-январьдан баслап бюджет шөлкемлери, министрликлер, уйымлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың:

Миллий валютадағы бюджеттен тыс қаржыларының есабы тек ғана Бирден-бир ғазна есап бетинде жүргизилетуғыны;

ўақытша бос турған миллий валютадағы қаржыларды коммерциялық банклер депозитлерине жайластырыў олардың сораўлары тийкарында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен Орайлық банк пенен келисилген ҳалда электрон аукцион арқалы әмелге асырылатуғыны;

коммерциялық банклер депозитлерине 2020-жылға шекем жайластырылған миллий валютадағы қаржылары депозит мүддети жуўмақланғаннан соң, мүддет созылмай Бирден-бир ғазна есап бетине өткерилетуғыны. Бунда коммерциялық банклер депозитлерине кредит ресурсы сыпатында мақсетли жайластырылған қаржылар усы ресурс есабына берилген кредитлер сөндирилгеннен соң Бирден-бир ғазна есап бетине өткерилетуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки ҳәм Қаржы министрлиги бюджет шөлкемлери және мәмлекетлик мақсетли қорлардың коммерциялық банклердеги есап бетлериниң ҳәрекети бойынша мағлыўматлар алмасыўын жолға қойсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги және Әдиллик министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте емлеў ҳәм профилактика мәкемелеринде, «Бәркамал әўлад», балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде, спорт мәкемелеринде, мәмлекетлик мәденият мәкемелеринде, ветеринария бөлимшелеринде, әдиллик уйымларында төлемли хызметлер көрсетиў әмелиятын үйренип шыққан ҳалда халыққа және де қолайлылық жаратыў, пул түсимлериниң ашық-айдынлығын арттырыў бойынша Минис­трлер Кабинетине анық усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-июньге шекем мәмлекетлик шөлкемлерде жеңил хызмет автомашиналарының шекленген санын белгилеў, сондай-ақ, басшы хызметкерлерге хызмет автомашиналарын класына қарай бириктириў тәртибин ислеп шықсын және Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
  3. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте өз қарамағындағы мәкемелерде аўқатландырыў бойынша енгизилген аутсорсинг системасының нәтийжелилигин үйренип шықсын ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине тийисли усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги орайлық аппаратында билимлендириў мәкемелеринде мийнет ҳақыны режелестириў ҳәм қаржыландырыў бөлимлерин шөлкемлестириў ушын аймақлық ғазнашылық уйымларының штат бирликлерин қысқартыў есабынан қосымша 4 еўден штат бирликлери ажыратылсын.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Қаржы минис­трлиги ҳәм Санитария-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте улыўма билим бериў мектеплериниң оқыў имаратларынан нәтийжели пайдаланыўға және класларды комплектлеў процесиниң ашық-айдынлығын арттырыўға бағдарланған улыўма билим бериў мәкемелеринде класларды комплектлеў және тарификация дизимлерин қәлиплестириў тәртиби ҳаққындағы Режени орнатылған тәртипте ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилерге, аймақлық қаржы уйымлары тәрепинен болса аймақлық бюджет қаржыларын бөлис­тириўшилерге тийисли бюджетлерден келеси үш жыл ушын ажыратылатуғын бюджет қаржыларының шекленген муғдарларын және жоқары бюджетлерден төменги бюджетлерге берилетуғын трансфертлер муғдарын ҳәр жылы 15-июньге шекем жеткериў тәртиби енгизилсин.

Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк пенен биргеликте Министрлер Кабинетине ҳәр жылы 1-майға шекем Өзбекстан Республикасы экономикалық раўажланыўының кейинги жылға мөлшерленген макроэкономикалық прогнозы анықластырылған көрсеткишлерин, ҳәр жылы 15-августқа шекем болса орта мүддетли (келеси үш жылға) дәўирге мөлшерленген прогнозларын усыныс етсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020-жыл 1-июньге шекем Өзбекстан Республикасы бюджет системасының бюджетлери арасында бюджетлер­аралық трансфертлердиң муғдарын анықлаў және өткериў қағыйдаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин баҳалаўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртибин басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсинF

2020-жыл даўамында денсаўлықты сақлаў, халық билимлендириўи, автомобиль жоллары ҳәм суў хожалығы тараўларында 2018-2019-жыллар даўамында қабыл етилген илажларға бағдарланған бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қаржылардың нәтийжелилигин халықаралық финанс институтларының экспертлерин тартқан ҳалда таллап, баҳалаў;

баҳалаў нәтийжелеринен келип шығып, тәжирийбе түринде, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў минис­трлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Автомобиль жоллары комитети ҳәм Суў хожалығы министрлиги қәрежетлериниң сапа ҳәм муғдар көрсеткишлерин белгилеў және оларды баҳалаў системасын енгизиў, усы тәризде көрсетилген минис­трликлер ҳәм уйымлардың 2021-жыл ушын бюджетлерин қәлиплестириў;

2021-жылдан баслап барлық минис­трликлер ҳәм уйымлардың бюджетлери қәрежетлериниң нәтийжелилик индикаторларын белгиленген ҳалда мақсетли режелестириў системасына өткериў ҳәм усы системаны 2022-жылдың бюджетлерин қәлиплестириўде енгизиў.

Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги структурасында белгиленген штат бирликлери шеңберинде 5 штат бирлигинен ибарат Бюджет қәрежетлериниң нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм бюджетти режелестириўдиң программалық-мақсетли усылларын енгизиў бөлими шөлкемлестирилсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеми муғдарларын тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Есап палатасы менен биргеликте:

Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлеринен әмелге асырылатуғын қәрежетлерди, сондай-ақ, республикалық бюджеттен қаржы алатуғын бюджет қаржыларын бөлистириўшилер тәрепинен оларға ажыратылған бюджет қаржыларынан мәнзилли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы бойынша турақлы қадағалаў орнатсын;

2020-жыл 1-сентябрьге шекем жетекши сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда министрликлер ҳәм уйымлар, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджеттен қаржы алыўшылар басшыларының жеке жуўапкершилигин арттырыўды нәзерде тутатуғын Ишки қадағалаў ҳәм ишки аудитти раўажландырыў концепциясын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасының 2019-жыл­ғы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының орынланыўы ҳаққындағы есабатынан баслап финанслық активлер ҳәм миннетлемелердиң өзгериўине байланыслы финанслық өткермелерди Мәмлекетлик қаржы статистикасының халықаралық стандартларынан келип шығып, есабатта сәўлелендирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Өзбекстан Республикасының 2019-жылғы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының қәрежетлерин төмендеги көлемлерде анықластырыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсинF

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қәрежетлери 113, 500,0 млрд сум муғдарында;

бюджеттен тысқары Пенсия қорының қәрежетлери 26 260,0 млрд сум муғдарында;

Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қәрежетлери 426,0 млрд сум муғдарында.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик қаржыны басқарыў, бухгалтериялық есапты жүргизиў ҳәм есабатларды қәлиплестириў, сондай-ақ, бюджет мәкемелеринде ислейтуғын жумысшы хызметкерлерге мийнет ҳақы және оған теңлестирилген төлемлердиң есабын толық автоматластырылған ҳалда әмелге асырыў бойынша мәлимлеме бағдарламаларының үзликсиз жумыс алып барыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша қаржылары есабынан сервер ҳәм телекоммуникация қурылмаларын жаңаласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-декабрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF