Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:00:07, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРДЫҢ МИЙНЕТ ЕТИЎ ҲУҚЫҚЫ

Мийнет етиў — пуқаралардың нызам ҳүжжетлерине қайшы келмейтуғын, өз жеке ҳәм социаллық талапларын қандырыў менен байланыслы болған, оларға ис ҳақы (мийнет дәраматы) келтиретуғын хызмети болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 37-39-cтатьяларына көре, ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдалатлы мийнет шараятларында ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе. Суд ҳүкими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен яки нызамда көрсетилген басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. Жалланып ислеп атырған барлық пуқаралар дем алыў ҳуқықына ийе. Жумыс ўақты ҳәм ҳақы төленетуғын мийнет дем алысының мүддети нызам менен белгиленеди. Ҳәр ким қартайғанда, мийнет етиў уқыбын жоғалт­қанда, сондай-ақ, бағыўшысынан айырылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе.

Ҳәр бир хызметкер:

өз мийнети ушын нызам ҳүжжетлеринде мийнетке ҳақы төлеў бирден-бир тариф сеткасының биринши разряды бо­йынша белгиленетуғын аз болмаған муғдарда ҳақы алыў;

мүддетлери шегарасы белгиленген жумыс ўақтын орнатыў, бир қатар кәсиплер ҳәм жумыслар ушын жумыс күнин қысқартыў, ҳәр ҳәптелик дем алыс күнлери, байрам күнлери, сондай-ақ, ҳақы төленетуғын жыллық дем алыслар бериў арқалы тәмийинленетуғын дем алыўға ҳуқықлы.

Елимизде мәжбүрий мийнет, яғный, белгили бир жазаны қолланыў менен қорқытыў арқалы жумыс ислеўге мәжбүрлеў қадаған етиледи, нызамда белгиленген жағдайлар буннан тысқары. Адамлардың ықтыярлы рәўиште жумыс пенен бәнт болмаслығы оларды жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар бола алмайды.

Ҳәр ким жумыс бериўшиге туўрыдан-туўры мүрәжат етиў яки мийнет уйымларының бийпул көмеги арқалы жумыс орнын еркин таңлаў ҳуқықына ийе.

Жумыс излеп атырған ҳәм мийнет уйымларына мүрәжат еткен пуқаралар тәмийинленетуғын жумыс түрин, орнын ҳәм мийнет режимин еркин таңлаў мақсетинде кәсип-маманлыққа тийисли бийпул мәсләҳәтлер алыў, кәсипке таярлаўдан, қайта таярлаўдан өтиў, маманлығын арттырыў ҳәм де ти­йисли хабар алыў ҳуқықына ийе.

Барлық пуқаралар мийнет ҳуқықларына ийе болыў ҳәм олардан пайдаланыўда тең имканиятларға ийе. Олар мийнетиниң нәтийжелерине байланыслы болмаған басқа тәреплерине қарап мийнетке тийисли қатнасықлар тараўында ҳәр қандай шеклеўлерге яки жеңилликлер белгилеўге жол қойылмайды ҳәм булар кемситиў деп есапланады.

Мийнет тараўында мийнеттиң белгили бир түрине ти­йисли болған талаплар яки мәмлекеттиң жоқарырақ социаллық қорғаўға мүтәж болған шахслар (ҳаяллар, ержетпегенлер, майыплар ҳәм басқалар) ҳаққындағы айрықша ғамқорлығы менен байланыслы парықлаўлар кемситиў деп есапланбайды.

Мийнет тараўында өзин кемситилген деп есаплаған шахс кемситиўди сапластырыў ҳәм де өзине жеткизилген материаллық ҳәм руўхый зыянды төлеў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўи мүмкин.

Мәжбүрий мийнет, яғный, белгили бир жазаны қолланыў менен қорқытыў арқалы (сол қатарынан мийнет тәртибин сақлаў қуралы сыпатында) жумыс ислеўге мәжбүрлеў қадаған етиледи.

Төмендеги жумыслар, яғный:

әскерий яки альтернатив хызмет ҳаққындағы нызамлар тийкарында;

айрықша жағдай жүз берген шараятларда;

судтың нызамлы күшине кирген ҳүкимине муўапық;

нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда орынланыўы лазым болған жумыслар мәжбүрий мийнет деп есапланбайды.

Ҳәр бир шахстың мийнет ҳуқықларын қорғаў кепилленеди, бул қорғаў мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел қылыныўын тексериўши ҳәм бақлаўшы уйымлар, сондай-ақ, мийнет даўларын көриўши уйым­лар тәрепинен әмелге асырылады.

А.АБДРАСУЛИЕВ,

Пуқаралық ислери бо­йынша Беруний районлар аралық судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF