Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:53:24, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ОРАЙ ИСКЕ ТҮСТИ

Өзбекстан Республикасының Германиядағы елшиханасының тиккелей басламасы менен Германияның ири клиникалары ҳәм медициналық техникалар ислеп шығарыўшы компаниялары менен биргеликте Нөкис қаласындағы О.Халмуратов атындағы республикалық көп тармақлы медицина орайы қасында «Германия-Өзбекстан медициналық мәсләҳәт ҳәм диагностика орайы» шөлкемлестирилип,  салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Германияның «OPASCA» компаниясының директоры, техника илимлериниң докторы  А.Свердлов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды орайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Буннан кейин илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Бул орай ушын Германияның «Неinemann Medizintechnic», «Geriner» сыяқлы компаниялары тәрепинен ислеп шығарылған қулақ, аўыз, мурын кеселликлерин емлеўде қолланылатуғын, сондай-ақ, хирургиялық операция­ларда пайдаланылатуғын керекли әсбап-үскенелер жеткерилип берилди. Соның менен бирге, Германияның KFW банки кредити тийкарында ең заманагөй магнитли резонанслы томо­графия үскенеси алынды ҳәм немис клиникаларының шыпакерлери менен телемедицина тийкарында мәсләҳәтлер алыў ушын арнаўлы хана үскенеленди.

Келешекте Өзбекстанның Германиядағы елшиханасы орайды турақлы қоллап-қуўатлаўды, оның жумысын жетилистириўге жәрдемлесиў ушын ти­йисли илажларды әмелге асырыўды, немис компаниялары менен бирге ислесиўди және де кеңейтиўди, биргеликте телемедицинаны кеңнен қолланыўды, жас қәнигелердиң Германияда тәжирийбе топлап қайтыўына имканиятлар жаратыўды режелестирген. Атап айтқанда, 2020-жыл даўамында Германиядан медициналық үскенелер ҳәм буйымлар жеткерилип бериледи. Берлин, Росток, Маннхайм, Минден, Фрайбург сыяқлы клиникалардағы жоқары тәжирийбели шыпакерлердиң бул жерге сапары шөлкемлестириледи. Телемедицина арқалы немис қәнигелери менен биргеликте аўыр наўқасларды емлеў бо­йынша мәсләҳәтлесиўлерди әмелге асырыў жолға қойылады. Орайда ислеп атыр­ған жас умтылыўшаң шыпакерлердиң Германия клиникалары ҳәм емлеўханаларында билимин жетилистирип қайтыўы режелестирилген.

Биз пайыттан пайдаланып, бир қатар қәнигелердиң пикирлери менен ортақластық.

Доктор Арслан Асади, Германияның «Минден» клиникасы қан-тамыр хирургиясы бөлиминиң бас шыпакери:

— Медицина тараўында топлаған 15 жыллық тәжирийбемниң арқасында ғана Қарақалпақстанға келип, бул жердеги кәсиплеслерим менен бирге ислесиў бахтына миясар болып атырман. Бул елде бир нешше күн болыўыма қарамастан, операциялар ислеп, пуқараларға медициналық мәсләҳәтлеримди бердим.

Бүгинги күнде Өзбекстанның медицинасы раўажланған. Шыпакерлерде де изленис, пуқта билим бар деп айта аламан. Бирақ, заманагөй әсбап-үскенелердиң жетиспеўшилиги жумысларында бираз қыйыншылық туўдырып атыр екен. Германия Республикасы олардың бул бағдардағы машқалаларын сапластырыў жолында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўды мақсет еткен:

О.Ирисов, О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының бас шыпакери, медицина илимлериниң докторы:

— Республикамызда инновациялық жаңа технологиялардан пайдаланыў, медицина тараўындағы халықаралық қатнасықларды беккемлеў мақсетинде О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының Мәсләҳәт поликлиникасы жанында заманагөй диагностика орайының ашылыўы бизиң жәмәәтимиз ушын үлкен табыс. Буннан мақсет — бүгинги күндеги медицинамызды немис медицинасы дәрежесине жеткериў, немис медицинасының алдынғы жетискенликлеринен халқымыздың пайдаланыўына имканият жаратыў болып, бул ушын усы мәмлекеттеги ең ири клиникалары менен биргеликтеги жумысларымызды жолға қойып атырмыз.

Бүгинги күнде орайымызда 2 немис қәнигеси жумыс ислеп атырған болса, келеси жылдың январь, март айларында және қәнигелер келип, жергиликли шыпакерлер менен биргеликте жумыс алып барады.

Айтып өтиў керек, елшихана тәрепинен усы жылы Росток университети хирургия клиникасының көкирек хирургиясының бөлим баслығы, доктор Р.Ортер Нөкистеги усы орайда 4 күн даўамында болды. Жергиликли қәнигелер менен бирге 6 хирургиялық операцияны табыслы әмелге асырып, 15 тен аслам наўқасты медициналық тексериўлерден өткерди.

З.Қайыпбергенова, орайдың лор бөлими шыпакери:

— Орайға келтирилген лор комбайн диагностикалық үскенесиниң қолайлы тәреплери микроскоп өзине орналастырылған болып, тамақ, мурын жолларындағы айырым кеселликлерди анықлаўды аңсатластырады. Үскене жақтылықты жеткерип беретуғын, тазалайтуғын қәсийетке ийе болып, монитор жәрдеминде барлығын бақлап барыў мүмкиншилигин береди. Орайы­мызға келтирилген бул жаңа үскенелер кеселликлерди ерте анықлап, олардың асқынлап кетиўиниң алдын алыўда ҳәм дәл диагноз қойыўда биз шыпакерлерге үлкен жәрдемши болады.

Усы күни Германияның «Минден» клиникасының қан-тамыр хирургиясы бөлиминиң бас шыпакери, доктор Арс­лан Асади Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының студентлери ушын шеберлик сабағын өтип, жүрек қан-тамыр кеселликлери бойынша қурамалы операцияларды әмелге асырыўдағы тәжирийбелеринен көрсетип берди.

 Бул илажда Германияның Лёррах емлеўханасының анестезиология бөлиминиң баслығы доктор Вальтер Хайндл «Интубациялаўдағы машқалалар ҳәм қыйыншылықлар» атамасында өз презентациясын өткерип, Германия медицинасының бүгинги күндеги жетискенликлери ҳәм тараўда ушырасып атыр­ған айырым машқалалар бойынша тоқтап өтти.

Қулласы, Нөкис қаласында жумыс баслап атырған бул орай Арал теңизиниң қурыўы ҳәм экологияның бузылыўы нәтийжесинде пайда болған ҳәр қыйлы кеселликлерден жәбирленген пуқаралардың тәжирийбели немис шыпакерлериниң қатнасыўында емлерин алыў имканиятына ийе болады.

Германиялы шыпакерлер республикамызда 1 ҳәптеден 1 айға шекемги мүддетте мийманда болып, жергиликли кәсиплеслери менен биргеликте наў­қасларды тексереди, диагноз қойып, емлеў ислерин алып барады.

Г.ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF