Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:46:09, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НӨКИСТЕ ПРЕЗИДЕНТ МЕКТЕБИ АШЫЛДЫ

Усы жыл 11-декабрь күни Нөкисте Президент мектебиниң ашылыў салтанаты болды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерния­зов жыйналғанларды Президент мектебиниң ашылыўы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Республикамызда Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң, Наўайы кәншилик институтының, Самарқанд ветеринария медицина институтының Нөкис филиалларының ашылыўы, Ташкент  педиатрия медицина институтының Нөкис филиалына 75, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 25 студенттиң квота тийкарында қабыл етилгенлиги буның айқын дәлили болып табылады. 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мир­зиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16 ноябрь күнлери  республикамызға сапары ўақтында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириўге де айрықша итибар қаратып, елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Елбасшымыздың 2019-жыл 20-февраль күни «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында бүгинги күни Ташкент, Наманган, Хийўа қалаларынан кейин Нөкис қаласында Президент мектеплери ашылды.

Илажда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары А.Садуллаев, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры С.Бабаходжаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиз басшысының басламасы менен билимлендириў тараўын реформалаў, қәбилетли балаларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. 

Мектептиң биринши қоңыраўы қағылып, дәслепки сабақлар басланды.

Президент мектебиниң қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан  67 миллиард сум қаржы ажыратылды. Атап айтқанда, заманагөй жойбар тийкарында 168  орынға мөлшерленген еки қабатлы оқыў имараты, усынша орынға мөлшерленген үш қабатлы жатақхана, барлық қолайлықларға ийе мийманхана, спорт заллары, бассейн, асхана, сабақ таярлаў ханалары оқыўшылардың хызметинде болады. Барлық зәрүр инвентарьлар Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетинен алып келинди.

Мектепте оқыў процеси қарақалпақ, өзбек тиллеринде, сондай-ақ, «STEAM» билимлендириў бағдарламасы тийкарында алып барылады. Математика, физика, химия, биология ҳәм мәлимлеме технология пәнлери инглис тилинде оқытылады. Жергиликли оқытыўшылыр менен бир қатарда Кениядан, Уллыбританиядан ҳәм Қубла Африкадан сегиз тәжирийбели қәниге мирәт етилди.

Быйылғы жылы мектепке 7500 оқыўшы ҳүжжет тапсырған болса, соннан «жүзден жүйрик, мыңнан тулпар» дегениндей, Кембридж университетиниң халықаралық имтихан бөлиминиң тәжирийбели қәнигелери тәрепинен 144 оқыўшы таңлап алынды. Ҳәр бир класста еки топарға бөлинген ҳалда 12 оқыўшыдан жәми 24 оқыўшы билим алады.

— Усы оқыўшылардың қатарында мектепке қабылланғанымнан қуўанышлыман,-дейди Әмиўдәрья ра­йонынан Шахриёр Шомурадов. — Бул жерде терең билим алыўымыз ушын барлық шараятлар жаратылған. Келешекте Президентимиздиң биз жасларға билдирип атырған исенимин ақлаўға ҳәрекет етемен.

Илаж қатнасыўшылары Президент мектебинде оқыўшылар ушын жаратыл­ған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF