Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:54:15, 08.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СЫРТҚЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ЖУМЫС МИЛЛИЙ БАНКИ» УНИТАР КӘРХАНАСЫН АКЦИОНЕРЛИК ЖӘМИЙЕТИ ТҮРИНДЕ ҚАЙТА ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-октябрьдеги ПҚ-4487-санлы «Өзбекстан Республикасы банк секторының финанслық турақлылығын арттырыўға байланыслы биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Өзбекстан Республикасы сыртқы экономикалық хызмет миллий банки» унитар кәрханасы жумысында заманагөй улыўма тән алын­ған корпоративлик бас­қарыў принциплерин енгизиў мақсетинде:

  1. Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң унитар кәрхана түриндеги «Өзбекстан Республикасы Сырт­қы экономикалық жумыс миллий банки»н (кейинги орынларда — Өзмиллийбанк) «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» акционерлик жәми­йети түринде (кейинги орынларда — «Миллий банк» АЖ) қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры мәм­лекеттиң атынан «Миллий банк» АЖниң шөлкемлестириўшиси есапланатуғыны;

жаңадан шөлкемлестирилип атырған «Миллий банк» АЖ устав капиталы соңынан нызамда белгиленген тәртипте арттырылған ҳалда 1-қосымшаға муўапық көлемде ҳәм үлеслерде қәлиплестирилетуғыны;

«Миллий банк» АЖ қайта шөлкемлестирилип атырған Өзмиллийбанктиң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бо­йынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер «Миллий банк» АЖ жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип бел­ги­ленсин:

сырт ел кредит линияларын, халық­аралық капитал базарындағы ресурс­ларды, сырт ел инвесторларының қаржыларын тартыў арқалы экономиканың тийкарғы секторларында ири инвес­тициялық жойбарларды жедел түрде кредитлеў;

хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм оперативлигин арттырыў ушын  инновациялық финанслық өнимлерди енгизиў;

киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине банк хызметлерин, сондай-ақ, сыртқы экономикалық хызмет мәселелеринде финанс­лық мәсләҳәтлер бериў ҳәм мәлимлеме жәрдемин көрсетиў;

халыққа усақлап банк хызметлерин көрсетиўди раўажландырыў, со­ның ишинде, мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда банк хызметлериниң жаңа түрлерин енгизиў;

биринши гезекте миллий валютадағы узақ мүддетли қаржыларды жумсаў есабынан банк жумысын қаржыландырыў дәреклерин диверсификациялаў;

саўда-экспорт қаржыландырыў бизнеси өнимлерин раўажландырыў ҳәм оның геогра­фиясын кеңейтиў, сондай-ақ, республиканың экс­порт потенциалын раўажландырыў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў, экс­порт етиўшилерге консалтинг хызметлерин усыныў;

корпоратив қарыйдарларға инвестициялық банкинг, соның ишинде, ишки ҳәм сыртқы базарларда баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм жайластырыў хызметлерин көрсетиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

«Миллий банк» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте қайта шөлкемлестирилетуғын Өзмиллийбанктиң қарыздар ҳәм кредиторларының миннетлемелери бойынша берилген мәмлекетлик кепилликлерди қайта рәсмий­лестирсин;

Бақлаў кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм функцияларын белгилеген ҳалда оның қурамын «Миллий банк» АЖ акционерлериниң улыўма мәжилисине тастыйықлаў ушын киргизсин.

  1. Өзмиллийбанк еки ай мүддетте:

а) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте, соның ишинде, төмендегилерди:

Өзмиллийбанкти қайта шөлкем­лестириўге таярлаў бойынша комиссияны дүзиў;

тийисли тапсырыў актин таярлап, Өзмиллийбанктиң активлери ҳәм миннетлемелерин оларға байланыслы баҳалаў әмелге асырылмаған жағдайда хатлаўдан өткериўди нәзерде тутатуғын илажлар әмелге асырылыўын;

б) мүлктиң бар ҳүж­жетлерин, лицензия ҳәм рухсатнамаларын қайта рәсмийлестириўди;

в) ЖШЖ «NBU INVEST GROUP» инвестиция компаниясы негизинде финанс­лық базарларда, соның ишинде, банктиң дәраматы шегарасында хожалық субъектлери устав фондында (100 процентке шекем) қатнасыў ар­қалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыўын кеңейтиўди нәзерде тутқан ҳалда «NBU INVEST GROUP» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириўди;

г) төмендегилерди:

«Миллий банк» АЖниң шөлкем­лестириў структурасы ҳәм Уставы;

халықаралық консультантларды тартқан ҳалда  «Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық жумыс миллий банки» АЖниң 2020-2023-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясы ислеп шығылыўын ҳәм акционерлердиң улыўма мәжилисинде тастыйықланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Орайлық банки «Миллий банк» АЖ Уставының белгиленген тәртипте дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм Өзмиллийбанктиң:

а) Өзмиллийбанктиң хожалық жәмийетлери устав фондындағы акция­лар ҳәм үлеслер түриндеги айырым тийкарғы жумыс түри менен байланыслы болмаған активлерин 2-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериў;

б) Өзмиллийбанк ҳәм «NBU INVEST GROUP» АЖниң хожалық жәмийетлери устав фондындағы акция­лар ҳәм үлеслер түриндеги басқа тийкарғы жумыс түри менен байланыслы болмаған активлерин;

баҳалаў қунын 10 процентке бас­қышпа-бас­қыш азайтыў механизмин қолланып, бирақ, олар базар баҳасының 50 процентинен төменлетпеген ҳалда және еки ай даўамында өткерилген саўдалар нәтийжесинде инвесторлар тәрепинен қызығыўшылық болмаған жағдайда, олардың номинал баҳасынан төменлетпеген ҳалда;

сатып алыў төлемлерин бирден ямаса бөлип-бөлип (акциялардан тысқары) 7 жылға шекем сатып алыў суммасының қалдығы ушын процент есапламай, сондай-ақ, сатып алыў суммасы толық төленбегенше объектти қарамағынан шығарыў ҳәм үшинши шахсларға (коммерциялық банк — сатыўшы буған кирмейди) гиреўге (ипотека) бериў ҳуқықысыз әмелге асырыў арқалы сатыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Өзмиллийбанк Кеңеси бурынғы резервлери жаратылған ҳәм сөндириў дәреклери болмаған баланс­тан тыс­қары активлерди белгиленген тәртипте есаптан шығарсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Капитал базарын раўажландырыў агентлиги жыйымлар өндирилмей «Миллий банк» АЖниң акциялары белгиленген тәртипте шығарылыўын ҳәм бирлемши шығарылған акциялар мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-марттағы «2017-2019-жыллар дәўиринде дийқан базарларын реконструкциялаў ҳәм олардың аймағында заманагөй саўда комплекс­лерин қурыў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПҚ-2853-санлы қарарының 9-бәнти өз күшин жойыт­қан деп есаплансын.
  4. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — Қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Ғуломовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-ноябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF