Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:31:20, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ҚАҚЫЙДАЛАРЫНА БИЙПӘРЎА ОЛМАЙЫҚ

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен цех ҳәм «Елабад» посёлкасында жумысшылар арасында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў ҳәм өрттиң алдын алыў бо­йынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Соның менен бирге, объекттиң өртке қәўипли цех ҳәм участкаларында орнатылған автомат өрттен хабарландырыў ҳәм өрт өшириў қурылмаларының, ишки ҳәм сыртқы өрт өшириў тармақларының жағдайлары тексерилип шығылып, анықланған кемшиликлер бо­йынша объект ҳәкимшиликлерине хабарландырыўлар берилди.

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖне қараслы цехларда өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен берилген жазба көрсетпе талапларының орынланыў барысы мәкеме ҳәм кәрхана жуўапкерли адамлары менен биргеликте тексерилип шығылды. Сондай-ақ, өрт-техникалық комиссия ағзалары менен биргеликте цех ҳәм участкалардың өртке қарсы жағдайлары тексерилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў ушын мәкеме ҳәм кәрхана басшысы тәрепинен тастыйықланған бағдарламалар ислеп шығылды.

Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлекшелериниң гүзетиў хызмети тәрепинен объектте өрттиң алдын алыў бо­йынша күни-түни бақлаў ислери алып барылып атыр. Мәкеме ҳәм кәрханалардың еркли өрт өшириў топарлары ағзалары қатнасыўында өрт-тактикалық шынығыўлар өткерилип, топар ағзаларының өз ўазыйпаларын орынлаўы бойынша түсиндириў жумыслары жүргизилмекте. Усындай үгит-нәсият ислериниң өз ўақтында алып барылып атыр­ғанына қарамастан, еле де өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў жағдайлары ушырасып атыр. Оларды бузған исшилердиң цех басшылары менен биргеликте ҳәр ҳәптеде додалаў ислерин өткерип атырмыз. Тилекке қарсы, айырым цех басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлер өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына немқурайдылық пенен қарап, өрттиң алдын алыў топар инспекторлары тәрепинен берилген жазба көрсетпелерди өз ўақтында орынламай киятырғанлығы себепли, өрт пайда болыўына алып келиўи мүмкин болған цехлар да бар.

Ҳүрметли мәкеме ҳәм кәрхана басшылары! «Өрт ­ тилсиз жаў» деп бийкарға айтылмаған. Соның ушын, сизлердиң өз жумыс орныңызда ҳәм шаңарақларыңызда өрт қәўипсизлиги қәделерин сақлаўыңызды өтиниш етип қаламыз.

 

Е.ТУРЕМУРАТОВ,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ Өрттен қорғаў бөлиминиң өрттиң

алдын алыў топары аға инспекторы, аға лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF