Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:03:12, 04.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АЙДЫ ЕТЕК ПЕНЕН ЖАПҚАН ЕСАПШЫ

ЯКИ БЕРУНИЙ РАЙОНЫ ХАЛЫҚ БИЛИМЛЕНДИРИЎ БӨЛИМИ ОРАЙЛАСҚАН БУХГАЛТЕРИЯ БӨЛИМИНИҢ БАС ЕСАПШЫСЫ С.САТТАРОВТЫҢ НЫЗАМСЫЗ ҲӘРЕКЕТЛЕРИ

Ата-бабаларымыздан қалған ҳикметли сөзлер тийкарында бир ҳақыйқатты тән алыўымыз керек: дүньяда жасап атырған халықтың ишинде күнделикли тәшўишлер менен жасап атыр­ғаны көпшиликти қурайды.

Бала-шаға тәшўиши, қайсыдур перзентиңниң шәртнама пулын төлеўи ушын жуўырасыз, жаңа оқыў жылында мектеп формасы яки айтайық, студент болса қатарларынан кем етпей кийиндириў керек... Буннан тысқары, елге дас­турхан жайып, қызыңызды узатыўыңыз яки улыңызды үйлендириўиңиз, сүннет той бериўиңиз сизди ойландырып қояды. Сол себепли, көпшилик жағдайда жумыс ислейтуғынлар айлық ис ҳақысынан мәлим муғдарын тежеп, аманат кассаларында сақлайды. Базылар шарўа малларын яки таўық бағады, кимдур исбилермен, және бири бағшылық, палыз егинлерин егиў менен бәнт болады. Бахтымызға мәмлекетимиз басшысы халықтың пәраўан турмыс кешириўи ушын барлық шараятларды жаратпақта. Не қылғанда да, булардың барлығы ҳадал мийнет пенен ҳадал турмыс кешириў имканиятлары. Лекин, күнделикли турмыста бәрқулла материаллық жетиспеўшиликсиз жасаў қыйын. Соның ушын да буны ойлы-бәлент жоллары бар өмир дейди.

Бул өмирде тиришиликтиң тәшўишлерин жеңип атырған адамлар еки тайпаға бөлинеди: бириншиси ­ материаллық байлықты маңлай тери менен табатуғынлар, бундай адамларды санап жетиў қыйын. Екинши тайпадағылар болса, ойламаған па­йытта, айтайық, ийелеп турған лаўазымынан пайдаланып, байлық арттырыў мақсетинде нызамсыз иске қол урып, аңсат жол менен байлық арттырыўға мейил адамлар. Лекин, нызамсыз ҳәрекет ушын ҳәр қандай шараятта да нызам алдында жуўап беретуғынлығын бундай адамлар басы тас­қа тийгенде, судтың қара гүрсисинде отырғанда аңлап жетеди. Бул па­йытлары қәтени дүзетиў кеш болады. 

Жақында Беруний районы Халық билимлендириў бөлими орайласқан бухгалтерия хызмети бөлими бас есапшысы Серикбай Саттаровтың жынаят иси ЖИБ Беруний районы судында көрилгенде, ол сондай жағдайға түскен болса керек. С.Саттаров жуўапкер лаўазымда ислеп жүрип, материаллық жуўапкер шахс бола турып, ийелеп турған лаўазымынан өзиниң ғәрезли ҳәм пәс нийетлерин әмелге асырыўда пайдаланып, нызамсыз жоллар менен байлық арттырыў мақсетин гөзлеп, 20l8-жылдың август-ноябрь айларында бөлимге қараслы, «Беруний» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 57-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа шөлкемлестирилген оқыў ханаларын ремонтлаў ушын тийкарында кирис етилмеген жәми 20 миллион сумлық ҳәм Беруний қаласында жайласқан 65-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа шөлкемлестирилген оқыў ханаларына 16 миллион 700 мың сумлық, жәми 36 миллион 700 мың сумлық тахтай ҳәм қурылыс материалларын рәсмий ҳүжжетлер менен қәлбеки актлер тийкарында мектеплерге шығыс етилгенлиги ҳаққында есабатлар дүзип, бюджет қаржыларын өзлестириў жолы менен талан-тараж етип, мәмлекет бюджетине айрықша зыян келтирип, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьяларындағы жынаятларды ислеген.

Суд ҳүкимине көре, судланыўшы Серикбай Сәрсенбаевич Саттаров ЖКниң тийисли статья­лары менен айыплы деп табылды. Мәмлекетке жеткерилген зыян айыпкер тәрепинен толық қапланды. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен С.Саттаров үзил-кесил бир жыл мүддетке мәмлекет ҳәм мәмлекет үлеси болған мәкеме-кәрхана ҳәм шөлкемлерде материаллық жуўапкерлик ҳәм юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди алып барыўға ўәкиллик берилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырып, оған айлық ис ҳақының 20 проценти мәмлекет бюджетине услаў жолы менен 1 жыл 2 ай мүддетке мийнетке дүзетиў жазасы тайынланды. Демек, айды етек пенен жапқан бас есапшы ислеген жынаятына жараса нызам алдында жуўап бериўге мәжбүр.

«Материаллық ҳәм мәнаўий турмысты биргеликте раўажландырыўымыз керек. Мектеп бул бағдарда тийкарғы буўын болыўы шәрт. Мектеп билимлендириўин раўажландырыў биз ушын уллы улыўма миллий мақсетке, улыўма халықлық ҳәрекетке айланыўы зәрүр. Себеби, мектеп тәғдири ­ миллет тәғдири, миллетимиз тәғдирине бийпарқ болыўға ҳеш бир оқытыўшының, ҳеш бир Өзбекстан пуқарасының ҳақы жоқ». Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң  усы жылдың 23-август күни халық билимлендириўи системасын раўажландырыў, педагоглардың қәнигелиги ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў, жас әўлад мәнаўиятын жетилистириў мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысында айт­қан бул гәплери барлық оқытыўшы-педагоглардың қәлбиндеги гәплер болды.

Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан кейин де шығады. Мектеп ­ муқаддес дәргай. Ол балалардың тәғдирине тутас. Кимдур оған қыянет етсе, әлбетте, жаза тайын! Буны ҳәмме аңлаўы, түсиниўи шәрт! 

 Б.ҚУРБАНОВ.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF