Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:05:39, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚ  ӘДЕБИЯТЫНЫҢ  ҚОС  ТУЛҒАСЫ

Халқымыздың ҳақыйқатлық ушын гүрескен, ҳақ кеўлин, әсирлик арзыў-әрманларын, келешекке умтылысларын билмекши, аңлап жетпекши болсақ, Күнхожа Ибрайым улының өз дәўириниң реал турмысын батыллық пенен жазып қалдырған шығармаларына, Бердақтың заман теңсизлигин сүўретлеген қосық ҳәм айрықша ақыл-закаўаты менен жаратылған дәстанларына, Әжинияз бабамыздың мәнаўиятымыз, әдебиятымыздың тийкарын қалаўға қосқан бийбаҳа дөретпелерине, тәсиршең шығармаларына мүрәжат етсең, әлбетте, көп мәни табасаң.

Негизинде, сөз зергерлери, халқымыздың тарийхында терең из қалдырған бул уллы тулғалардың келешек әўладлар ушын қалдырған бийбаҳа мийраслары таўсылмас руўхый азық, ийгиликли мақсет жолында күш-қуўат бағышлайды. Сонлықтан да, ХIХ әсир қарақалпақ әдебияты ҳаққында сөз болғанда өзлериниң бийтәкирар дөретиўшилиги ҳәм ой-өрисиниң кеңлиги, илаҳий талант пенен дөрелген баҳалы шығармалары менен әдебиятымыздың раўажланыўына, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға бийбаҳа үлес қосқан бул тулғалар халқымыздың қәлбинен айрықша орын ийелеп, исмлери ҳүрмет пенен тилге алынып, ҳүрметимиз ўақыт өткен сайын арта береди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бердақ атындағы ҚМУ, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Шымбай районы ҳәкимиятының шөлкемлестириўиндеги қарақалпақ әдебиятының классиклери Күнхожа Ибрайым улының 220 жыллығы ҳәм Бердақ күнлери мүнәсибети менен өткен шийшемби ҳәм сәршемби күнлери болып өткен «Қарақалпақ әдебия­тының қос тулғасы» атамасындағы илимий-әмелий теориялық әнжуман Шымбай ра­йонындағы мемориаллық ком­плекстеги бабаларымыздың қәбирлерин зыярат етип, гүл шеңберлерин қойыўдан басланды.

Жазыўшы-шайырлар, тарийх­шылар, нураныйлар, муғаллимлер, студент ҳәм оқыўшы жаслар, әдебият ықласбентлери қатнасқан әнжуманда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов кирис сөз сөйлеп, өз дәўиринде устаз-шәкирт тутынып, өлмес мийрас қалдырып кеткен сөз зергерлериниң өмири ҳаққында пикир билдирди. Әнжуманда Жазыўшылар аўқамының ағзасы, фольк­лортаныўшы С.Әмирлан «Күнхожа ҳәм Бердақ ­ устаз-шәкирт байланыслары» деген темада шығып сөйлеп, Күнхожаның устазлық, Бердақтың шәкирт­лик байланыслары ҳаққында илимий-әмелий, анық ҳәм айқын фактлер тийкарында мағлыўматлар берди.

Қарақалпақ әдебиятының классиклери саналған олардың заман теңсизлигин, дәўир әдалатсызлықларын ашық-айдын, ҳеш нәрседен тайсалмай жырлаўына тәсийин қалмасқа илаж жоқ. Бир ғана сый ушын берилгенде дөрелген «Түйе екенсең» қосығында дәслеп ҳайўанға тәрийп берилип, соңында ханды түйеге теңеўи  үлкен мәртлик, батыллық көриниси. Сондай-ақ, ша­йырдан Хийўа ханы: «Бизиң дәўлетимизди, бизиң сән-салтанатымыз бенен сиясатымызды мақтап бер» дегенде:

Адым жерде бир базар,

Мал өспейтуғын жер екен.

Адым жерде бир мазар,

Жан өспейтуғын жер екен.

Қарқаралы қатын,

Сиңсилели қыз турып,

Бала менен ойнаған,

Ойнағанын қоймаған,

Оңбайтуғын ел екен, - деп берген импровизаторлық жуўабы сол заматта аўыздан-аўызға тарап, халық бабамыздың шешенлигине, мәртлигине таңлай қағысқан.

Дәўирдиң теңсизлигине, әдалатсызлығына шыдамаған Бердақ бабамыз халықты мәртликке, батырлыққа, ҳадал мийнет етип  нан табыўға, жигерли болыўға шақырып отырды. Өз урыўының шежиресин жазып қалдырыў нийети пүткил халқымыздың тарийхый шежиресине улас­ты.  Халық батырлары, бийлеримиз ҳаққындағы, патшаның ақмақлығы ҳаққындағы тарийхый дәстанлары шайыр бабамыздың өзгеше ақыл-закаўатқа, айрықша озық ойға ийе екенлигин дәлиллейди.

Әнжуман И.Юсупов атындағы Шымбай академиялық лицейинде баҳалы пикир-усыныслар, әдебий мушайра, жағымлы қосық ҳәм нама ырғақлары менен даўам етти. Сөз зергерлеримиздиң ана тилимиздиң қәлиплесиўинде, раўажланыўында айрықша орынға ийе екенлигин есапқа алсақ, қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил статусына ерискениниң отыз жыллығы байрамы қарсаңында өтиўи де әнжуманға өзгеше мазмун ҳәм әҳми­йет бағышлайды.

***

Әнжуманның екинши күни пайтахтымыздың Бас майданында саўлат төгип турған Бердақ бабамыздың естелигине кең жәмийетшилик ўәкиллериниң гүл шеңберлер қойыўы менен басланды. Буннан соң бабамыздың исми менен аталыўшы музейге саяхат шөлкемлестирилди ҳәм Күнхожа, Бердақ дөретиўшилигине бағышланған илимий-әмелий теориялық конферен­цияда зыялылар тәрепинен баҳалы пикир-усыныслар билдирилди.

Қ.МӘМБЕТНИЯЗОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF