Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:32:51, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ЖАҚЫН ЖӘРДЕМШИСИ

Ҳүрметли Президентимиздиң басламалары менен бүгинги күнде елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм де оларды ҳәр-тәреплеме қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып келинбекте.

Президентимиздиң пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас министриниң қабыллаўханалары шөлкемлестирилген еди. Усылар қатарында Хожели районындағы қабыллаўхана да исбилерменлердиң жақын көмекшиси ҳәм де мәсләҳәтшиси болып келмекте.

Қабыллаўханамызға келип түсип атырған исбилерменлердиң мүрәжатлары қысқа мүддетлерде өзиниң унамлы шешимин таппақта. Атап айтқанда, Хожели районы аймағында жумыс алып барыўшы жеке тәртиптеги исбилермен Бағила Жолаева өзиниң өнерментшилигин кеңейтип, еле де раўажландырыў ушын зәрүр әсбап-үскенелерин сатып алыў мақсетинде коммерциялық банктен  30 млн. сум муғдарында жеңилликли кредит ажыратыўда әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди. Оның мүрәжаты исши топар менен биргеликте үйренип шығылып, Агробанктиң Хожели филиалы тәрепинен сораған кредит пуллары толық ажыратылды. Бағила Жолаева ҳәзирги күнде жумысларын жолға қойып алды ҳәм еки адамды жумыс пенен тәмийинледи. «SIFATLI PRIMA» жуўапкершилиги шеклеген жәмийети баслығы Миркамил Нурымбетов  өзине тийисли кәрханасында пахтаны қайта ислеў цехын иске түсириў ушын  электр тармағына жалғап бериў бойынша мүрәжат еткен еди. Оның мүрәжаты тийисли мәкеме басшылары менен биргеликте үйренип шығылып, қысқа мүддетде электр тармағына пайдаланыўға таяр ҳалда жалғап берилди. «SIFATLI PRIMA» жуўапкершилиги шеклеген жәмийети бүгинги күнде жумысты жолға қойып, халқымызға сапалы хызметлерин усынып келмекте.

 

Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң Хожели районлық Исбилерменлердиң

мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF