Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:55:52, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАЛАР  ҲӘМ  АЛДАҒЫ ЎАЗЫЙПАЛАРҒА  БАҒЫШЛАНДЫ

Көпшиликтиң хабары бар, соңғы ўақытлары социаллық тармақларда Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы хызметкерлери ҳәм автотранспорт басқарыўшылары арасында түсинбеўшиликлер келип шыққан видеолар көзге тасланады.

Жақында усы келип шыққан мәселелерге түсиник бериў ҳәм жәмийетшилик пенен мүнәсибетлерди беккемлеўде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен «Жол ҳәрекети қәўипсизлигиF машқалалар ҳәм алдағы ўазыйпалар» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти. Оған тийисли тараў ўәкиллери, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме хызмети қәнигелери, сондай-ақ, блогер ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажда Жол ҳәрекетиның қәўипсизлиги басқармасы баслығы, подполковник П.Мәденов сөзге шығып, республикамызда жол- транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў бағдарындағы жүргизилип атырған жумыслар, әсиресе, көше бойларына орнатылған жол белгилери ҳәм заманагөй видеобақлаў үскенелериниң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов шығып сөйлеп, жәми­йетшиликтиң пикирин қәлиплестириўде социаллық тармақларда жүзеге келген машқалаларды сапластырыў, тараў қәнигелери ҳәм авторанспорт басқарыўшылары арасындағы қарым-қатнас ҳәм мүнәсибетлерди беккемлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.    

Илажда атап өтилгениндей, жол-транспорт ҳәдийселериниң басым көпшилиги автомобиль басқарыўшылары жолларда белгиленген тезликти асырыўы, спиртли ишимликлерди қабыл етиў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын толық билмеўи нәтийжесинде пайда болмақта. Бундай ҳәдийселердиң алдын алыўда пуқаралар менен ушырасыўлар өткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Буннан басқа да, орайлық көше ҳәм магистрал жол бойларына жол белгилери ҳәм тезликти өлшеўши заманагөй фоторадар үскенелерин орнатыў жумыслары да жүргизилмекте. 

Қызғын пикирлесиўлерге бай болған илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF