Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:10:37, 05.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТЛЫЛЫҚЫН АРТТЫРЫЎ ­ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕ

Мәмлекетимиз тәрепинен халықтың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўда бир қатар ис-илажлар алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январьдағы «Жәмийетте ҳуқықый сананы ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, халықтың ҳуқықый саўатлылығын арт­тырыўда мәмлекетлик уйым­ларға анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Усыған муўапық, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасы ҳәм де қосымша ҳуқықый мағлыўматлар жеткериў системасын өз ишине алатуғын Өзбекстан Республикасының миллий ҳуқықый интернет порталын жаратыў, халыққа бийпул мәсләҳәт бериў порталын өз ишине алған  Advice.uz   ҳуқықый мәлимлеме системасын жаратыў, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм академиялық лицейлерде ҳуқықый билимлерге ти­йисли оқыў-шынығыўлары көлемин және де кеңейтиў, халықтың күнделикли турмысында көп ушырасатуғын ҳуқықый мәселелер бойынша сораў-жуўап тәризиндеги қолланбаларды таярлаў ҳәм шаңарақ­ларға бийпул тарқатылыўы тапсырылды.

Ҳуқықый тәрбия балалықтан басланыўынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги Әдиллик минис­трлиги менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде «Бала ҳуқықлары ҳәм миннетлери» темасында шынығыўларды тәжирийбели қәнигелер қатнасында көргизбелерин өткериў ҳәм Халық билимлендириў, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Әдиллик министрликлери менен биргеликте оқыўшы ҳәм студентлердиң ҳуқықый билимлериниң үзликсиз ҳәм системалы арттырып барылыўын тәмийинлеў механизми енгизилди.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы, Халық билимлендириў, Ишки ислер, Әдиллик министрликлери, Бас прокуратура ҳәм басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте билимлендириў мәкемелеринде тәртипбузарлықлар, нәшебентлик ҳәм басқа унамсыз ҳәдийселердиң алдын алыў бағдарламалары ислеп шығарылыўы ҳәм оларды әмелге асырыў белгиленди.

Соның менен бирге, Олий Мажлис палаталарына мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықый үгит-нәсият алып барыўда, халықтың кең қатламына қабылланып атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин жеткериўде, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый саўатлылығын арт­тырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар үстинен парламент қадағалаўын бақлаўды жолға қойыў тапсырылды.

Бүгинги күнде Өзбекстанда жумыс пенен бәнт болған халықтың 76 проценти исбилерменлик тараўында жумыс алып барыўынан келип шығылса, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый мәдениятын жетилистириў оғада әҳмийетли мәселе болып табылады. Бул тараўда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўшы ўәкили тәрепинен сис­темалы түрде ғалаба хабар қураллары арқалы шығыўлар, туўрыдан-туўры аймақларда исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың ҳуқықлары  турақлы үйретилип барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20l9-жыл 9-январьдағы 5618-санлы Пәрманы менен жәмийетте ҳуқықый мәдениятты жетилистириў концепциясы тастыйықланды. Концепцияның мақсети — халықтың барлық қатламларының ҳуқықый саўатлылығына ерисиў, саналы түрде өз ҳуқықларын билетуғын ҳәм нызамларды ҳүрмет ететуғын, ҳуқықый билимлерди күнделикли турмыста қоллана алатуғын белсенди пуқаралық позициясына ийе болған ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы аяўсыз мүнәсибетте болатуғын пуқараларды тәрбиялаўдың кең көлемли системасын жаратыў атап өтилди.

Соңғы жылларда усы мәселелер бойынша тәжирийбели юрист кадрларды таярлаўда әдеўир ислер әмелге асырылды. Дүнья тәжирийбесинде БМШтың 20l8-жылғы дүнья мәмлекетлериниң билим дәрежеси индексинде Өзбекстан Республикасының 189 мәмлекет ишинде 76-орынды ийелегенлиги бул тараўдағы исленетуғын ислердиң көлеминиң көплигин көрсетпекте.

Бул болса, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине ҳүрмет мүнәсибетлерин қәлиплестириў, халықтың ҳуқықый саўатлылығын жетилистириўге, жәмийетте пуқаралардың ҳуқықый мәденияты дәрежесин асырыўға тосқынлық ететуғын машқала ҳәм кемшиликлер сақланып қалмақта. Усыларды сапластырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен ҳуқықый мәсләҳәт илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша методикалық қолланба ислеп шығыў, жәмийетлик тийкарда турақлы жумыс алып барыўшы үгит-нәсият топарларын дүзиў ҳәм олар тәрепинен тараўға тийисли нызам ҳүжжетлери нормаларының хызметкерлер арасында сис­темалы үгит-нәсият жумысларын алып барыў сыяқлы жумыслар үзликсиз алып барылыўы зәрүр.

А.КАМАЛОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң

ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўшы ўәкили аппараты Қарақалпақстан Республикасында

жумыс алып барыўшы жетекши инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF