Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:36:42, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫ ИШИМЛИК СУЎЫ МЕНЕН ТӘМИЙИНЛЕЎ ДӘРЕЖЕСИН АРТТЫРЫЎ ҲӘМ ОНЫҢ САПАСЫН ЖАҚСЫЛАЎ УШЫН ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ СУЎ РЕСУРСЛАРЫН БАСҚАРЫЎДЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда мәмлекетимизде суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, оның сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, суўды тутыныўды есап­қа алыўдың заманагөй иннова­циялық системаларын енгизиў бойынша комплексли илажлар көрилген ҳалда суўдан пайдаланыў, соның ишинде, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў тараўында үзликсиз реформалар әмелге асырылмақта.

Суўдан пайдаланыўды нәтийжели тәртипке салыўды тәмийинлеў ушын суў ресурсларын басқарыў бойынша жаңа структуралар жаратылған, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў тараўына жеке меншик секторды тартыў бойынша жумыслар жеделлик пенен алып барылмақта.

Бирақ, глобал ықлым өзгериси себепли республикада қурғақ мәўсимлердиң даўамлылығы артып бармақта, таўларда қар запасларының майданы азаймақта, суў жетиспеўшилигиниң қайталаныўы барған сайын көбеймекте, бул болса өз гезегинде, суў жетиспеўшилиги қәўпиниң артыўына алып келмекте.

Соның менен бирге, мәмлекетлик суў балансын басқарыўда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў зәрүр дәрежеде алып барылмай атыр, сондай-ақ, суў ресурс­ларының сапасы ҳәм қәўипсизлиги бо­йынша мониторингти әмелге асырыўдың нәтийжели системасы жаратылмаған.

Суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў, халықтың ҳәм экономика тармақларының қәўипсиз ҳәм сапалы суў ресурсларына болған талапларын қатнаатландырыў, суў балансын басқарыўдың нәтийжели системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының ўазыйпаларына муўапық:

  1. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (кейинги орынларда — Министрлик) тәрепинен жетекши сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда, төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасының суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасын раўажландырыў стратегиясы концепциясы ислеп шығылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

республиканың Бирден-бир мәмлекетлик суў фондының суўларын есап­қа алыў, мониторинг етиў, қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеўдиң бирден-бир орайластырылған системасын жаратыў, сондай-ақ, бирден-бир суў балансын қәлиплестириў;

республиканың суў тәмийнаты кәрханалары тийкарында суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системалары объектлерин эксплуатациялаўда оператор функциясын орынлаўды әмелге асыратуғын өз алдына корпоратив структураны шөлкемлестириў;

республиканың суў ресурсларын басқарыў системасын автоматластырыўды ҳәм усы тараўдағы барлық бизнес процесслерин санлы форматқа өткериўди тәмийинлейтуғын «Санлы суў тәмийнаты кәрханасы» системасын енгизиў;

тараў кәрханаларын модерниза­циялаў ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелеўди әмелге асырыў мақсетинде инвестицияларды, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында тартыў;

заманагөй талап ҳәм стандартларды есапқа алған ҳалда тараў қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў.

  1. Министрлик Бирден-бир мәмлекетлик суў фонды суўларын есапқа алыў, мониторинг етиў, қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеўди муўапықластырыў тараўында, сондай-ақ, бирден-бир суў балансын қәлиплестириў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленсин ҳәм оның жуўапкершилигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсинF

суў балансының бирден-бир мәлимлеме системасын жаратқан ҳалда Бирден-бир мәмлекетлик суў фонды суўларының муғдары ҳәм сапа көрсеткишлери ҳаққында ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мағлыўматларын топлаў, улыўмаластырыў ҳәм системаластырыў арқалы республиканың бирден-бир суў балансын қәлиплестириўди шөлкемлестириў;

суўды есапқа алыўдың жағдайы, оның қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў ҳаққында ўәкилликли уйым­лар ҳәм шөлкемлер тәрепинен берилген мағлыўматлардың исенимли екенлиги ҳаққындағы мониторингти өткериў, зәрүр болғанда анықланған кемшиликлерди сапластырыўдың илажларын ислеп шығыў;

Бирден-бир мәмлекетлик суў фондының суўларын есапқа алыў, мониторинг етиў, қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў бойынша ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

таза ишимлик суўдың стратегиялық резервлерин жаратыўды шөлкемлестириў, соның ишинде, үлкен көлемдеги резерв дәреклерин  жаратыў;

суўдан  пайдаланыў тараўында заманагөй инновациялық технологияларды, соның ишинде, суўдың муғдарын ҳәм сапасын есапқа алыўдың автоматластырылған системасын енгизиўди муўапықластырыў, олардың республикалық суў балансының бирден-бир мәлимлеме системасына интеграцияласыўын тәмийинлеў.

  1. Министрликтиң орайлық аппараты қурамына Бирден-бир мәмлекетлик суў фондының суўларын есапқа алыў, мониторинг етиў қәўиспизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў, республиканың бирден-бир суў балансын қәлиплестириў, сондай-ақ, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасына заманагөй технологияларды енгизиўди шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыўға жуўапкер болған министрдиң биринши орынбасары лаўазымы киргизилсин.
  2. Министрликтиң орайлық аппараты қурамында:

Бирден-бир суў балансын қәлип­лестириў ҳәм мониторинг етиў бас бас­қармасы;

Бирден-бир мәмлекетлик суў фонды суўларының қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў басқармасы;

Суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системаларына заманагөй техноло­гияларды енгизиў басқармасы дүзилсин.

Министрликте жаңадан шөлкем­лес­тирилип атырған басқармалардың штатлар саны Министрликтиң орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлериниң тийисли штатлар санын қысқартыў есабынан қәлиплестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат минис­трлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:

Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясын Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги жанындағы Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы сыпатында қайта шөлкемлестирип, әмелдеги ўазыйпа ҳәм функцияларын, сондай-ақ, қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда Министрликтиң қурамына өткериў;

«Ўзсувтаъминот» акционерлик жәмийетин шөлкемлестириў ҳәм оның устав капиталын усы Пәрманның  1-қосымшасында көрсетилген Министрликтиң мәмлекетлик унитар кәрханалары устав капиталындағы мәмлекетлик активлерди ҳәм үлеслерин тапсырыў есабынан қәлиплестириў, сондай-ақ, усы кәрханаларды жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер сыпатында қайта дүзиў;

2020-жыл 1-январьдан Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының көрсетилип атырған суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметлери ушын төлемлердиң толықлығын ҳәм ўақтында әмелге асырылыўын тәми­йинлеў, тутыныўшылардың қарыздарлығын азайтыў бойынша функцияларын «Ўзсувтаъминот» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлерге өткериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Министрлик тәрепинен Бирден-бир мәмлекетлик суў фондының  барлық суўлардың түрлерине  қолланылатуғын муғдарлық ҳәм сапа көрсеткишлери ҳаққындағы мағлыўматларды сәўлелендиретуғын республикалық суў балансының бирден-бир мәлимлеме системасы жүргизиледи;

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы гидрометеорологиялық хызмет орайы Бирден-бир мәмлекетлик суў фондының барлық суўлардың түрлерине қолланылатуғын муғдар ҳәм сапа көрсеткишлери ҳаққындағы есап мағлыўматларын системалы түрде Министрликке усынып барады;

Министрлик суўды есапқа алыўдың дурыс екенлигин, оның қәўипсизлигин ҳәм сапасын тастыйықланған ҳәм жаңаланған мағлыўматларды бирден-бир мағлыўматлар базасына киргизген ҳалда мониторинг етеди, сондай-ақ, анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын ислеп шығады және оларды суўдан пайдаланыўды тәртипке салыў тараўындағы ўәкилликли уйым­лар ҳәм шөлкемлерге жибереди;

Министрлик системалы түрде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәм Министрлер Кабинетине суўды есапқа алыўдың жағдайы, оның қәўипсизлигин ҳәм сапасын тәмийинлеў, сондай-ақ, республиканың бирден-бир суў балансын қәлиплестириў ҳаққындағы есабатын анық усыныслар менен берип барады.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў минис­трлиги жанындағы Ишимлик суўынан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы ҳаққындағы реже ҳәм республика халқын суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметлери менен тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасын» тастыйықласын.
  2. Қаржы министрлиги Минис­трлик пенен биргеликте бир ай мүддетте суў тәмийнаты кәрханаларының халықаралық финанс институтлары алдындағы қарыздарлығын хатлаўдан өткерсин ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине болған финанслық жүкти азайтқан ҳалда оны қаплаў ҳаққында Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги Министрлик пенен биргеликте бир ай мүддетте келеси жылларда халықаралық финанс институтларының кредит қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системасын жақсылаў бойынша жойбарлардың дизимин қәлиплестириў, сондай-ақ, төмен рентабельли жойбарларды ҳәм усынылып атырған хызметлерден кредиттиң қапланыўы 50 проценттен кем болған жойбарлардың әмелге асырылыўына жол қоймаған ҳалда олар бойынша техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыўды тәмийинлесин.
  4. Министрлик Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы минис­трлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте сырт елли мәсләҳәтшилерди тартқан ҳалда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў системаларын модернизациялаў ҳәм басқарыў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жойбарларды әмелге асырыў илажларын көрсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў бас­қармасы миллий агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуника­цияларын раўажландырыў министрлиги басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте суўдан пайдаланыўдың стратегиялық бағдарларын, бирден-бир қатнас, автоматластырыў механизмлерин ҳәм басқышларын ислеп шығыўды және оның барлық процесслерин санлы форматқа өткериўди тәмийинлесин.
  6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  7. Министрлик мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң республикалық суў тәмийнаты системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққындағы қарары жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2019-жыл 26-ноябрь.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF