Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:46:31, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЛАЖҒА ТАЯРЛЫҚ ҚЫЗҒЫН

Кегейли районында 2019-жыл 22-декабрьде болып өтетуғын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслерге сайлаўларға таярлық көриў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 27-майдағы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 20-сентябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў кампаниясының басланыўын жәриялаў ҳаққында»ғы қарарларына муўапық халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў өткериўши районлық сайлаў комиссиясының тийисли қарары қабыл етилип, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ис-илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, белгиленген илажлар избе-из орынланбақта.

Районда сайлаўларды өткериўге көмеклесиўши районлық комиссия қурамы тастыйықланып, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс етилди.

Райондағы округлик сайлаў комиссиялары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының қурамына пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйым­ларының усынысларына муўапық жәмийетшиликте жоқары ис-тәжирийбесине ийе, абырайлы пуқаралардан талабанлар таңланып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши 2 округ, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине сайлаў өткериўши 22 округ ҳәм 37 сайлаў участкалары дүзилип, олардың қурамлары толық тасты­йықланды ҳәм СПБМС (сайлаў процесслерин бас­қарыўдың мәлимлеме системасы) базасына толығы менен жайластырылды.

Бүгинги күнде сайлаў округлери ҳәм участкалық комиссиялар имаратлар менен толық тәмийинленип, район аймағында дүзилген 37 сайлаў участкаларынан 34 участка мектеп, 3 участка кәсип-өнер колледжлери имаратларында жайластырылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администра­циясының 2019-жыл 5-октябрьдеги арнаўлы тапсырмасына муўапық, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслерине болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў ҳәм сайлаўшылардың бирден-бир элек­трон системасының анықлығын тексериў мақсетинде район аймағында шөл­кем­лестирилген сайлаў участ­каларының аймақларын хатлаўдан өткериў бо­йынша исши топарлар дүзилди. Сайлаў округлери ҳәм участкаларының шегаралары белгиленип, сайлаўшылардың санын анықлаў бойынша үйме-үй кирип, дизимлери алынды.

Сондай-ақ, сайлаў участ­каларындағы барлық сайлаў комиссияларына ажыратылған ханаларын, медицина ханаларын тийисли мебельлер, инвентарьлар ҳәм басқа да әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, участка ҳәм округ имаратларының әтирапларын абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.  

Районлық сайлаў комиссиясы, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен болажақ сайлаўларды жоқары дәрежеде сайлаў нызамшылығы талапларына муўапық өткериў бо­йынша илажлар нәтийжели даўам еттирилмекте.

С.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Кегейли районы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF