Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:58:43, 01.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУЎЫЛҒАН ЖУРТ ШАЙДАСЫ

Өзиниң терең ишки сезимлерге қурылған, инсанларды гөззаллыққа, әдеп-икрамлыққа шақырыўшы, уллы ислерге баслаўшы, адамларда жақсылық, ҳадаллық, азаматлық сезимлерин оятыўшы әжайып поэзиясы менен қарақалпақ әдебиятын байытып киятырған талант ийеси Гүлистан Дәўлетова быйыл 60 жасқа толмақта.

Усы мүнәсибет пенен 14-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Туўылған журт шайдасы» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Кешени университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, шайыр Б.Генжемуратов, филология илимлериниң кандидаты, доцент П.Алламбергенова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги, оның қарақалпақ әдебиятында тут­қан орны ҳаққында баҳалы пикирлер билдирип өтти.

Г.Дәўлетова республикалық газета-журналларда өзиниң қосықлары, публицистикалық мақалалары, бир қатар илимий хәм көркем очерклери менен қатнасып келмекте. Оның «Әжинияз поэзиясында дәстүр ҳәм жаңашыллық», «Әжинияз поэзиясында руўхый дәреклер», «Руўхыйлық — әдебият өлшеми» (1998-жыл), «Инсан тәрбиясы балалықтан басланады» (1999-жыл) сыяқлы илимий китаплары, «Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял!» (2001-жыл), «Қыз тахтым» (2009-жыл), «Гүзги толғаныслар» (2012-жыл) қосықлар топламлары жарық көрди. 2007-жылы болса оның «Аёл ишқи» китабы Ташкент қаласында өзбек тилинде баспадан шығарылды.

 Сондай-ақ, шайыраның «Гүзги тол­ғаныслар» қосықлар топламы Өзбекстанда жылдың «Ең жақсы қосық топламы» конкурсында сыйлы 3-орынды алыўға миясар болды. Қосықлары шет тиллерге аўдарылып, китапша етип шығарылмақта. Және, «Өзбекстан — &атаным  мениң» таңлаўында қосықлары сыйлы биринши, екинши орынларды ийелеп келмекте.

Өзбекстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы Гүлистан Дәўлетованың илимий хәм көркем дөретиўшилик жумыслары ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Дослық» ордени менен сыйлықлан­ған.

Әдебий кеше республикамыздың белгили көркем өнер шеберлериниң, университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF