Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:37:37, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛИМИЗДИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ — МИЛЛИЙ ИДЕЯМЫЗДЫҢ ҚУРАМ БӨЛЕГИ

Тил ­ халықтың ғәзийнеси. Ғәзийне таўсылса халық жарлыланады. Халық жарлыланса өмир сүриўи қыйынласады. Бара-бара сап болады.

Себеби, тил арқалы руўхың көтериледи, адам тил арқалы дүньяны таныйды, тил арқалы өзин танытады, дәртин айтады, табысына мақтанады, мәдет алады. Демек, тил ­ тарийхтың да, әдебияттың да, дәстүр, үрп-әдетлердиң де арқаўы, ол болмаса, миллет жоқ, халық руўхый өледи.

Соның ушын, халқымыз тилди қәстерлеген, оның нешше сүргинлерден өтип, қысыўметлерге шыдап киятырғанына, шыдамлығына шүкир етип, «Бас кессе де тилди кесиў жоқ» деп қәстерлеген. Демек, өз тилин билмеген ҳәм әлпешлемеген адамды ҳақыйқый зиялы ҳәм билимдан, пидәкер адам деп есапламаған. Ҳақыйқатында да, белгили немец философы Гегельдиң айтқанындай: «Билимлиликтиң ең баслы шәрти ­ туўған тилиңде сөйлеў менен оны сыйлаўдан басланады» деген сөзи оғада туўры. Әсиресе, бизлер ҳәзирги заман талабына муўапық ҳәммени билимли, Ўатанды сүйиўши етип тәрбиялаўда өз тилимизди толық меңгериў оғада әҳмийетли. 

Сонлықтан да, Президентимиз Ш.Мирзиёев 2019-жыл 21-октябрь күни өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң отыз жыллығына бағышланған салтанатлы жыйна­лыста сөйлеген сөзинде: «Мәмлекетлик тил мәселеси миллий идеямыздың тийкарғы принциплериниң бири болыўы зәрүр» деп көрсетип, оны тиклеў ҳәм раўажландырыўға мәмлекетлик ғамқорлықтың күшейе беретуғынын көрсетти.

Сондай-ақ, 2019-жыл 16-октябрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2019-жыл 1-декабрь күни «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенине отыз жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққындағы қарары қарақалпақ тилиниң әҳмийетин жоқары баҳалап, оның тағы да ҳүрметин арттыра бериўине хызмет ететуғын әҳмийетли ўақыя болды.

Атақлы шайырымыз И.Юсупов:

Ана тилим, сен басқадан айырмам,

Сен турғанда мен де әдеўир шайырман,

Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,

Бул күнлерге жеткениңе қайылман, - деген сөзи қандай қәстерли сөз, қанша астарлы сөз. Бул сөз халқымыздың өзлигин сақлап, миллет ретинде тарийхта жасап, басқалардан айырып туратуғын ел екенлигин билдирген ҳәм билдиретуғын қурал екенлигин көрсетиў менен бирге, оның жүгиниң қанша аўыр болғанлығын, сонша қатал сүргинлерде жоғалмай халықты сақлап қалған қүдиретин ардақлаў еди.

Ҳақыйқатында ана тилимиз қанша соққыға ушырады, қанша сүргинлерден аман шықты. Басқа тарийхый сүргинлерди айтпағанда, кешеги шоралар дәўиринде халықты мәңгүрге айландырыўға урынған, оның өтмишин өшириўге тырысқан сиясат тилимизди омсырайтып таслады.

Бизге руўхый мийрасларымызды билмеўимиз ҳәм түсинбеўимиз ушын, ана тилимизде пайдаланып турған диний түсиниклерди, араб-парсы тиллеринен кирген сөзлерди контрреволюциялық ынтықлық деп жәриялап, тилден шығарыўды талап етти. Диний сөзлерди пайдаланғанлар жазаланды. Халық қорыққанынан диний атамаларды мәниссиз сөзлер менен алмастырды. Қудайбергенди ­ Қуден, Алламбергенди ­Алдан, Ийембергенди ­ Емберген, Мухаммедти ­ Мәмбет, Бабаниязды ­ Бабақ, Жаббарбергенди ­ Жапақ деп сөйлеўге мәжбүр болдық. Сол дәўирдеги туўылған жаслар қарақалпақ тилиндеги ийман, ықтықат, инсап, нәпси, шүкирлик, тәўбе, қанаат, аманат деген сөзлерди еситпей, еситсе де мәнисин түсинбей, өмирге араласты.

Елимиз ғәрезсизлигиниң шарапаты менен тилимиз де еркинликке шықты. Демек, оның тереңликке ҳәм кеңликке қарай раўажланыў ушын, өзлигине қайтыў ушын мүмкиншилик туўылды.

Отыз жыл ишинде қарақалпақ тили өсти, беккемленди, жетилисти, халқымыздың өзлигин беккемлеў хызметин инабат пенен орынлады. Туўысқан өзбек тили менен тиккелей аралас­ты, ғәрезсизликти терең түсиниўдиң қуралына айланды.

Соннан баслап қарақалпақ тил илими әмелий жақтан раўажлана баслады. Белгили илимпазлар Д.С.Насыров, Е.Бердимуратов, А.Дәўлетов, Б.Қутлымуратов, М.Дәўлетов, Ҳ.Жумашев ҳәм басқалар тилди тиклеўге ҳәм раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Терминком пайда болды ҳәм қызғын, табыслы жумыс иследи. Ҳәр сапары газеталарда «Терминком шешти» атамасы менен терминлерди дүзеткен хабарлар шығып турды. Лекин, соңынан терминкомның шешимлеринде де айырым кемшиликлер ушырасты. Мысалы, ҳәммеге муқаддес, нәзикликтиң, мийирманлықтың ҳәм аўызбиршиликтиң, өсип-өниўимиздиң тийкары болған «семья» сөзин ойласықсыз, дәўирдиң епкини менен «шаңарақ» сөзи менен алмастырыў кеўилге туўры келмес еди. Шынында шаңарақ не! Қарақалпақ тилинде ол «үйди», «үйдиң дәскесин», «хожалық»ты билдиреди. «Бул аўылда неше шаңарақ бар!» деп сораса отыз деп, ал, неше семья бар десе жигирма сегиз семья деп жуўап береди. Себеби, ол аўылда еки шаңарақтың бир адамнан турғанлығынан ол «семья» емес, түтин шығарып отырған хожалық. Ал, семья болыў ушын кеминде еки адам болыўы керек екенлиги дүньяға белгили. Егер, «сиз семьялымысыз» деген сораў берилсе, «аўа, үйим бар», «далада жатқаным жоқ» деп айтпайды. «Ҳаял, бала-шағаларым бар» деп жуўап береди.

Бул орнына «уя» деген сөз туўра келеди. Буның дурысын халықтың өзи тастыйықлайды. Халықта «Уяда не көрсең, ушқанда соны ислейсең», «Бир уядан ушқан еки палапан еди», «Ол қыздың уясы дүзиў», «Сен бир суңқар шалқып ушқан уядан» сыяқлы жүйели сөзлер көплеп ушырасады. Енди бул сөздиң алдына «жан» сөзи қосылса, жүзикке қас қондырғандай болады. Себеби, бизде «үйиңде неше жан бар», «жан басына бөлгенде» деген сөзлер ушырасады. Сонлықтан да, семьяны ­ «жан уя» деп айтса жүдә мақул болады делинсе де, айырым тилшилер оны мақул көрмей, елеге дейин надурыс терминди қолланып жүрмиз. Себебин сорасақ, ол қазақша термин-ғой, дейди.

Соңғы жылларда қарақалпақ тилиниң раўажланыўы ҳәм тиклениў мәселеси төменлеп кетти. Тилде термин еркинлести, терминком жабылғаннан кейин терминде былғасықлар пайда болды. Енди терминди таңлаў журналистлердиң белеўитине айланды. Мысалы, меншик ҳәм мүлк сөзлери былғасты. Бурыннан пайдаланып жүрген «баўыры кеңлик» деген түсиник газеталардан жоғалып, оның орнына «кеңпейиллик» деген сөз пайда болды. Ҳақыйқатында «баўыры кеңлик» деген сөз бул орын­ға туўра келетуғын еди. Халқымызда «тас баўыр» деген ямаса «кел баўырыма басайын», «баўырласым қарағым» деген түсиниклер бар екенлиги белгили. Ҳәтте, Бердақ бабамыз да:

 «Баўырлас баўыр ханамда,

Қамқорым мениң панамда,

Туўған ғәрип жан анамда,

Қалың мал ҳеш болған емес» - деп жырлаған еди. Ал, «пе­йил» ҳаққында не билемиз? Ол қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлигинде де ушыраспайды. Ҳеш ким ҳеш ўақытта «пе­йиллес» деп айтпайды. Гейпаралар оны нийет пенен, кеўил менен алмастырады. Мысалы, «нийети бузық, кеўли бузық, кем кеўилли» деген сөзлер ушырасады. Ал, «кеўиллес» сөзи түрли жарамсыз қылықларды билдиреди. Бул дәлиллерден шығып, неге енди «баўыры кеңлик» деген сөз қарақалпақ тилиниң сөз қурамынан шығып қалған десек, ол, өзбекше-ғой деп «дәлил» келтирди. Ал, шынында да қарақалпақ тилинде уя, жан, баўырлас, кең деген сөзлер жоқ па екен!

Қәрезсизлик шарапаты менен бурыннан араласып кеткен өзбек, қарақалпақ тиллериниң қосыла жетилисиўине бизиң елимизде қарақалпақ тили ҳәм өзбек тили мәмлекетлик тил бийлигине ийе болыў нәтийжесинде тилимиздиң раўажланыў мүмкиншилиги көбейди. Өзбек тилиниң тәсиринен тилимизге ҳүжжет, зиялы, шахс, нураный, талаба, топар ҳәм тағы басқа да терминлер қосылды. Бундай қубылыстың жүдә жағымлы ҳәм әҳмийетли екенлигин жоқары баҳалап, кәмийнениң илимий басшылығында Г.Қурбаниязов, А.Буранов, А.Пирниязова, Ж.Аяповлар тәрепинен 2011-жылы «Өзбекше-қарақалпақша, қарақалпақша-өзбекше» көлеми 11,5 баспа табақ сөзлик дүзилип, бул тиллердиң бирге раўажланыўына айтарлықтай үлес қостық.

Лекин, өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң раўажланыўында, әсиресе, өзбек терминлерин қарақалпақша дурыс түсиндириўде еле де гейпара кемшиликлер ушырасады. Мысалы, «мустақиллик» ҳәм «истиқлол» деген терминлердиң екеўин де «ғәрезсизлик» деп түсиндириў үлкен алжасық болып қалмақта. Себеби, өзбек тилинде мустақиллик бул сиясий еркинлик, ал, истиқлол ­ бул экономикалық еркинлик. Бул екеўи де өз алдына илимий салмаққа ийе терминлер. Егер, экономикалық еркинлик болмаса, ол мәмлекет толық азат емес. Буны түсинбеўшилик ҳәм билмеўшилик ғәрезсизликтиң  қәдирин билмеўшилик. Бул бойынша мен қазақ тилшилери экономикалық еркинликлерди «егеменлик» деп алған екен, бизде «ийеменлик» деп алсақ болмас па еди десем, ол қазақша-ғой деп баяғы гәпине барады. Бирақ, оның дурыс мәнисин беретуғын термин табыўға еле қурбы жетпей жүр. Сондай-ақ, белгили бабамыз Абдулла Авлоний тәрбия бизиң ушын «я нажот я ҳалокат» деген сөзин «я қутқарыў я жоғалтыў» деп аўдарыўдың орнына «я қутқарыў, я апат» деп аўдарған, ал, «я саодат, я ҳалокат» деген сөзди «я бахыт, я пәлекет» деп аўдарыўдың орнына «я саодат, я бахытсызлық» деп аўдарып, сөзлердиң дәл мәнисин бере алмаған.

Бул мәселеде кемшиликти белгили орыс илимпазы М.В.Ломоносов та: «Егер белгили бир сөзди ана тилимизде дәл бере алмасақ, оны тилимиздиң оралмайтуғынлығынан көрмей, өзимиздиң кем саўатлығымыздан көриўимиз зәрүр» деген сөзи менен байланыстырамыз.

Соңғы жыллары республикамызда тил илимин изертлеў де көпшиликтиң кеўлинен шықпай атыр. Жақында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында белгили илимпаз, филология илимлериниң докторы М.Дәўлетовтың республикамызда қарақалпақ тилин изертлеў аўҳалы ҳаққында көлемли мақаласында ҳәзир Өзбекстан Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминдеги Гуманитар илим-изертлеў институтында (бурынғы Н.Дәўқараев атындағы Тил, әдебият ҳәм тарийх институтында) қарақалпақ тили бойынша илимий изертлеў де еки жылдан бери тоқтап қалды, «илимпазлар тарап кетти» деген тастыйықлаўын оқып кеўлим қабарды  ҳәм ана тилимизге дыққаттың ҳәм ҳүрметтиң төменлеўине ашындым.

Адамның ана тили ­ оның жан азығы. Сонлықтан, ана сүти менен қанға сиңген тилге муўапық ҳәм сол тилдиң түсиниги менен үнлес, адамлар санасының дәрежеси менен сәйкес терминлерди таңлап билиўдиң өзи жүдә әҳмийетли екенлигине бүгинги күни анық көзимиз жетти. Себеби, мәселени мәнисин толық түсинбей турып, адам исти меңгере алмайтуғынлығы турмыста да, илимде де дәлилленген.

Ана тилимиз ­ бабаларымыздың өткен дәўирлериндеги жан сезимлериниң барлық толғанысларын, талпынған жүреклериниң терең сырларын урпақтан-урпаққа жеткизип беретуғын миллеттиң руўхый байлығы. Ол тил менен биз көркейдик, ел қатарына қосылдық, жан сақлап қалдық. Олай болса, тилди қәстерлеў, оны байытыў, раўажландырыў адамға ҳәм абырай, ҳәм мақтаныш, ҳәм сүйениш, ақылының өсиўине, көзқарастың кеңейиўине, турақлы жасаўға тийкар болатуғын фактор екенлигин умытпаўымыз керек.

 

Ж.БАЗАРБАЕВ,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, академик.

РЕДАКЦИЯДАН: Ҳүрметли академигимиз мақаласында оғада

әҳмийетли ҳәм тартыслы мәселелер ҳаққында сөз еткен.

Бул бойынша сизлердиң усыныс-пикирлериңизди күтемиз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF