Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:29:52, 27.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАНША ҚЫСЫМ БОЛСА ДА АРЫН САТПАҒАН АЗАМАТ

Жақында «Билим» баспасынан Генжебек Қурбановтың «Халыққа хызмет ­ әдиўли миннет» деген ат пенен көлемли мемуар китабы жарыққа шықты. Китапты оқып отырып, Генжебек Қурбановтың өрнекли өмири, елге хызмети, мийримли, ҳақ кеўил, сақый, ҳадаллығын көз алды­мызға келтиремиз.

Оның өмир жолы ҳәммеге үлги болатуғын сақаўатлы турмысы, халқымыздың менталитетине тән қәсийетлери айқын сәўлеленген.

Бул китаптан халқымызға тән болған әдалатты қорғаў, Ўатанға садықлық, инсаный пәклик туйғылары, халықтың ким екенлигин билдиретуғын «Өтирикти рас етип айтпаған, бас кессе де туўры жолдан қайтпаған», халқымыздың дәстүр, үрп-әдетлерин бойына сиңирген күшли ҳәм жигерли тулғаны көремиз. Китаптағы миллеттиң өзлигине, оның бирлигине ҳәм Ўатанның хызметине бағышланған автор­дың өмири ҳәзирги жаслар ушын үлги ҳәм жол көрсетиў дәрежесинде баянланған.

ХХ әсирдиң сексенинши жылларында дүньяда ең күшли, қүдиретли мәмлекет деп есап­ланған бурынғы СССР мәмлекети шытнап, бузыла баслады. Тәбия­ты ҳәм илимий байлықлар бо­йынша дүньяда бириншилер қатарында туратуғын мәмлекет, халықтың турмыс аўҳалы бойынша дүнья еллериниң арасында 56-орынды ийелеп жүдә артта қалған еди. Бул елде ҳүкимдар буйрықпаз системаның халықты тийкарсыз идеологиясының жетегинде 70 жыл даўамында қуры босқа сүйреп жүргенлигин көрсетти. Шоралар ҳүкиметиниң соңғы басшысы М.С.Горбачевтың басшылығында адам келбетиндеги социализмди қурамыз, деп даўрық салғаны нәтийже бермеди. Бул дәўирде И.Юсуповтың жазғанындай:

«Ең бай елди аштан жулдыз санатып,

Журтты жаўыз мафияларға талатып,

Батысқа қол жайып қайыр соратып,

Бир масқара қылған жериң усыма!»

деп баҳалаған еди. Совет ҳүкиметиниң басшылары не қыларын билмей  шоқтың үстинде отырғанда, бул жағдайларды кимнен көрерин билмей, елди услап турыўдың зорлық методын, бурынғы репрессияны қолланып басқарыўды шығарды. Бул исти Орта Азиядағы мәмлекетлердиң ең абырайлысы болған Өзбекстаннан баслап, басқалардың зәрресин ушырыў арқалы бизди бағындырыўға киристи.

Китапта Өзбекстанда Орайдан «пахта иси», «өзбек иси» деген дөҳмет-жалахорлық жаўызлығынан аман шыққан Қурбановтың мәртлигин оқыған оқыўшының көз алдына қаҳарманлар образы сәўлеленеди. Орайдағы жәлладлардың үш жыл даўамында азап-ақыретлерине шыдап пикиринен қайтпаған, мәртлиги көрсетилген. 

«Бул жумыр бас турмыста нелерди көрмейди, нелерге төзбейди». Лекин, басқалар менен Генжебектиң де басына түскен зулымлық душпанына да тилемейтуғын жүдә аўыр, қыямет қайғылы еди. Себеби, инсан ушын тәбияттың бүлгиншилигинен, достың бийопалығынан, жақынның жалатайлығынан адамның басына түсетуғын қорқынышлы ўақыяларға көниў аўыр болса да, шыдаўға туўра келип өзине өзи тәселле береди. Ал, ҳеш бир тийкарсыз жипа-жиксиз, ҳадалды ҳарам деп, ақты қара деп әдалатлықтың ҳадал ғәзийнеси болған туўрылыққа билқастан қарсы шығып, ҳайўаный ҳәрекетлери менен инсанның пүткиллей өмирден ўаз кешиўине дейин апаратуғын ҳәсиреттиң пайда болыўы жанға аўыр, ўәжлесиўге қыйын мусаллат екенлиги белгили. Сонлықтан халқымыз от, суў, жала бәлесинен қудай сақласын, деп тилек тилеген.

Бул дөҳмет-жалаға өзбек, қарақалпақ халқы өткен әсирдиң сексенинши жылларында залымлардың жаўызлығына ушырады.

Шоралар ҳүкимети пахтаны «ақ алтын» деп жәдигөйленип, «ақ алтынды алтын қоллар дөретеди» деп жалған марапат пенен көп пайда алыўды мақсет етип, халықтың турмысының дәреги пахтаны маңлайының сорына айландырды. Сол пахтаны өндириўде халыққа инанбай, ҳақ кеўлине қара дақ салып «пахта иси», «өзбек иси» деген жалған жынаят таўып халықты қорлады. Нешше мың адам жазықсыз түрмеге қамалды, неше мың адамлар үш-төрт жыл даўамында бала-шағасы менен қол усласып тергеўге қатнады. Москвадан келген жүзлеп тергеўшилер халықты зорлады, намысын аяқ асты етип руўхый езиў менен бирге дене жазасын қолланып майырыўға апарды.

Қарақалпақстанда 300 ден артық бас көтерген азаматлар жазықсыз айыпланды, көплери тийкарсыз судланды. Бул азапқа шыдамаған бир нешше ер азаматлар өзине-өзи қол салды.  Бир нешше ел басшылар аўырыў таўып, елге зордан сүйеги жетти.

Усындай ҳәсиретли жағдай, дөҳмет Генжебек Қурбановты да шетлеп өтпеди. Халықтың материаллық талабының 75 процентин тәмийинлеп отырған ҳәм елдиң экономикасының өсиўине өз үлесин қосқан, республика тутыныўшылар аўқамының басшы хызметлеринде он бес жыл ислеген Г.Қурбановты дегенине көндирип, үлкен басшыларға жалған көрсетпе бериў ушын 1986-жылдан баслап оның изине түседи.

Орайдан келген жәлладлар Қарақалпақстандағы тергеўшилер группасының басшысы Ибрагимов деген кимсе «Өзбекстан басшыларының ҳәммеси парахор. Барлық басшы пара алады, өзинен жоқарыдағыларға да пара береди. Сени Респотребсоюз басшысы лаўазымына қойыў ушын Қ.Камаловқа пара берипсең, соны жазып бересең, болмаса, өзиңди, бала-шағаңды қамаймыз» деп қысым етеди.

Туўры сөзли, пәк ҳүжданлы, ар-намысын сатпаған Г.Қурбанов оған көнбеген. Нешше күн қорқытса да, ол сөзинен таймаған. Айтқанын ислемегени ушын Респотребсоюздың 15 жыллық ислерин терең тексерип, оны қаралаў ушын материал топлаған. Соның менен бирге, сол дәўирде Қурбановтың қол астында ислеген мәкеме басшыларын ҳәр қыйлы жоллар менен Генжебекке қарсы қойып, жынайый көрсетпе бериўди талап еткен. Бирақ, олар ҳақ кеўил, елге, халыққа болсын деп, мәмлекетлик мәпти жоқары қойған, ҳадал адам­ға қарсы ужыбатлы материал таба алмаған. Солай болса да, оны тез-тез биймезгил тергеўге шақырыў, қорқытып қыйнап, руўхый ҳәм физикалық жақтан қорлаўды даўам еткен. Бир сапары тергеў процесинде тергеўшилердиң баслығы Ибрагимов оған абайсыздан желкесине қатаң соққы бергенде ол ушып турып — бул жерде адамды сабап атыр, деп қатты қышқырып есикти теўип сындырып кори­дорға шыққанда тергеўди күтип отырғанлардың зәрреси қалмаған. Хананың қулпы бузылып, есик сынғанын көрип тергеўши — енди сени хулиганлық пенен де айыплайман, деп қорқытады.

Тергеўшилер Генжебектен жүдә зәрүрий материаллар излеў ушын ҳәр қыйлы усылларды пайдаланған. Қарақалпақстан областьлық партия комитетиниң биринши хаткери етип Орайдан жиберилген Какимбек Салықов оны шақырып, келгенинде ҳүрмет пенен күтип алып, «Сиз ҳаққында көп адамлар менен сөйлестим, олар сизге унамлы минезлеме берди. Сиз республика халық хожалығының раўажланыўына белгили дәрежеде үлес қосқансыз. Сизиң басшылық еткен тутыныўшылар коопера­циясы мәкемениң ўазыйпаларына кирмейтуғын жумыслар менен шуғылланған. Сизди бул ислерге Қ.Камалов ийтермелеген, сиз узақ жыллар даўамында Басқарма басшысы болып ислепсиз. Сол дәўирде елди тубалаўшылыққа алып келген, республикада орын алған парахорлық, қосып жазыў ҳәм басқа иллетлерди жақсы билесиз. Соларды жазып берсеңиз, партияның баслап атырған «қайта қурыў» жумысларына үлкен үлес қосқан боласыз. Оннан кейин обком бюросы сиз жөниндеги қарарын бийкарлап, қәлесеңиз Респотребсоюз басқарма баслығы лаўазымына қайтадан тиклеймиз» дегенде Қ.Камаловты қаралап көрсетпе бериўден бас тартқанда ол ашыўланып обком — сиз ҳаққындағы қарарды ҳеш ўақыт бийкарламайды, деп орнынан ушып турып өзиниң жеңилгенин сезген. Оннан кейин қысым бурынғыдан да күшейип, тергеўге шақырылыўдың бәнелери көбейип, ол жийи-жийи тергеўге қатнайтуғын болған. Оған Өзбекстан Орайлық партия комитетиниң секретары болып ислеген Ережеп Айтмуратовтың, қамаўда жатқан республикамыз районларынан партия комитетлериниң биринши секретарьлары үстинен қозғалған жынаятлы ислер бойынша тергеп, олар­ға қарсы көрсетпе бериўди талап еткен. Бирақ, Генжебек олардың ҳеш бирин айыпламады.

«Ең азаплысы ҳәм қорқынышлысы Ташкентте КГБның жайында болды, - деп жазады автор.  — Тергеўшилер мени бул жайға еки мәрте тергеўге шақыртып қорқытыў жолы менен сол ўақтағы Өзбекстан Министрлер Советиниң баслығы Н.Ж.Худайбердиевтың ҳәм Өзбекстан Компартиясының екинши секретары болып ислеген Т.Н.Осетровтың үстинен алып барылып атыр­ған тергеўлердиң айырым эпизодларын гүўа ретинде тастыйықлап бериўди буйырды. Мен қанша қыйналсам да ол азаматларды қаралап, мен көрмеген, билмеген нәрселеримди тас­тыйықлап көрсетпе бериўден бас тарттым», дейди.

Ол тергеўшилердиң турпайы ҳәрекетлери, қорқытыў, руўхый жақтан езиў, физикалық жақтан ҳәлсиретип жала менен қамақта жатқан, тергеўге қатнап жүрип адамларды қаралап көрсетпе бериўди талап етип атырғанлығын толығы менен айтып, 1987-жылы СССРдың бас прокуроры      А.М.Рекунковқа арза жазыўға батылы барған. Ол арзаны тексериў ушын Москвадан Попова деген тергеўши келип, дурыслап тексермей, «тергеў ислериндеги, тергеў жүргизиў ҳәрекетиндеги турпайылықлар тастыйықланбады», деп жуўап берип жәлладларды мақуллаған.

Оның бул ҳәрекети тергеўшилердиң ғәзебин келтирип, Генжебекти руўхый ҳәм физикалық жақтан қыйнаўды көбейтти. Нызамға қарсы жоллар менен үш-төрт күнлеп, гейде ҳәптелеп тергеўди даўам етти. Ҳәттеки, оны қорқытыў, үркитиў сыяқлы террорлық усылды қолланып, оның өмирлик жолдасы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкерин бир нешше мәрте тергеўге шақырып, күйеўиниң Қ.Камалов ҳәм Е.Айтмуратовлар менен бол­ған қарым-қатнасларын, алыс-берислерин тастыйықлап көр­сетпе бериўди талап етти. Бирақ, ол наҳақ көрсетпе бериўден бас тартып, өзиниң ерине, ҳақый­қатлыққа садық, ийманы пүтин, ер жигиттиң ҳақыйқый қостары ҳәм қоллап-қуўатлаўшысы екенлигин көрсетти.

Ол китаптың жуўмағында «тергеўшилер 1986-1989-жыллар даўамында мени 72 мәрте тергеўге шақырып, улыўма 120 күн тергеўде услады. Мениң менен 27 тергеўши жумыс алып барды, тергеўдиң не түрли азапларын тартып, өзим қыйналсам да ҳешкимди сыртынан сатпадым, ҳешкимниң үстинен наҳақтан натуўры көрсетпе бермедим. Сол себепли мен тергеў дәўиринде яки суд процесинде гүўа сыпатында қамақтағы азаматлар менен жүзлесиўге яки олардың судына қатнасыўға шақырылмадым», деп жазады. Бул сөзлерден ке­йин оның тәрбиялылығына, көрегенлигине ҳәм дәўжүреклигине қайыл қалып, белгили ел сүйген қаҳарманлар қатарына қойдым.

Китаптың 349-бетинде —  «Мениң тергеўге қатнап қыйналып жүргенимнен хабардар, улыўма аўқамлық «Билим» жәмийетиниң Қарақалпақстандағы бөлиминиң баслығы, академик Жуманазар аға Базарбаевтың мәрҳаматы бойынша тергеўден ўақытша болса да қашың­қырап жүриў ушын Латвияның пайтахты — Рига қаласындағы өткерилетуғын l5 күнлик семинарға қатнасыў ушын жөнеп кеттим» деген сөзин оқып, және де, сол себеп пенен Ригада үш ай қалғанын билип Генжебектиң қанша қыйналғанына қыйналып, өзимниң ислеген исиме қатты разы болдым.

Улыўма китапты оқып, бул инсанның адамгершилигине, патриот, ержүреклигине қанаатландым, ол биз тәрбиялап атырған бәркамал инсанның образы көз алдыма келип, Генжебектиң мәртлиги жасларға үлги, тәрбия­лық салмағы жоқары екенлигин байқадым. Белгили, талантлы шайыр П.Дабыловтың:

«Ашсам тарийх сағаларын,

Батыр болған бабаларым,

Жаў тутқанда жағаларын,

Ел намысын атламаған,

Халқым менен мақтанаман», - деген мазмунлы қосығы Г.Қурбанов сыяқлы ер жигитлерге арналған, деп ойладым.

Өзбекстанымыз ғәрезсизликке ерискеннен кейин халқымызды қыйнаған жаўызлардың үни өшти. Олар сонша адамларды жазықсыз жылатып, азап берген жәлладлар пейлинен тапты. Кими өлди, кими сотланды, жазықсыз адамлардан тартып ал­ған байлықлары өзлерине буйырмады. Ғәрезсизликтиң шарапаты менен орынсыз айыпланған жазықсызлардың ҳәммеси азатлыққа шықты. Олар ғәрезсизликтиң жемислеринен нәр алып, бахытлы-шадлы өмир сүрип, Өзбекстанның еркинлигин қәстерлемекте.

Сол азап-ақыретли заманда өзин жаўызлардың қармағына илдирмеген, ҳүжданын сатпаған, өзлигин жойтпаған Генжебек Қурбанов ҳәзир ғәрезсизликтиң рәҳәтин, ҳадаллығының нәтийжесин көрип 82 жаста да аттай болып, дос-яранлары менен бирге ойнап-күлип, алғысларға мия­сар болып жасап атыр. Бул әжа­йып инсанға мемуарды оқырманлардың атынан рахмет билдирип, оған беккем денсаўлық тилеп қаламыз.

Ж.БАЗАРБАЕВ,

академик.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF