Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:07:47, 01.05.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЙКАРҒЫ  ХАЛЫҚАРАЛЫҚ-ҲУҚЫҚЫЙ ҲҮЖЖЕТЛЕРДЕ  УЛЫЎМА  ТӘН  АЛЫНҒАН  САЙЛАЎ ПРИНЦИПЛЕРИ  ҲӘМ  МИЛЛИЙ  НЫЗАМШЫЛЫҚ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының Алғы сөзинде Конституция инсан ҳуқықларына садықлықты жәриялап, демократияға садықлықты көрсетип, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларының үстинлигин тән алған ҳалда, инсансүйиўши демокра­тиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўды гөзлеп қабыл етилгенлиги көрсетилген.

Усы жылдың 22-декабринде Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына болып өтетуғын сайлаў Ўатанымыздың жаңа тарийхында оғада әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя болып есапланады. Неге дегенде, мәмлекетимиздиң келешеги, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы ҳәм даўамлылығы, ишки ҳәм сыртқы сиясатымыз сайлаўшылар қабыл ететуғын қарарға байланыслы.

Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тий­карғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында әмелге асырылып атырған реформалар басқышпа-басқыш ҳәм избе-из түрде даўам етпекте. Ең әҳмийетлиси, Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген реформа бағдарлары өз-ара тығыз байланыслы болып, бир-бирин талап етеди. Мысал ушын, сайлаў еркинлигин тәмийинлемей турып, мәмлекет ҳәм жәми­йет қурылысын демократияластырыўды көз алдыға келтирип болмайды. Яки болмаса, сайлаўшылардың ҳуқықларының суд тәрепинен қорғалыўын тәмийинлеместен, демократиялық сайлаў системасын жаратып болмайды.

Мәмлекетимизде демократия ҳәм инсан ҳуқықларын, соның ишинде, сайлаўға байланыслы ҳуқықларды тәмийинлеўде халық­­аралық стандартлар әҳми­йетли дерек болып хызмет етеди.

Сайлаўға байланыслы халық­аралық стандартлар Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ), Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), Парламентлер аралық аўқам, Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы (ҒМДА) сыяқлы структуралардың бир қатар ҳүжжетлеринде өз көринисин тапқан.

Сайлаўға байланыслы әҳми­йетли қағыйдалар Инсан ҳуқықларының дүнья жүзилик декларациясында (1948-жыл), Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық Пактте (1966-жыл), Расалық кемситиўдиң барлық түрлерин саплас­тырыў ҳаққындағы халықаралық Конвенцияда, Расалық кемситиўдиң барлық түрлерин саплас­тырыў ҳаққындағы БМШ Декларациясында, Еркин ҳәм әдалатлы сайлаў принциплери ҳаққындағы Декларацияда, ЕҚБШниң Инсаныйлық өлшемлери бо­йынша Копенгаген ҳүжжети, ҒМДАға қатнасыўшы мәмлекетлерде демократиялық сайлаўлар, сайлаўға байланыслы ҳуқықлар ҳәм еркинликлер стандартлары ҳаққындағы Конвенцияда беккемлеп қойылған.

Соны атап өтиў керек, өткен жыллар даўамында миллий сайлаў нызамшылығымыз усы халық­аралық сайлаў стандартларына муўапық раўажланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги 4004-санлы қарарында сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оларды өткериў, сондай-ақ, пуқаралардың конс­титуциялық сайлаў ҳуқықларының әмелге асырылыўын тәми­йинлеў бойынша улыўма тән алынған халықаралық принциплер ҳәм стандартларды есапқа алып, сайлаў системасы ҳәм нызамшылығын басқышпа-басқыш либералластырыў Өзбекстан Республикасы сайлаў системасын буннан былай да жетилистириўдиң ең әҳмийетли бағдарларының бириншиси етип белгиленген.

Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексин қабыл етиўден гөзленген мақсетлерден бири де әйне заманагөй халықаралық сайлаў стандартларын есапқа алып, сайлаў системасының ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў еди.

Жоқарыдағы қарар тийкарында Орайлық сайлаў комис­сиясының қурамында Сайлаў нызамшылығы ҳәм заманагөй технологиялар бойынша оқыў орайы шөлкемлестирилген болып, миллий сайлаў нызамшылығының улыўма тән алынған халықаралық принциплери ҳәм стандартларына муўапықлығын системалы рәўиште мониторинг етип барыў усы орайдың тий­карғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленген.

Еркин ҳәм әдалатлы сайлаў принциплери ҳаққындағы Декларацияның 4-пунктинде турақлы ҳақыйқый еркин ҳәм әдалатлы сайлаўлар өткериў ушын халық­аралық ҳуқықый миннетлемелерге муўапық рәўиште мәмлекетлердиң ҳуқықларын кепил­лестириўди тәмийинлеў мақсетинде нызамлар қабыл етиўи ҳәм басқа да илажларды көриўи лазымлығы белгиленген. Сайлаў кодексиниң қабыл етилиўи де мәмлекетимизди әйне усы талаптан шетке шықпай, избе-из түрде орынланғанынан дерек береди.

Халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерде сайлаўға байланыслы стандартлар, ең тийкарғы принцип ҳәм қағыйдалар сыпатында улыўма, тең, туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы, жасырын даўыс бериў жолы менен сайлаў, еркин ҳәм әдалатлы, ҳақыйқый сайлаў өткериў белгиленген.

Өзбекстан Республикасының Конституциясында пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў, сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәр бир сайлаўшы бир даўысқа ийелиги, даўыс бериў ҳуқықы, өзиниң ерк-ықрарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлигиниң нызам менен кепиллестирилиўи белгилеп қойыл­ған.

Тийкарғы нызамымызға муўапық, сайлаўлар улыўма, тең ҳәм туўрыдан-туўры сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи. Өзбекстан Республикасының он сегиз жасқа толған пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 4-статьясына тийкар, пуқаралар жынысы, расасы ҳәм миллети, тили, динге мүнәсибети, социаллық келип шығыўы, исеними, жеке ҳәм социаллық статусы, мағлыўматы, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, теңдей сайлаў ҳуқықына ийе.

Конституциямыздың 117-статьясына кирген өзгерислерге ҳәм Сайлаў кодексимизге тийкар, ендигиден былай социаллық қәўпи жоқары болмаған, онша аўыр болмаған жынаят ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахсларға сайлаўда қатнасыў, яғный, сайлаў ҳуқықы берилди. Бул болса еркинен айырыў орынларында сайлаў участкаларының дүзилиўи мүмкинлигин Кодекстиң 10, 27-статьяларында беккемлеў имканиятын берди. Булардың барлығы болса улыўма сайлаў ҳуқықы принципиниң және де кеңирек тәмийинленгенинен, халықаралық стандартлар талапларының имплементация етилгенинен дерек береди.

Сайлаў кодексинде «бир сайлаўшы ­ бир даўыс» принципин әмелге асырыўды тәмийинлейтуғын Өзбекстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизимине байланыслы қағыйдалар белгиленди.

Халықаралық стандартларда мәмлекетлер миллий нызам шығарыўшы уйымның ҳеш болмаса бир палатасындағы ҳәмме мандатлар улыўмахалықлық сайлаў процесинде талабанлардың еркин тартысыў объекти болыўына жол қойылыўы лазымлығы белгиленген. Усы мәнисте Сайлаў кодексимиздеги ең үлкен жаңалықлардан бири ­ бул сиясий майданның толық сиясий партияларға берилиўи, Эколо­гиялық ҳәрекетке қойылған квотаның шығарып тасланғанында көринеди. Ендигиден былай сия­сий партиялар Нызамшылық палатасына болып өтетуғын сайлаўда 135 емес, ал, толық 150 сайлаў округинде талабанлар көрсетиў ҳуқықына ийе болады, бул болса миллий нызам шығарыўшы уйымның бир палатасындағы барлық мандатлар улыўмахалықлық сайлаў процесинде талабанлардың еркин тартысыў объекти болыўын тәми­йинлейди.

Халықаралық стандартларда ҳәр бир қатнасыўшы-мәмлекетлер ҳаял-қызларға еркеклер менен бирдей шараятларда ҳеш бир кемситиўсиз сайлаўларда даўыс бериў ҳуқықы ҳәм ашықтан-ашық сайланатуғын уйымларға сайланыў ҳуқықының тәмийинлениўи лазымлығына байланыслы талаплар белгиленген.

Конституциямыздың 46-статьясына көре, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер тең ҳуқықлы. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басламасына көре, 2019-жыл 2-сентябрьде «Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Бул нызамның 4-бабы өз алдына «Сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўда ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм де имканиятлар кепилликлери»не бағышланған. Оған көре, ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыўда тең ҳуқықларға ийе. Сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар көрсетиўде ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқық ҳәм де имканиятлар тәмийинленеди.

Мәмлекетимизде өткен барлық сайлаўларда ҳаял-қызлардың ҳуқықларының тәмийинленгенлигин бул мәселе бойынша бир мәрте болса да судларға шағым келип түспегенинен де билип алыў мүмкин.

Егер бурын нызамларда тек Орайлық сайлаў комиссиясына жумысының ҳуқықый тийкарлары, бийғәрезлик, жәриялылық принциплери, жумысына араласпаў сыяқлылар белгиленген болса, ендигиден былай Сайлаў кодексинде барлық сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысларын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез түрде әмелге асырыўы белгилеп қойылды.

Бурын мәҳәлледен бақлаўшылар тек халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўларда ғана қатнасыўы нәзерде тутылған еди. Ендигиден былай Сайлаў кодексине көре, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылар барлық сайлаўларда қатнасыўы мүмкинлиги белгиленди. Бул сайлаўлар үстинен пуқаралық бақлаўды, жәриялылықты тәмийинлеўге, сайлаў процесине жәмийетшиликтиң исениминиң артыўына фактор болып хызмет етеди.

Жоқарыда баян етилген пикирлердиң барлығы миллий сайлаў нызамшылығымыздың тийкарғы халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерде улыўма тән алын­ған сайлаў принциплери ҳәм стандартлары талапларына муўапық келиўинен, пуқаралардың мәмлекеттиң ўәкилликли уйымларына сайлаў ҳәм сайланыўы менен байланыслы конститу­циялық ҳуқықларының әмелге асырылыўы ушын беккем кепилликлер белгилеп қойылғанынан дерек береди.

Нилуфар

САИД-ГАЗИЕВА,

Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының аға эксперти,

юридика илимлериниң докторы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF